Усы жылдың 19-сентябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 4-курс талабалары арасында «ИМАМ ТЕРМИЗИЙДИҢ ИЛМИЙ МИЙРАСЛАРЫН ҮЙРЕНЕМИЗ» ураны астында беллесиў болып өтти.
Бул беллесиў 3 шәрттен ибарат болып, биринши шәрт таңланған билет тийкарында муҳаддислердиң өмир баянын айтып бериў. Усы шәртте ҳәр бир топардың қатнасыўшысына жуўап бериў ушын үш минут ўақыт берилди.
Екинши шәрт беллесиўдиң мазмунына тийисли қысқа сораў-жуўаплар шәрти болып, бунда ҳәр бир топардың бир қатнасыўшысына он бес сораў төрешилер қурамы тәрепинен берилди.
Үшинши шәртте муҳаддислердиң өмирине байланыслы ибратлы ўақыялар атамасында сахналық көринис шөлкемлестириў. Бунда қатнасыўшыларға сахналық көринисти жарытып бериў ушын 7 минут ўақыт берилди.
Ҳәр бир төреши қурамы ағзасы қатнасыўшылардың сораўларға берген жуўапларына көре ҳәм көрсеткен сахналық көринислеринен келип шығып 1 баллдан 5 баллға шекем баҳалап барады.
Беллесиў жуўмағына көре 402-топар талабалары 39 балл менен биринши орынды қолға киритип, жеңимпаз болды. 401-топар талабалары 36 балл менен екинши орынды, ал 403-топар талабалары 30 балл менен үшинши орынды қолға киргизди.
Жеңиспаз болған топар ағзаларына билим журты жәмәәти тәрепинен мақтаў жарлығы ҳәмде қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Билим журты баспасөз хызмети