MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

СОЦИАЛ ТАРМАҚЛАРДАҒЫ ФИТНАШЫЛАРДАН АБАЙЛЫ БОЛАЙЫҚ!

Жәмийетимиз турмысы, әсиресе инсанлар арасында өз ара хабар алмасыў, мағлыўмат алыўда интернет тармақларынының әҳмийети күннен күнге артып бармақта. 

Инсан саламатлығы ол азықланып атырған суў ҳәм неъматлар тазалығына байланыслы болғанындай, шахс көзқарасының саламатлығы ҳәм илим дәрежеси өзлестирип атырған мағлыўмат ҳәм билимлериниң дереклерине байланыслы болады. Сонлықтан, заманамызда интернет тармағынан пайдаланыў әдеби социал әдеплердиң ең әҳмийетлилеринен бири есапланады.   Бирақ, ҳәр бир нәрсениң жақсы ҳәм жаман тәрепи болғанындай, соңғы пайытларда социал тармақлардың да қәтерлери жүзеге шықпақта. Солардан, ҳәзирги ўақытта айырым бузғыншы ағымлардың интернеттен өз ғәрезли мақсети жолында кең пайдаланып атырғаны, жасларды өз дузағына тартып атырғаны, айырым сайтларда уятсызлық, өз жанына қастыянлық қылыў киби аянышлы иллетлер санасына сиңдирилип атырғаны, базы социал тармақларда түрли фитналар, жәмийетти турақсызландырыўшы жалған мағлыўматлар берилип атырғанын гүзетиўимиз мүмкин. Соның ушын да, халқымыз, әсиресе жасларды әне сондай қәтерлерден хабардар етиў ҳәр бир зыялы, илимли инсанның ең актуал ўазыйпасына айланыўы тийис. Төменде социал тармақлардың әне сондай қәтерлеринен ең тийкарғыларын санап өтемиз:  

Жалған ҳәм тийкарсыз хабарлардың тарқалыўы ҳәм фитналар уйымластырыў мәканы екени: Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ең тийкарғы машқалаға айланған иллетлерден бири – жалған хабар саналады. Әсиресе, социал тармақларда түрли тийкарсыз мағлыўматларды тарқатыў, түрли дөҳметлер ҳәм жалаларды уйымластырыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Айырым әпиўайы мусылманлар мине сондай фитналарға исенип, жалған ҳәм дөҳметке шерик болып қалмақта. Адамлардан еситкен нәрсесин сорастырмай айта бериў гүна екенине төмендеги ҳәдис те айқын дәлил есапланады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз алайҳиссалам: “Адамға гүна болыўы ушын еситкен нәрсесин айтыўының өзи жетерли болады”, – деген (Имам Муслим ҳәм имам Әбиў Даўыт рәўияты).

Соңғы жылларда интернет сиясий гүреслер майданы, ҳәр қыйлы пайда көриўшилердиң күшли қуралына да айланып бармақта. 

Ҳәр қандай тосық, шеклеў ҳәм тыйымларды айланып өтиўге ийкемлестирилген социал тармақлар бүгинги күнде, ҳақыйқатында да тәртипке салып болмас күшке айланды.  

Терроршы топарлар, адасқан ағымлар ҳәм басқа бузғыншы күшлер социал тармақлар имканиятларынан кең пайдаланған ҳалда адамларды, әсиресе жасларды туўры жолдан адастырыў, олардан өзлериниң жеркенишли мақсетлери жолында пайдаланыў, жәмийетте келиспеўшилик шығарыў ҳәм де ең ашынарлысы урыс отын жағыўға урынбақта ҳәм буған белгили мәниде ериспекте. Негизинде, түрли фитналар уйымластырыў, инсанлар ортасында душпанлық урығын шашыў – динимизде ең үлкен жынаятлардан бири екени атап өтилген.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде:  “Фитна адам өлтириўден де үлкенирек (гүна) саналады…” деп баян етеди.(Бақара сүреси 217-аят)   Ҳәммемиз де жаңалықлардан хабардар болыў, көзқарасымызды өсириў мақсетинде интернет тармақларына мүрәжат етемиз. Әҳмийетлиси – олардан ақыл менен пайдалансақ, әсиресе жасларды ақылый ҳәм руўхый туўры тәрбия табыўында, түрли жат пикирлер тәсирине түсип қалмаўына итибарлы болсақ, мақсетке муўапық болады.  Аллаҳ таала журтымызды ҳәр қыйлы фитналардан панасында сақласын… 

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

атындағы ислам билим журты оқытыўшысы

Баҳадыр Абдираманов