11-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының жыллық режесине тийкар билим журты талабалары Имам ийшан Мухаммад жоме мешитинде болды. Бул жерде талабаларды Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының мешитлер бөлими баслығы И.Алланов күтип алды ҳәм усы орында алып барылатуғын жумыслар ҳаққында түсиник берип өтти. Сондай-ақ бул мешит Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тапсырмасы менен ири қурылыс оңлаў жумыслары алып барылғанлығы ҳәм бул жерге барлық қолайлықлар жаратып берилгенликлери ҳақкында таныстырып талабаларға көрсетип шықты. Танысыў барысында талабаларда үлкен унамлы тәсирлер оятты. Бул мешитке талабалардың барып танысыўын билим журты қәнигелери А.Ассатиллаев ҳәм И.Сабырбаев басшылық етти.