Усы жылдың 26-октябрь күни билим журты мәжилислер залында талабалар ушын «Интернет сайталардан ҳәм социаллық тармақлардан пайдаланыў мәденияты» ҳаққында илаж өткерилди.
Илажға Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының үгит насият лекторы Қ.Мамбетов, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Динлерди қыясый үйрениў UNESCO кафедрасы докторанты, билим журты қәнигелик пәни оқытыўшысы
А.Якуповлар өз баянаты менен қатнасты.
Өткерилген илаждың тийкарғы мақсети жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳəм жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша кеңнен үгит-нəсиятлаў жумысларын алып барыў, соның менен бирге жасларды зəрүр мағлыўматлар менен таныстырып барыў болып табылады.