2025-жыл 6-январь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтында қысқа мүддетли қәнигелигин арттырыў семинары басланды.
Бүгинги семинар лекторы Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог-кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы профессор-оқытыўшысы Өтениязова Палзада болды.
Семинарға билим журтының директоры, директор орынбасары, бөлим баслықлары ҳәм педагог оқытыўшылар қатнасты.
Семинарда билим журтының оқытыўшылары сабақ өтиў барысында билим журтының оқыў-методикалық, руўхый-ағартыўшылық дәрежесин асырыў, заманагөй педагогикалық усылларды ең жайдырыў, билим бериўдиң сыпатын жақсылаўға хызмет қылыўы, оқыў семинарларды арнаўлы оқыў реже ҳәм сабақ кестеси тийкарында заманагөй ахборот технологиялар ҳам интерактив усыллардан пайдаланған ҳалда өтиў кереклиги айтып өтилди.
Билим журты баспасөз хызмети