Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2021-жыл 24-май сәнесиндеги 01А/66-санлы “Билим журтлары питкериўши курс талабаларының Жуўмақлаўшы аттестациясы Нызамын тастыйықлаў ҳаққында” ғы буйрығына тийкар, 2025-жыл 19-июнь сәнесинде Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талаба жасларының Улыўмалық пәнлерден (Өзбекстан тарийхы, Миллий идея, Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы) Мәмлекетлик аттестация имтиҳанлары алынды.
Бул өткерилген имтиҳан Питкериўшилердиң билим, қәнигелик көнликпелериниң орта арнаўлы ислам билим журты қәниге талапларына муўапық келиўин комплекс баҳалаў, аттестация жуўмағы бойынша оларға академик дәреже бериў, аттестация имтиҳанларының әдалатлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде билим журты ишки буйрығы тийкарында дүзилген аттестация комиссиясы ағзалары қатнасында алынды.
Аттестация имтиҳан жумысын билим журты оқыў ислери бойынша директор орынбасары С.Кудайбергенов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Ол өз сөзинде мәмлекетлик аттестация комиссиясы қурамы менен таныстырып өтти. Имтихан баырысы, жазылыў тәртиби, Мәмлекетлик аттестация Нызам талабларын түсиндирип ѳтти.
Улыўмалық (Өзбекстан тарийхы, Миллий идея, Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы) пәни бойынша дүзилген Мәмлекетлик аттестация имтиҳаны комиссия қурамы төмендегише:
Комиссия баслығы T.Kулниязов – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары, Педагогика илимлери бойынша философия докторы
Комиссия баслығы орынбасары С.Сапаров – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Шет тили ҳәм әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы. Филология илимлери бойынша философия докторы.
Комиссия ағзалары: Н.Жалғасов – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Шет тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти, Филология илимлери бойынша философия докторы.
К.Ергалиев – Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри орынбасары ўазыйпасын атқарыўшысы.
Р. Матназаров – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети стажёр оқытыўшысы,
А.Ережепов – билим журты Ѳзбекстан тарийхы пәни оқытыўшысы ҳәм Т.Упаев – комиссия қурамы хаткери, имтиҳан алыўшы Ҳуқықтаныў пәни оқытыўшысы.
Имтиҳан белгиленген критерияларға сай тәризде болып, кеўилли түрде жуўмақланды.
Билим журты баспасөз хызмети