Әбиў Даўыт раҳимаҳуллаҳтан рәўият қылынады: Пайғамбар алайҳиссалам: «Сапларыӊызды бир-бирине тийгизип турыӊ. Саплардыӊ арасын бир-бирине жақын қылыӊ, бойларыӊыз да теӊ турсын. Аллаҳқа ант ишип айтаман, мен шайтанныӊ қозыдай болып, саплардыӊ арасында жүргенин көремен» деди. Бул ҳәдисте саплардыӊ арасын ашық қылмаў, егер ашық жер турған болса, дәрҳал оны толтырыў кереклиги уқтырылып атыр.
Басқа бир ҳәдисте болса: «Сапларыӊыздыӊ тегислеӊ. Желкелериӊизди де тегис услаӊ. Бос жерлерди қалдырмаӊ. Ким саптағы ашық жерди толтырса, сапты қосса, Аллаҳ таала да сол бенде менен арасын жақынластырады. Ким бир сапты үзсе, Аллаҳ таала да оныӊ менен байланысты үзеди» деген. Имам Аҳмад ҳәм Имам Әбиў Даўыт рәўияты;
Демек, ҳәдислердиӊ мазмунынан мешитте намазханаға намаз оқыў ушын келген ўақтымызда, парыз намазына иқамат айтылған ўақытта саптыӊ арасында бос жерди көрсеӊиз, сол жерди толтырып алыў керек екени ҳәм қасыӊызға сапты толтырыў ушын келген адамға қарата қопал мәмиле де болмаў кереклигин билип алсақ болады.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Периштелер Аллаҳ тааланыӊ алдында сап тартқандай сапқа турмайсыз ба? деди. Я Аллаҳтыӊ Расулы, периштелер қандай сапқа дизиледи? деп сорады саҳабалар. Сонда Пайғамбар алайҳиссалам: «Биринши сапты толтырады ҳәм бир тегис болып турады» деди. Имам Муслим ҳәм Имам Әбиў Даўыт рәўияты;
Саплардыӊ арасын толтырыўға, байланыстырыўға ҳәрекет қылғанларға Аллаҳ таала ҳәм периштелер салаўат айтады. Бул ҳаққында Айша анамыздан рәўият қылынған ҳәдисте: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таала ҳәм периштелер сапларды толтырған ҳәм олардыӊ арасын байланыстырған инсанларға салаўат айтады», деди. Имам Аҳмад ҳәм Имам Мәжа рәўияты;
Ким шайтан кирип алыўы мүмкин болған, саптағы ашық жерди тосса, байласа, Аллаҳ таала да оныӊ мәртебесин жоқары дәрежелерге көтерип қояды ҳәм қылған гүналарын мағфират қылады. Бул ҳаққында Пайғамбар алайҳиссалам өзиниӊ ҳәдиси шәрийфлериниӊ биринде: «Инсанныӊ сапты толтырыў мақсетинде алдыға басқан адымынан көре, саўабы уллы адым жоқ» деген. Имам Баззар рәўияты;
Аллаҳ таала бәршелеримизди усындай уллы саўаплы ислерди қылыўға мыяссар әйлесин!
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ҳайтмурат Ережепов