«Шүкир» сөзи негизинде миннетдар болыў, рахмет айтыў мәнилеринде болып, ал шәриятта шүкирге төмендегише тәрийп берилген:
«Шүкир дегени – қылынған жақсылыққа мүнәсип жуўап қайтарыў ҳәм жақсылық ҳәм иҳсан қылыўшыға шырайлы рахмет айтыў».
Соны да айықша атап өтиў лазым, шүкир тек тил менен болмайды. Ал, ол алды менен шын қәлбтен мойынлап разы болыў соң бул шүкиршиликти тил менен билдириў ҳәмде қалған ағзалар менен бул неъматтың ҳаққын орынлаў менен болады. Бул ҳаққында улама шайырлардан бири былай дейди:
«Аллаҳ тааланың неъматларына шүкиршиликти мениң үш нәрсем: қолым, тилим ҳәм көринбес қәлбим билдиреди».
Аллаҳ таала Өзиниң кеңшилиги менен инсанды ақыл ҳәм пикирлеў ийеси қылып жаратты ҳәм оған есапсыз неъматларды берип, пайдаландырды. Соның менен бир қатарда Өзиниң неъматларына шүкир айтыўға да буйырып, шүкир қылыўшыларға неъматларын көбейтиўди ўәде берди:
«Және Рәббиңиз жәриялаған (мына сөзлерди) еслең: «Ант болсын, егер (берген неъматларыма) шүкир қылсаңыз, әлбетте, сизлерге (оларды және де) зыяда қыламан. Егер нашүкирлик қылсаңыз, әлбетте, мениң азабым да қатты» (Ибраҳим сүреси, 7-аят).
Бул ҳаққында Әлий разыяллаҳу анҳу былай деген:
«Неъмат шүкирге, ал шүкир зиядалыққа байланған. Егер бенде шүкиршилик қылыўды даўам ететуғын екен, Аллаҳ таала да зиядалықты даўам етеди» (Иймам Байҳақий рәўияты).
Ислам тәлиматында неъматларға шүкир қылыў уллы пазыйлет ҳәм жоқары дәреже деп айрықша атап өтилген. Бул ҳаққында Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳума: “Шүкир қылыў ийманның ярымы”. Ал, басқа рәўиятта: “Ийман – сабыр ҳәм шүкирден ибарат”, деп айтқан.
Соның ушын да Аллаҳ таала ҳәммемизди шүкир қылыўға буйырып, нәшүкирликтен қайтарған. Уллы бабамыз «Ҳәзирети Имам» деп уллыланған Әбиў Бәкир Қаффал Шаший өзиниң танымалы «Жаўамиъул кәлим» китабында келтирген ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам мынандай деген:
«Неъматлар ҳаққында айтыў шүкир қылыў ҳәм керисинше олар ҳаққында айтыўды тәрк етиў нәшүкирлик».
Өйткени, Аллаҳ таала Өз Кәламы Қураны кәриймде буйырып, былай деген:
«Ал, Рәббиңниң (саған берген бәрше) неъматы ҳаққында (адамларға) айтып бер!» (Зуҳа сүреси, 11-аят).
Шайх Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий ҳафизаҳуллаҳ мынандай деген: «Ҳәр бир инсан өзиниң ҳалына, турмысына, тағдирине разы болыўды, шүкир қылыўды үйрениўи керек. Себеби, бул турмысты оған Аллаҳ таала сай көрди. Соның өзи – үлкен раҳмет, соның өзи үлкен неъмат! Шүкир етсек, Аллаҳ буннан да зияда қылады. Бирақ шүкирсизлик қылатуғын болсақ, басқа турмысларға ҳәўес ететуғын болсақ, өзимиздеги барынан да айырылып қалыўымыз мүмкин».
Сайд ибн Жубайр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Бенделердиң Аллаҳ таалаға ең жақсысы – қыйыншылық қелгенде сабыр қылыўшы ҳәм неъмат келгенде, шүкирлик қылыўшысы» (Иймам Табарий ҳәм Иймам Аҳмад рәўияты).
