XIX әсир ақыры — XX әсир басларында Түркстан үлкесинде жәмийетлик-сиясий турмыста түпкиликли өзгерислер жүз бере баслады. Россия империясы колонизаторлығы шараятында жергиликли халықлар социаллық-мәдений жақтан артта қалып, заманагөй илим ҳәм технологиялардан шетте қалды. Усы дәўирде жадидшилик ҳәрекети миллетти ояныў, илим-ағартыўшылық ҳәм раўажланыўға бағдарлаў идеясы менен майданға шықты. Оның ен ири ўәкиллеринен бири Махмудхожа Беҳбудий (1875-1919) болып, ол өзиниң педагогикалық, публицистикалық ҳәм сиясий искерлиги арқалы илим ҳәм технологиялардың үлкеде раўажланыўына үлкен тәсир көрсетти.
Билимлендириў ҳәм жана усыл мектеплери
Беҳбудий жадидшилик идеясының әмелиятқа енгизилиўинде әҳмийетли рол ойнады. 1903-жылдан баслап ол Самарқандта жаңа усыл мектеплер ашыў басламасы менен шықты. Бул мектеплерде тек ғана Қуран ҳәм диний билимлер емес, бәлким:
есап (математика),
география,
тарийх,
тәбияттаныў,
рус тили ҳәм араб тили оқытылды.
Жаңа усыл мектеплериниң нәтийжелилиги ҳаққында Беҳбудий өз мақалаларында атап өтип, заманагөй пәнлерди үйрениў миллетти жаўызлықтан алып шығатуғын бирден-бир жол екенин дәлиллеўге умтылған.
Илимий ҳәм әдебий мийрас
Беҳбудий бир қатар оқыў қолланбаларын жаратты. Соннан:
«Китобат ул-атфол» — баслаўыш класс оқыўшылары ушын саўат үйретиў сабақлығы;
«Рисолаи жуғрофияи умумий» (1903) — география пәнинен жазылған қолланба, онда Европа ҳәм Азия мәмлекетлери ҳаққында илимий мағлыўматлар келтирилген;
«Әмелияты ислам» — диний мәресимлердиң әмелий қолланбасы, бирақ онда да ағартыўшылық түсиниклер жәмленген.
Бул шығармалар өз дәўири ушын илим жетискенликлерин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаған әҳмийетли дереклерден еди.
Баспасөз ҳәм публицистика
Беҳбудий 1913-жылы Самарқандта «Самарқанд» газетасын, 1914-жылдан баслап болса «Айна» журналын шөлкемлестирди.
«Самарқанд» газетасында ол билимлендириў, сиясат, жәмийет ҳәм технология жаңалықларына байланыслы мақалалар жәриялады.
«Айна» журналы болса илимий-ағартыўшылық бағдарда болып, онда дүнья халықларының раўажланыўы, илимий жетискенликлери, техникалық ойлап табыўлар ҳаққында турақлы түрде мақалалар басып шығарылды.
Мәселен, «Айна» бетлеринде электр энергиясы, темир жол, полиграфия сыяқлы жаңалықлардың Орта Азия ушын әҳмийети талланған. Бул арқалы Беҳбудий халықты дүнья раўажланыўынан хабардар етиўге умтылған.
Театр ҳәм социаллық пикир оятыў
1913-жылы жазылған «Падаркуш» драмасы өзбек драматургиясында дәслепки сахна шығармасы сыпатында тарийхта қалды. Шығармада саўатсызлық, наданлық, илимге итибарсызлық ақыбетлери ашып берилген. Беҳбудий театрға ағартыўшылықты үгит-нәсиятлаў қуралы сыпатында қарап, оны кең халық массасына заманагөй идеяларды сиңдириўде әҳмийетли деп есаплаған.
Жуўмақ
Беҳбудий хызмет көрсеткен дәўирде Орайлық Азияда тийкарғы билимлендириў мәкемелери ески усылдағы мектеплер еди. Бирақ мектеплердеги билимлендириў системасы орта әсирлерден берли дерлик өзгермей киятырған еди. Беҳбудий ески мектеплердиң заманагөй илимлерге бийпәрўа екенлигин сынға алған. Оның пикиринше, халықты саўатлы ҳәм раўажланыўшы етиў ушын жаңа усылдағы билимлендириў керек еди. Сол себепли ол бул мектеплер арқалы жас әўладты илим ҳәм заманагөй билимлер менен таныстырыўға ҳәрекет етти. Беҳбудий жадид мектеплери ушын арнаўлы оқыў бағдарламаларын ислеп шықты. Ол төмендеги жаңалықларды енгизген:
Саўат ашыўдың тез усылы — Беҳбудий усылы менен олар тек бир неше ай ишинде жазыў ҳәм оқыўды үйрениўи мүмкин еди.
Заманагөй пәнлерди киргизиў — математика, география, тарийх, тәбияттаныў сыяқлы пәнлерди үйретиў арқалы балалардың ой-пикирин раўажландырыўға умтылған.
Сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын жаратыў — Беҳбудий заманагөй оқыў қолланбаларын ислеп шығыўға ҳәрекет еткен.
Беҳбудий билимлендириў тараўында тек әмелий искерлиги менен емес, ал илимий-дөретиўшилик бағдарда да үлкен үлес қосқан. Ол түрли газеталарда билимлендириў ҳәм миллий ояныў темасында мақалалар жазған, оқыўшылар ушын қолланбалар жаратқан. Жоқарыда айтып өткенимиздей оның ең әҳмийетли шығармаларынан бири «Падаркуш» драмасы болып, онда ески ҳәм жаңа дүнья арасындағы қарама-қарсылық, жаўызлық ҳәм илим арасындағы гүрес сәўлелендирилген.
Ол билимлендириў бойынша төмендеги пикирлерди алға қойған:
«Илимсиз халық — келешеги жоқ халық.»
«Биз өзимизди дүньялық илимлерден шеклесек, миллет сыпатында жоқ боламыз»
«Балаларымызды тек ғана ески билим менен шеклемей, оларға жаңа билимлер бериўимиз керек.»
Беҳбудийдиң бул пикирлери оның билимлендириўге болған жоқары итибарын ҳәм раўажланыўға исенимин көрсетеди.
Маҳмудхожа Беҳбудий илим ҳәм технологиялардың раўажланыўына қосқан үлеси шексиз. Ол жаңа усыл мектеплери арқалы заманагөй пәнлерди оқытыўға тийкар салды, сабақлық ҳәм қолланбалар менен билимлендириўди байытты, баспасөз ҳәм театр арқалы илимий-ағартыўшылық идеяларды кең халық массасына жеткерди. Беҳбудий идеялары себепли XX әсир басларында жәмийетте илимге қызығыў ҳәм технологиялық жаңалықларга умтылыў процеси тезлести.
Бүгинги күнде де оның мийрасы жасларды илимге, технологияға ҳәм миллий раўажланыўға хызмет етиўге ийтермелейтуғын шексиз қәдирият болып қалмақта.
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Б. Абдираманов