Усы жылдың 26-апрель күни, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында жат идеялардыӊ мазмуны ҳәм әҳмийети ҳақкында сәӯбет өткерилди.
Бул жат идеялар ҳақкындағы сәӯбетке билим журты руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Ж.Умирзаков, оқыў методикалық бирлеспеси баслығы О.Шамуратов ҳәм билим журты 4-курс талабалары қатнасты.
Сәӯбетлесиӯ барысында Ж.Умирзаков ҳәмде О.Шамуратовлар тәрепинен жат идеялар бойынша бир қанша мағлыўматлар айтып ѳтилди.
Сондай-ақ талабаларды инсаныйлық, ўатан сүйиўшилик хадаллық ҳәм пәклик сыяқлы идеяларды қоллап-қуўатлаў, кең пейиллик, әдеп-икрамлылық сыяқлы инсаный пәзийлетлерди раўажландырыў, түрли ағымлардың жат идеялы жалған тәсирлерине түсип қалған шахсларды туўры жолға қайтарыў, оларға ислам дини арқалы Қураны кәрийм ҳәм ҳәдийслердиң тийкарғы мәнисин туўры жеткериўге хызмет қылыўы болып есапланады.