Ҳәдис илиминде «Сиҳаҳи ситта» деген термин кең тарқалған болып, оннан ең саҳиҳ ҳәдислер топламы болған алты китап түсиниледи. Сол «сиҳаҳи ситта» китапларынан бири уллы ўатанласымыз Әбиў Ийса Муҳаммад ат-Термизийдиң «Сунани Термизий» атлы китабы есапланады.
«Мусталаҳул ҳәдис» (Ҳәдис терминологиясы) илими ҳәдис илимине кирисиў ретинде қолланылып, онда ҳәдис китапларында қолланылатуғын истилаҳлар (терминлер), муҳаддислердиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар ҳәм ҳәдис илимине байланыслы басқа да мағлыўматлар үйрениледи. Мысал ретинле, саҳиҳ, ҳасан, зайыф, мункар, мурсал, музал ҳтб
Бул мақаламызда «Сунани Термизий»де көп қолланылған еки термин ҳаққында тоқталып өтиўге уйғардық.
«Сунани Термизий» китабында ҳəдислердиң дəрежелерин белгилеўде еки сөз дизбеги қолланған:
Термизий айырым ҳəдислерди «ҳасан-cаҳиҳ» ямаса «ҳасан-ғариб» деп, ямаса «саҳиҳ-ғариб» ҳəм «ҳасан-саҳиҳ-ғариб» деп атайды. Бирақ бул сөз бирикпелерин тәрийплемейди. Мысалы, бир ҳəдисти «саҳиҳ» деп ямаса «ғариб» деп атағанында, буның тарийпин айтпаған. Бул терминлер муҳаддислер нәзеринде түсиникли болғаны ушын тарийплеўди мақул көрмеген болыўы мүмкин. Бирақ әжепленерлиси, тек ғана «ҳасан»ның тарийпин келтиреди. Бул белгисиз бир атама ямаса жаңа бир термин болғаны ушын тарийплеўге мүтәжлик сезген шығар, деген пикирдемиз.
Термизийден алдынғы муҳаддислардиң дөретпелеринде «ҳасан» сөз дизбегине дус келген болсақта, бирақ ҳəдисти «ҳасан, саҳиҳ ҳəм зайыф» деп үш бөлекке бөлип, «ҳасан» сөзин дəслепки мəрте илимий термин ретинде қоллаған муҳаддис имам Термизий болып табылады.
Термизий «ҳасан» терминин өзиниң китабында былай тәрийплейди: «Бул китабымызда «бул ҳəдис ҳасан» деген ўақтымызда биз санадтың ҳасан екенлигин нəзерде тутамыз. Себеби рәўийи өтирикши деп гүман етилмеген ҳəр бир ҳəдис, егер шазз болмаса, ол ҳəдис бизиң пикиримизге көре, ҳасан ҳәдис болады».
Ибн Салаҳ «Бул ҳəдис ҳасан-саҳиҳ» деген сөз дизбеги ҳаққында былай дейди: «Термизий ҳəм басқалар (Яҳя ибн Маъийн, Ибн Әбий Шайба, Әбиў Әлий Ат-Тусий ҳəм усылар сыяқлы басқа муҳаддисларди нәзерде тутқан) қоллаған «бу ҳəдис ҳасан» деген сөз дизбегинде түсиниксизлик бар. Өйткени «ҳасан»ның мəртебеси «саҳиҳ»тиң мəртебесинен төмен турады. Бир ҳəдисте бул еки терминди бирден қолланыў ақылый тәрептен дурыс емес. Себеби саҳиҳ ҳәдис басқа, ҳасан ҳәдис басқа.
Ибн Салаҳ бул түсиниксизлик бойынша былай жуўап қайтарады:
«Бириншиден: бул сөз дизбегиниң қолланыўы санадга тийисли. Ҳәдис еки санад пенен рəўият қылынады. Егер санадлардың биреўи ҳасан, екиншиси саҳиҳ болса, бул ҳəдисти «ҳасан-саҳиҳ» деп айтыў туўры болады. Яғный ҳəдис бир санадқа көре – ҳасан, екинши санадқа көре – саҳиҳ болады.
Екиншиден: Бул орында «ҳасан» сөзи термин ретинде емес, негизги лексикологиялық мәнисинде қолланылған болыўы да мүмкин. Сөзликте, инсанға жағымлы болған нәрсеге «ҳасан» деп айтылады».
Ибн Салаҳтың жуўабының биринши бөлимине қарсы пикир билдирилген. Себеби Термизий тек бир ғана санады болған ҳəдиске де «ҳасан-саҳиҳ» терминин қолланған. Солай екен, «ҳасан» сөзи бул орында лексикалогиялық мəнисинде қолланганын атап өтиў бул түсиниксизликтиң алдын алыў ушын ең муўапық жол болып табылады.
Бунан тысқары, «саҳиҳ-ҳасан» сөз дизбеги «ҳасан» менен «саҳиҳ» ортасындағы бир дәреже, деп айтатуғын муҳаддислер де бар.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты
мударриси К.Нажиматдинов