2024-жыл 29-октябрь күни «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты мәжлислер залында Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қанигеси Х.Незаметов ҳәм Диний экстремизм ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ терроризмге қарсы гүресиӯ басқармасы бөлим баслығы Н.Тажимуратовлар билим журты талабалары менен ушырасыӯ өткерди.
Илажға келген қəнигелер социал-руўхый саламат орталықты жəнеде жақсылаӯ, жасларды түрли жат идеялар тəсиринен асыраў, пуқаралар тəрепинен нызамға қарсы диний билим бериў жағдайлары ҳəм оның ақыбетлери, усы жағдай туӯралы нызамшылықта белгиленген нормалар ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге ҳəзирги күнде социал тармақлардан пайдаланғанда абайлы болыўды, социал тармақ мəдениятына əмел қылыўды, қадаған етилген ҳəм усыныс етилмеген сайтлардан узақ болыўды айтып өтти.
Соның менен бирге, билим журтында билим алып атырған талабаларға əдеп-икрамлылық бойынша өрнек болыӯларын ескертти. Илаж соңында талабалар тəрепинен берилген сораў, усыныс ҳəм ой-пикирлерге толық жуўап берилди.
Билим журты баспасөз хызмети