Бүгин 3-сентябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында жаңа оқыў жылының ашылыў кешеси болып өтти.
Бүгинги салтанатлы кешеге билим журты директоры басшылығында оқытыўшылар, исши-хызметкерлер ҳәм талаба жаслар қатнасты. Мәмлекетлик гимнимиз жаңлағаннан соң салтанатлы илажды билим журты директоры Ж.Абдиразаков ашып берди ҳәм оқытыўшы ҳәм де талабаларды жақында ғана өткерилген Ғәрезсизлигимиздиң 34-жыллық байрамы ҳәмде басланып атырған жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, талабаларға илим-билим алыўда күш-ғайрат ҳәм табыслар тиледи.
Кешеден соң топар басшылары өзлерине бириктирилген курс талабаларын өз топарларына алып кирип, Өзбекстан мусылманлар басқармасы тәрепинен усыныс етилген бағдарлама тийкарында таярланған «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» ураны астында «Ғәрезсизлик сабағын» өткерди.
Сондай-ақ, сабақта соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, диний-ағартыўшылық тараўда ерисилген нәтийжелер, унамлы өзгерислер айрықша атап өтилди.