MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Имам Термизий – уллы муҳаддис ҳәм жетик улама

Мәмлекетимиз узақ тарийхын хәм бүгинги тарийхымыздағы илим хәм жәмийетлик салаларда дүньяға даңқы жайылған инсанлар хаққында сөз етер екенбиз, әлбетте, пүткил дүнья нәзеринде болған хәм пүткил инсаният  үлги аларлық улама-ойшылларымыз көп. Ең дәслеп, илим цивилизациясына өз улесин қосқан Муўса ал-Хорезимий, Әбиў Әлий ибн Сина, Әбиў Райхан Беруний, Имам ал-Бухарий, Имам ат-Термизий, Әбиў Наср Фарабий сыяқлы дүньяның илимине салмақлы улес қосқан қахарманларымыз бар. Олардан дин хәм дүньялық илимлерде тең келетуғын инсанлар бүгинги күнге шекем дүньяда ушырамаса керек. Бул мақаламызда сол инсанлардың бири, яғный Имам ат-Термизий хаққында аз ғана сөз етпекшимиз.

Уллы улама ҳаққында сөз етер екенбиз, ең дәслеп, оның өмири ҳаққында аз болса да мағлыўматқа ийе болыўымыз керек. Оның толық аты Мухаммед ибн Ийса ибн Саўра ибн Муўса ибн аз-Заҳҳақ Әбиў Ийса ас-Сулламий Аз-зарийр Ал-буғий ат-Термизий болып, мусылман календары бойынша 209-жылы (эрамыздың 824-жылы) Термиз жанындағы Буғ (ҳәзирги Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районы аймағында жайласқан) аўылында орташа бир шаңарақта туўылған. Орайлық Азиялы белгили тарийхшы Әбиў Саад Абдулкарим ас-Саманий (1113–1167) ат-Термизий Буғ аўылында қайтыс болғаны ушын ал-Буғий лақабы менен де аталғанын, алым көп жылаўдан өмириниң ақырларында көзи көрмей қалғаны ушын Аз-зарийр (көзи әззи) лақабын алғанын да атап өтеди.

Бирақ, халық арасында ат-Термизий аты менен белгили болыўының себебин оның пүткил өмири ҳәм илимий дөретиўшилиги (жаслығынан баслап) Термиз қаласы менен тығыз байланыслы болғанлығы, сондай-ақ, алым туўылған Буғ аўылы Термиз қаласына жақын болып, ҳәкимшилик тәрептен оған тийисли аўыллардан екенлиги менен түсиндириў мүмкин. Ат-Термизийдиң шаңарағы ҳәм ата-анасы ҳаққында дереклерде анық мағлыўматлар келтирилмеген. Тарийхшилар оның «Бабам тийкарынан марылы еди, ол адам Лайс ибн Сайяр заманында жасаған, соңынан ол жерден Термизге көшип келген», – деген пикирин келтириў менен шекленеди. Сондай-ақ, Ат-Термизийдиң көзи әззилиги ҳаққында да жазба дереклерде ҳәр түрли мағлыўматлар келтирилген. Айырым авторлар оны туўма көзи әззи болған деп есапласа, көпшилик авторлар алымның кейин ала өмириниң ақырында көзи әззи болып қалғанын жазады.

Имам Термизий жаслығынан оғада мийнеткеш, зийрек, ақыллы болғаны себепли өз теңлеслери арасында ажыралып турған. Илимге үлкен қызығыўшылығы себепли сол дәўирдеги көплеген илимлерди, әсиресе, ҳәдис илимин терең ийелеген. Термиз, Самарқанд, Мары ҳәм Орайлық Азияның басқа да ири қалаларында жасаған белгили улама ҳәм муҳаддислердиң шығармаларын қунт пенен үйренген. Қоңсылас Балх ҳәм Ҳайратан қалаларындағы алымлар менен илимий байланысларды орнатыўға мүнәсип үлес қосқан жетик илимпазлардан бири. Жаслайынан илимге қуштар Имам Термизий 850-жылдан, яғный, жигирма алты жасынан баслап узақ жерлерге, бир қатар шет ел мәмлекетлери ҳәм қалаларына саяхат етеди. Соның ишинде, ол Ҳижазда – Мәккә ҳәм Мадина, Ирак, Хорасанның бир қатар қалаларында көплеген муҳаддис, фақиҳ ҳәм уламалар менен ушырасып, сәўбетте болып, олардан тәлим алады, қызғын илимий пикир-талас ҳәм тартысларда қатнасады. Соның менен бир қатарда, Ийса Термизий Пайғамбар алайҳиссаламның ҳәдислерин жыйнаўға айрықша итибар қаратады. Бул бағдарда ол ҳәр қандай қыйыншылықларды жеңип өтеди.

