MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ЖУРТЫМЫЗДАН ЖЕТИСИП ШЫҚҚАН МУҲАДДИСЛЕР

Аллаҳ таала өз қәлеўи менен журтымызға Ислам нурын алып келгенинде, айрым саҳаба разыяаллаҳу анҳумларға ҳәзирги Түркменистанның әтираплары, атап айтқанда Ниса ҳәм Марв қалаларында жасаў несип етти. Әлбетте, саҳаба разыяаллаҳу анҳумлар бар жерде ҳәдис сабақлары шөлкемлестирилген. Адамлар ҳәр тәрептен келе баслады. Нәтийжеде үлкен ҳәдис мектеби пайда болды. Кейинрек, бул мектеп Исҳақ ибн Роҳаўайҳ ал-Марўазий ҳәм Абдуллаҳ ибн Муборак ал-Марўазийдей уллы алымлар ҳәм муҳаддислерди тәрбиялап жетилистирди. Нисадан болса ең итибарлы алты ҳәдис китабы (“Сиҳоҳи ситта”) ның бирин жазған Имам Насаий жетисип шықты.

Марв ҳәм Насодан кейин ҳәдис илими басқа үлкелерге де тарқалды. Түрли жерлерден уллы муҳаддислер жетисип шықты. Оларды атпа-ат санап өтиў қыйын, бирақ ең белгили болғанларынан айрымларын айтып өтемиз. Сөзиимздиң басында Исҳақ ибн Роҳаўайҳ ал-Марўазий, Абдуллаҳ ибн Муборак ал-Марўазий ҳәм Имам Насаийлерди айтып өткен едик. Солар менен бир қатарда Имам Бухарый, Имам Термизий, Имам Доримий Самарқандыйларды да пүткил Ислам әлеми ҳәдис илиминиң көзге көринген алымлары деп тән алған. Бир сөз бенен айтқанда ҳәдис илиминде ҳеш бир мусылман журты бизлердиң журтымыздың алдына түсе алмайды. Дүнья тән алған ҳәдис китаплары алтаў болып, соннан бесеўине ҳәмме бир ҳаўаздан келискен. Солардан үшеўи – Имам Бухарый, Имам Термизий ҳәм Имам Насаийлер журтымыз перзентлери саналады. Алтыншы орынға үш китап даўагерлик қылады. Олардан бириниң авторы болған Имам Доримий Самарқандый да журтымыз перзенти. Және Имам Бухарыйдың “Саҳиҳ” ын Қураннан кейинги ең исенимли китап деп тән алынған.

Әлбетте бундай нәтийжелерге ерисиў өз-өзинен болмайды. Сол дәўирдеги қоршаған орталық, түрли ҳәдис мектеплери арасындағы өзара беллесиўлер, устаз ҳәм шәкиртлердиң көплиги бул илимниң раўажланыўына өз үлесин қосқан. Бир сөз бенен айтқанда журтымыз ислам илимлериниң көзге көринген алымларына бесик болған десек асыра айтқан болмаймыз. Солардың арасында усы жылы 1200 жыллығы кеңнен белгиленип атырған муҳаддис алым Имам Термизийде бар. Ҳүрметли журт басшымыз тәрепинен бул илажды мүнәсип өткериў бойынша қарары қабыл етилди. Усы жылдың 15-16-сәнесинде Ташкент қаласында дүньяның көзге көринген алымлары, шөлкемлери қатнасында “Ислам жақсылық ҳәм тынышлық дини” атамасында конференция өткерилиўи режелестирилген. Усы конференция шеңберинде Имам Термизийге бағышланған ушырасыўлардың өткерилиўи де нәзерде тутылған. Сондай-ақ усы айдың 17-сәнесинде Термиз қаласында өз алдына Имам Термизийдиң 1200 жыллығына бағышланған илимий конференция өткерилиўи режелестрилген. Бул болса елимизден жетилисип шыққан алымларға болған ҳүрмет белгиси есапланады. Себеби алымлары ҳүрметленген журт ҳеш қашан кем болмайды. Аллаҳ таала журтымыздан еледе көплеп усындай алымлардың шығыўын несип етсин.


Билим журты оқытыўшысы Ж.Искендеров.