Аллаҳ таала бизлерге берген есапсыз неъматларды есте тутыў, оны өз ўақтында қәдирлей алыў сол неъматлардың даўамлы болыўына себеп болады. Шайх Саъдий айтқан: «Ҳәр нәпес ишке киреди, ол өмирди бир нәпеске созыўшы. Ал, алынған нәпестиң қайтып шығыў, ийесин қуўантады (яғный, сол нәпеси иште қалып, адамға зыянлы газға айланбай шығып кетиўи адамды қуўантады). Соннан мәлим болады, ҳәр бир нәпесте еки неъмат бар. Бири нәпести саламат жутыў ҳәм екиншиси алынған нәпести қайтарып шығарыў ҳәм ҳәр екеўи ушын бөлек-бөлек шүкир айтыў ўәжиб».
Аллаҳ таала неъматларына шүкир қылыўшыларды әлбетте сыйлықлаўын ҳәм оларға уллы саўапларын бериўин де кепиллеп қойған. Ол айтады:
«…Ал, шүкир қылыўшыларды сыйлықлаймыз» (Әли Имран сүреси, 145-аят).
Ҳәдиси шәрийпте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бул ҳаққында мынандай деген:
«Ким азға шүкир етпесе, көпке де шүкир етпейди. Ким инсанларға рахмет айтпаса, олардан миннетдер болмаса, Аллаҳқа да шүкир етпейди. Неъматлар ҳаққында айтыў – шүкир. Ол ҳаққында айтпаў – шүкирсизлик. Жамаат пенен жүриў – раҳмет. Жалғызлық болса – азап» – деди. (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим).
Ҳәдиси шәрийп мазмунына муўапық бизлер мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен халқымыз бахыт-саадаты, параўанлығы, тынышлығы ҳәм парахатшылығы жолында қылынып атырған барлық қайырлы ҳәм ийгиликли әмеллерине өз орнында миннетдаршылық билдириўимиз лазым. Аллаҳ таала шүкирлер болсын, мәмлекетимиз тәрепинен тиккелей руўхый-ағартыўшылық қәдирятларымызды тиклеў ислерине үлкен итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде елимизде ҳәмме тараўда болған киби, диний тараўда да кең көлемли жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Жоқары диний оқыў дәргайлары көбеймекте ҳәм олардың сыпаты жақсыланбақта. Мешитлеримиз көбеймекте ҳәм көплери заманагөй усылда, ҳәмме қолайлықлар менен қайта қурылмақта. Жылдан-жылға ҳаж ҳәм умра зыяратшылары саны көбеймекте ҳәм бул зыяратларды әмелге асырыў қолайлы көриниске келтирилмекте. Ҳәмме қалаларымыз ҳәм районларымызда халықтың мәпи гөзленген, олардың жасаў шарайытын жақсылаўға жөнелтирилген қайырлы ислер әмелге асырылмақта. Буны бул диярда жасап атырған ҳәмме көрип гүўасы болып атыр.
Кейинги жылларда халық пенен туўрыдан-туўры байланысыў, оның дәрт ҳәм тәшўишлерин, машқалаларын унамлы шешиў бойынша жаңа система жаратылды. Өмиримизде «Мәмлекет – инсан ушын» деген халық ойланған идея қарар тапты ҳәм бул күннен-күнге беккемленип бармақта.
Ўатанды сүйиў тек тилде қалып кетпеўи керек, ал ўатанласлар журт раўажланыўы ушын бирлесиўи, бир-бири менен аўызбиршиликли болып, дүнья-ақыретте пайдалы ислерге ҳәрекет етиўи керек.
Биймәлел дин-диянатымызға әмел етип атырған, шәриятымыз уранлары бой көрсетип турғанда нәшүкирлик қылмаў, түрли бузғыншы «үгит-нәсиятларға» ушпаў, билим ҳәм күшимизди Ўатан раўажланыўы, динимиз раўажланыўы жолында сарыплаў әҳмийетли ўазыйпамыз есапланады.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы
Айдос Якупов