30-сентябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында «1-октябрь – оқытыўшы ҳәм тәрбияшылар күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажда билим журты оқытыўшы-устазлары ҳәм де талаба жаслары қатнасты.
Илажды билим журты директоры Жалалатдин Абдиразаков ашып берди ҳәм жыйналғанларды «1-октябрь – оқытыўшы ҳәм тәрбияшылар күни» байрамы менен қутлықлады.
Кешеде Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретиниң оқытыўшы ҳәм тәрбияшылар күни мүнәсебетине арналған байрам қутлықлаўы сөзин билим журты оқытыўшысы И.Аллаяров оқып еситтирди.
Соң кешемиз мийманы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов «Устазлық уллы неъмат» атамасында баянат жасады ҳәм устазларды байрам менен қутлықлады.
Илаж барысында талабалар тәрепинен устазларға арналған қосық қатарлар оқып еситтирилип кешемизге өзгеше пайыз инам етти.
Ҳеш бир инсан өзине биринши ҳәрипти үйреткен устазын ядынан шығара алмайды, десек, асыра айтқан болмаймыз.
Әзиз устазлар байрамыңыз мүбәрек болсын!
Билим журты баспасөз хызмети