Усы жылдың 15-апрель күни, Нөкис қаласы «Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтының жазғы спорт майданшасында мини-футбол бойынша «Қазыят кубоги» финал ойыны болып өтти.
Финал жарысында Нөкис қаласы «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтының «Дослық» командасы 1-орын жеңимпазы болды.
Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларынан дүзилген «Дәўқара» командасы 2-орын, Нөкис қаласы диний хызметкерлеринен дүзилген «Арал» командасы 3-орын жеңимпазы болды. Командалар ортасында болып өткен финал ойыны шөлкемлескенлик жағдайында, қызғын өтти.
Жарыста жеңимпаз болған командалар ҳәм де жақсы ойын көрсеткен футбол ойыншыларына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмәәтлик фонды тәрепинен естелик саўғалары берилди.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар жарыс қатнасыўшыларын жеңислери менен қутлықлап, алдағы ўақыттағы жумысларында табыслар тиледи.
Билим журты баспасөз хызмети