MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ЖИҲАД СӨЗИНИҢ НАДУРЫС ТҮСИНИГИ

Жиҳад сөзине мусылман болмаған жәмийетлерде түсинбеўшиликтен ямаса анық билип турып жалғаннан надурыс мәни берилип атыр. Ол сөздиң негизинде «күш сарыплаў, қатты тырысыў» деген фейил мәниси бар. Солай екен, жиҳад сөзи кең мәнини өз ишине алғаны ушын, оған тек «урыс» ямаса «қарсы шығыў» мәнилерине бериў дурыс емес.

Жиҳад сөзи шәриятымызда «Аллаҳ таала қәлеген нәрсени орынлаўда бар күшин сарыплаў» деген мәнини билдиреди. Усы мәнистен келип шығып айтатуғын болсақ, «мужаҳид» деп – «Аллаҳ тааланың ҳүкимлерин әмелге асырыўда бар имкәниятларынан пайдаланып, күшин сарыплайтуғын инсан»ға айтылады. Жиҳадтың түрлерине тоқталып өтетуғын болсақ, қол жиҳады деп – нызамлар бузылып атырған ўақытта оларды тоқтатыўға қаратылған ҳәрекет. Қәлб жиҳады – өз нәпси менен гүресиў. Тил жиҳади – буйрылған ислерди орынлаўға ҳәм қайтарылған ислерден қайтыўға шақырыў. Сөз ямаса қәлем жиҳади – диний мағлыўматларды дурыс тарқатыў ҳәм мәрийпат үлесиў. Усы мәнилерди улыўмаластырып айтатуғын болсақ, жиҳад деп – мусылман  инсан буйрылған ислерди орынлаўы керек болған, ўәделерге опа қылыў, өзи жасап турған мәмлекеттиң нызамларына бойсынған ҳалда орынлаўы лазым болған жеке иси ҳәм диний мәжбүрияты есапланады. 

Мусылман инсанға қарсы туўрыдан-туўры, әшкара ҳүжим қылынып атырған ўақытта өзин, шаңарақ ағзаларын қорғаў мақсетинде залымға қарсылық көрсетиўи парыз әмел есапланады. Буның ушын болса, арнаўлы жиҳад операциясын жәриялаў ҳәм пүткил мусылманларға жиҳад қылыў парыз болды деп дағаза қылыў шәрт емес, бәлким өзиниң жеке өмирин, шаңарақ ағзаларының аманлығын сақлаў ушын залым инсанға қарсы гүресиўи Аллаҳ тааланың қәлеген исин орынлаў болады.

         Пайғамбар алайҳиссаламның өмирине нәзер таслайтуғын болсақ, ол инсан бир топар ямаса қәўимге қарсы урыс қылмады. Оған Мәкка қаласында зулым қылған ўақтында да, ҳеш қашан саҳабаларына Мәкка мушриклерине қарсы урыс қылыўға буйрық бермеди. Итибар берип қарайтуғын болсақ, Пайғамбар алайҳиссаламның әтирапында оның тәрепин алатуғын, қаланы екиге бөлип, шегара қылып алатуғын, урысыўға жетерли адамлары бар еди. Соған қарамастан, Пайғамбар алайҳиссалам ҳақ болып турып, бас көтермей, бундай мәмлекетти таслап кетиўди абзал деп билди.

Бир қанша мусылманлардан жыйналған атының ямаса нәслиниң анығы болмаған өзин мусылманлар деп атайтуғын топарлар Европа ҳәм АҚШқа уқсас бир қанша еллерде ямаса Арқа Кавказда террористик ҳәрекетлерды әмелге асырды, және бул қылған исин жиҳад деп атамақшы болды. Олардың бул қылған ислери негизинде жиҳад емес бәлким шәрият қайтарған әмел есапланады. Бул топарлар хаўариж ағымына уқсас исти қылған болады. Өзбасымшалық пенен бундай көринисте жиҳад қылыў – мусылманларды апатқа жетелеўши көтерилис ҳәрекетин ислеў болады.  

Әне соның ушын да, шәриятқа қайшы келетуғын айрым топарлардың қылып атырған жиҳад ҳәрекетлери Пайғамбар алайҳиссалам орынлаған ислерге ҳәм шәрият тәлийматларына сәйкес емес надурыс ҳәрекет есапланады. Бул олардың өзлери билмей, дурыс түсинбестен қылып атырған надурыс ислери есапланады.  

Соның ушын ҳәр бир мусылман инсан диний терменлерди дурыс түсинип, оның негизи мәнилерин аңлап жетип, шәрият буйрықларын орынлаўға тырысса бул ҳақыйқый ҳәм шын мәнидеги жиҳад түсинигин орынлаў болады. Аллаҳ таала бундай ислерден ҳәм надурыс түсиниклерден бәршелеримизди Өзи аманда сақласын!

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

 орта арнаўлы ислам билим журты

 директоры Ж.Абдиразаков