MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

«СУНАНИ ТЕРМИЗИЙ»ДИҢ ҲӘДИС ИЛИМИНЕ ҚОСҚАН ҮЛЕСИ

Имам Термизийдиң жазған китаплары жүдə көп, бирақ олардың ишинде ең белгили шығармасы «Сунани Термизий» болып табылады. Муҳаддис китабын 51 бөлимге бөлген. Бөлимлер ишинде жəми 2231 бап бар. Ҳәдислер саны болса 3956ны қурайды. Бул санлар ҳəр қыйлы нусқалар итибарынан өзгериўи мүмкин. Имам Термизийдиң бул китапты жазыўдағы усылы биринши ҳəдисти рәўият қылады кейин фиқҳий ҳүкимге байланыслы мəселелерди айтып, уламалардың сол бойынша қандай жол тутқанын да көрсетип өтеди. Буннан тысқары сол ҳəдиске саҳиҳ, ҳасан, зайыф деп дəрежесин ҳəм басқа рәўийлер рəўият еткен туруқларын да айтып өтеди.

Сунани Термизий уламалар арасында бир неше атамалар менен танылған:

1. «Саҳиҳут Термизий»

2. «Ал-Жəмиь ас-саҳиҳ»

3. «Ал-Жәмиь ул-кәбийр»

4. «Сунани Термизий»

 5. «Жәмиь ут-Термизий».

Барлық уламлар бул китапты ең исенимли атлы ҳәдис китабынан бири деп есаплайды. Бул китапты көплеген уламалар мақтап, баҳалы пикирлерин билдирген. Мақдисий айтады: «Мениң нәзеримде бул китап Имам Бухарый ҳəм Имам Муслимлердиң китабынан пайдалырақ. Себеби бул еки китаптан  уламалар ғана пайдалана алады. Ал, Сунани Термизийден ҳəмме пайдалана алыўы мүмкин.

Ибн Кәсийр «ал-Бидая ўән-ниҳая» китабында: «Сунани Термизий жер жүзиндеги барлық инсанлар мүрәжәт ететуғын алты китаптан бири», дейди.

Алий Қарый «Мирқатул мафотиҳ»та: «Имам Термизийдиң ҳəдис бойынша көп китаплары бар. Әсиресе «Сунани Термизий» китабы ҳəдис китапларының ең жақсысы», деп айтқан.

Шайх Абдулазиз Деҳлаўий «Бустанул муҳаддисин» китабында бул китапты мақтап, басқа китаплардан төмендеги төрт өзгешелиги менен ажралып турады, дейди.

1. Шырайлы тəртипленгени ҳəм ҳəдислер тəкирарланбағаны

2. Фақиҳлардың мәзҳабларын баян еткени

3.Ҳәдислерди саҳиҳ, ҳасан, мункар ҳəм басқа атамалар менен ажыратып бериўи

4. Рәўийлердиң куняларын, атларын, белгили сыпатларын да көрсетип өткени.

 Имам Термизийдиң өзи бул китабы ҳаққында былай деген:

«Бул китапты жазып болғанымнан кейин, оны Ҳижаз, Ирақ ҳәм Хорасан уламаларына көрсеттим. Олар буны жақсы қабыл етти. Кимниң үйинде бул китап болса, сол шаңарақта Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сөйлеп атырғандай болады».

Билим журты оқытыўшысы А.Идрисов