2025-жыл 25-апрель күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында уллы ойшылларымыздыӊ бири Нажмиддин Кубро ҳәм Алихонтура Соғуний ҳәзиретлериниӊ өмир жолы дөретиӯшиликлери ҳаққында ис-илаж өткерилди. Илажға билим журты директоры Ж.Абдиразаков, Руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық ислери бойынша директор орынбасары Ж.Умирзаков, Бердак атындағы ҚМУниӊ өзбек тили факультети, өзбек тили ҳәм әдебияты пән оқытыӯшысы А.Бобожанов ҳәмде ҚМУ талабасы А.Кучкоровлар қатнасты. Сондай-ақ, илаж барысында ойшылларымыз өмир жолы ҳәм дөретиӯшилиги ҳақкында баянатлар оқылды.
Мусылман дүньясындағы ең күшли суфизм данышпанларынан бири уллы ўатанласымыз шайх Нажмиддин Кубро болып есапланады. Абул-Жанноб ҳәм Таматул Кубро лақабларына ийе болган суфизмниң Кубравия силсиласының тийкарын салыўшысы Нажмиддин Куброның толық аты Аҳмад ибн Умар ибн Муҳаммад Хивақий ал-Хорезмий. Мысырда Рузбехан Ваззон ал-Мисрий (өлими 584/1188) деген алым дәргайында билим алады. Ал-Мисрий болса, өз нәўбетинде, белгили суфизм данышпаны Абу Нажиб ас-Сухравардийден тәлим алған еди.
Алихонтөра Шокирхонтөра улы Соғуний Түркстанның атақлы алымы ҳәм жазыўшысы, үлкен мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сәркарда, Шығыс Түркстан ислам республикасынын биринши президенти ҳәм маршали еди. Ол бизиң ерамыздың 1885-жылы Түркстан үлкесиниң Тоқмақ қаласында туўылған (Әдебий лақабы туўылған қаласының әййемги аты Баласағун менен байланыслы). Жақсы билим алған Алихантәра уллы алым ҳәм сиясий искер болып жетисти. Тәфсир, ҳәдис, фиқҳ илимлериниң билимданы, ағартыўшы ҳәм тақўа инсан еди. Өмириниң үлкен бөлимин Шығыс Түркстанда миллий-азатлық ҳәрекетин басқарыў исине сарплады, Түркстан қайғысы ҳәм миллет дәрти менен жасады. Бир неше шығармалары бар ҳәм т.б шығармаларды өзбек тилине аўдарған.