15-март күни пайтахтымыз Нөкис қаласында Наўрыз улыўма халықлық байрамы алдынан қала ҳәкимлигиниң басламасы тийкарында «Таза қала» акциясы жоқары шөлкемлескенлик пенен басланды.
Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» сүрени тийкарында өткерилип атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажларына Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтының оқытыўшы хызметкерлери ҳәм талаба-жасларынан ибарат адамлар белсене қатнасты.

Акция қатнасыўшылары билим журты аймағында қоршаған орталықты шығынды ҳәм жабайы шөплерден тазалаў, жап-салмалардың бойларын, егислик жерлерди нәл егиўге таярлаў, декаратив тереклердиң түплерин ҳәклеў сыяқлы жумысларды алып барды.

 Билим журты баспасөз хызмети