Усы жылдың 25-июнь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында “ХАТМАНА – 2025” питкериў кешеси болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, билим журты директоры Ж.Абдиразаков, билим журты оқытыўшы-хызметкерлери, талабалар қатнасты.
Илаж Қураны кәрийм тиләўаты ҳәм дуўалар менен басланды.
Илажда кешемиз мийманы Б.Разов сөзге шығып, питкериўшилерге алдында турған жуўапкершиликли ислери ҳақкында тоқтап және бир мәрте ескертип өтти ҳам ийгиликли ислеринде табыслар тиледи.
Кейин сөзге билим журты директоры Ж.Абдиразаков шығып, соңғы жыллары қолға киргизилген билим журтының жетискенликлери, ерискен нәтийжелерин еслеп өтти ҳәм бул нәтийжелерде бүгинги питкериўшилердиң де үлеси бар екенин айтып өтти.
Илаж соңында билим журты талабалары тәрепинен Қуран тиләўат қылынып, саўабы Ўатанымыз, халқымыз, динимиз ушын усы елде хызмет еткен уламаларға, устазларға ҳәм басқа да марҳумларға бағышланды.
Усы тәризде «Хатмана – 2025» питкериў кешеси көтериңки руўхта жуўмақланды.