Усы жылдың 06-15 октябрь күнлери аралығында «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты киши спорт майданшасында «Спорт — саламатлық гиреўи» ураны астында жарыс шөлкемлестирилди.
Бул футбол жарысы дерлик еки ҳәпте даўамында жоқары кейпиятта, саламат бәсеки руўхында өтти. Талабалар өз командалары менен жеңис ушын гүресер екен, өз-ара ҳүрмет, жәмәәтлик ҳәм спортқа болған меҳирлерин көрсетти. Беллесиўлерде ҳәр бир топар жеңиске мүнәсип ойын көрсетти, тамашагөйлер болса ҳәр бир гол ҳәм ҳәрекетти қызғын алғыслар менен бақлап барды.
Атап ѳтетуғын болсақ, бул жарыс А-В-С топар болып үшке бөлинип ҳәр бир топарда үш төрт командадан жәмленип жәми 11 команда болып ойынға қатнасты. Жарыстың дәслепки ойынында А топарынан, В топарынан ҳәм С топарларынан жеңимпазлар анықланып, кейинги басқышқа жоллама алды.
Бүгин 15-октябрь күни беллесиўдиң ярым финал ҳәм финал басқышлары болып өтти.
Бул жарыс қызғын мәўритлерге бай болды десек, асыра айтқан болмаймыз.
Беллесиў жуўмағына көре, 4-Б курс талабаларынан дүзилген топар 3-орынды ийеледи. 2-А курс талабаларынан дүзилген топар 2-орынды ийеледи. 4-С курс талабаларынан дүзилген топар 1-орынды ийеледи.
Жеңимпаз болған топарлар билим журты жәмәәти тәрепинен тарялап қойылған 1-2-3-дәрежели диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ жарыс барысында ең жақсы дарўазабан, ең жақсы хүжимши, ең жақсы ойыншылар анықланып оларда хүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша секретариат басқарыўшысы Ж.Юсупов ҳәм де билим журты директоры Ж.Абдиразаковлар жарыс қатнасыўшыларын жеңислери менен қутлықлап, алдағы оқыӯларында табыслар тиледи.
Билим журты баспасѳз хызмети