Ол өзи оқыған яки бир рәўияттан еситкен ҳәдисин өз алдына қағазларға жазып баратуғын еди, олардың тийкарғы ҳәм әдепсизлигин избе-излик пенен анықлап, дурыслығына толық исеним пайда еткенде ғана арнаўлы қағазларға жазып қояр еди. Ҳәдислердиң дурыслығына гүман болғанда оларды өз алдына ажыратып жазатуғын еди. Солай етип, ҳәдислер саҳиҳ (дурыс, исенимли), ҳасан (жақсы, мақул), әззи (бос, исенимсиз), ғарийб сыяқлы түрлерге ажыратылған.

Ҳәдис илимин ийелеўде ҳәм жетилистириўде Имам Термизий өз дәўириниң белгили муҳаддислеринен билим алды. Ол сол дәўирдиң жетик муҳаддиси сыпатында көплеген шәкиртлерге устазлық еткен. Уламаның ақылының өткирлиги ҳәм күш-қуўатының күшлилиги ҳаққында тарийхый дереклерде көплеген мысаллар ҳәм рәўиятлар келтириледи. Муҳаддис бабамыз Имам Термизий заманындағы илимпазлар оның ҳәдис илиминдеги хызметлерин жоқары баҳалаған. Олардан бири Имам Термизийди «Ҳәдис илиминде жолбасшылық ететуғын бирден-бир алым» деп жазса, екиншиси ол «бириншилерден болып ҳәдислерди саҳиҳ, ҳасан, әззилерге ажыратқаны ҳаққында гүўалық береди». Әсиресе, муҳаддис алымның шығармаларындағы анықлық тек зыялылар ушын емес, ал ҳәр бир инсан түсиниўи мүмкин болған себеп екенлигин айрықша атап өтиў керек. Дүнья уламалары уллы илим ийеси болған ҳәм жоқары итибарға ылайық көрилген бабамыздың ибратлы турмыс жолларын ҳәм бай руўхый мийрасын ҳәр тәреплеме үйрениў биз жаслар ушын ҳәм илимий, ҳәм әмелий жақтан үлкен әҳмийетке ийе.

Ат-Термизий көплеген сырт ел мәмлекетлерине болған сапарлары ўақтында ҳәдислерди топлап, китаплар жазыўға да кирискен. Сапардан қайтып, илимпазлар менен илимий пикир алысыўларда қатнасады, көплеген шәкиртлерге устазлық етеди. Әсиресе, белгили муҳаддис алым ал-Бухарий менен көплеген илимий пикирлесиўлер алып барып, оннан пайдаланады, бул ҳаққында ат-Термизий өзиниң «Ал-илал» китабында да жазады.

Ат-Термизийдиң көплеген пикирлери, соның ишинде, оның белгили шығармасы «Ал-Жами» де өз ўатанына қайтқаннан кейин жаратылған. Имам ат-Термизий 892-жылы Термиз жанындағы Буғ аўылында қайтыс болған ҳәм сол жерде жерленген.

Өзиниң дөретиўшилик хызмети даўамында ат-Термизий оннан артық шығармалар дөретти. Оның мәдений мийрасында, сөзсиз, «Ал-Жәми» шығармасы үлкен әҳмийетке ийе. Бул шығарма «Ал-жәми ас-саҳиҳ» («Исениўши топлам»), «Ал-жәми ал-кабийр» («Үлкен топлам»), «Саҳиҳ ат-Термизий», «Сунан ат-Термизий» («Термизий сүннетлери») атлары менен де аталады.

Белгили муҳаддис Әбиў Ийса ат-Термизийдиң жеке өмири ҳәм бәркамал дөретиўшилигин ҳәр тәреплеме үйрениў себепли уллы бабамыздың ҳәзирги заманымыз ушын да үлги болатуғын көплеген ибратлы пазыйлетлериниң гүўасы боламыз. Ең дәслеп, Ат-Термизийдиң жаслығынан илимге оғада қуштарлығы ҳәм үлкен қызығыўшылығы, бул бағдарда ҳәр қандай қыйыншылықларға шыдам берип, өз мақсети, яғный, өз билимин арттырыў жолындағы жигерлилиги үлкен мақтаўға ылайық. Жуўмақлап айтқанда, уллы бабамыздың жеке өмирин ҳәм оның бай руўхый мийрасын терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм илимий, ҳәм әмелий жақтан үлкен әҳмийетке ийе.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

 орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы

 Зарафатдин Сагидуллаев