Динимизде ибадатлардың ҳәр түрли көринислери бар. Солардан бири дуўа – бендени Раббиси менен байланыстырыўшы ҳәм оған теңсиз руўҳый қуўат бериўши ибадат есапланады. Бенде дуўа жәрдеминде кеңшиликте де, қыйыншылықта да Раббисине жалбарынады ҳәм сыйынады. Дуўа уллы ибадат.
Дуўа – сөзликте “сораў”, “жалбарыныў” мәнилерин билдиреди. Ал, шәриятта Аллаҳ тааладан бендениң өзин пәс тутып жәрдем, мәдет сораўына айтылады.
Аллаҳ таала дуўаның әҳмийети туўрысында Қураны кәриймде былай дейди:
“Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, (онда оларға мениң мына сөзимди жеткизиң): Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл қыламан. Солай екен, олар да Мениң (буйрықларымды) қабыл етсин ҳәм ийман келтирсин. Қәне еди, олар туўры жолды тапса” (Бақара сүреси, 186-аят).
Аяты кәриймада мөминлер ушын үлкен хош хабар бар. Ол да болса дуўа қылыўшы ҳәм жалбарыныўшының сорағанын бериўге иләҳий ўәде берилмекте.
Аллаҳ таала зарланып, жасырын ҳәм сынықлық пенен дуўа қылыўға буйырып былай деген:
“Рәббиңизге зарланып ҳәм жасырын дуўа қылың. Ол ҳәдден асыўшыларды жақсы көрмейди” (Аъроф сүреси, 55-аят).
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дуўа ҳаққында мынандай деген:
“Әлбетте, дуўа – ибәдат! Кейин “Меннен дуўа қылып сораң, қабыл етемен”, – деген аяты кәрийманы оқыды” (Имам Бухарий рәўияты).
Және бир ҳәдиси шәрийпте Пайғамбар алайҳиссалам айтады:
“Аллаҳ таалаға дуўадан көре ҳүрметли (сүйкимли) нәрсе жоқ!” (Имам Бухарий рәўияты).
Бенде дуўа қылыўы ушын Аллаҳ тааланың дәргайы ҳәр дайым ашық. Бирақ, Аллаҳ таала базы ўақытларды дуўа қылыў ушын пазыйлетли етип қойған. Бул ўақытларда қылынған дуўалар қабыл болыўы тез болады. Ол ўақытлар төмендегилер:
Мине усы ўақытларда қылынған дуўалар әлбетте қабыл болады.
Инсан тек ғана өзиниң ҳақына емес, басқалардың да ҳақларына дуўа қылыўы мүмкин. Өзгелердиң ҳақына қылынған дуўалардың қабыл болыўы тез ҳәм динимизде мақталған ис болып есапланады.
Уламаларымыз диний дереклерди үйренип шығып, дуўалардың қабыл болыўы ушын бир неше шәртлер бар екенин атап өтеди. Ол шәртлер төмендегилер:
Уламаларымыз дуўаның қабыл болыўын жақынластырыў ушын бир неше әдеплерди санап өтеди. Ол әдеплерден базылары төмендегилер:
Дуўаның әҳмийети мөмин-мусылманлар қыйыншылыққа түскенинде де жарқын көринеди. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның тарийхын үйренсек, қыйыншылық ўақытларында: мәселен оба тарқалса, қурғақшылық болса, күшли душпан бастырып келгенде бәрше зәрүр шаралар менен биргеликте Пайғамбарымыз Аллаҳ таалаға жүзленип, жалбарынып дуўа қылар еди. Бир мәрте уллы саҳабалардан Әбиў Бәкр ҳәм Билал разыяллаҳу анҳумаға Мәдинада безгек тийгенде бул обадан аманлық бериўди сорап дуўа қылғаны рәўият етилген. Пайғамбарымыз алайҳиссалам Аллаҳ тааланың: “(Аллаҳтан) сабыр ҳәм намаз (оқыў) менен жәрдем сораң. Әлбетте, ол (намаз Аллаҳға) бойсыныўшылардан басқаларға жүдә үлкен ис” – деген аяты кәриймасына әмел етип, қәўетерге салыўшы, машақатлы бир ис пайда болса, намаз оқып, дуўаға кирисер еди. Өйткени, намаз да дуўа киби Аллаҳ таалаға зарланыў болып есапланады.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта
арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы А.К.Якупов