MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Билим журтында жаңа оқыӯ жылы басланды


2024-жылы 9-сентябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында жаңа оқыў жылының ашылыў кешеси болып өтти.
Кешемизде Мәмлекетлик гимнлеримиз жаңлағаннан соң билим журты директоры Жалалатдин Абдиразаков ашып берди. Кешеге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамматдин Разов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты оқытыўшысы, Филология илимлериниң профессоры Қабыл Мамбетов, билим журты оқытыўшылары, исши-хызметкерлер ҳәм талабалары менен диний тараў ўәкиллери қатнасты. Жаңа оқыў жылының ашылыў кешесине келген мийманлар қатнасыӯшыларды Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы қалаберсе басланып атырған жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, талабаларға алдағы оқыӯларында күш-ғайрат ҳәм табыслар тиледи.

Ашылыў кешесинен соң билим журты мәжилислер залында «Ғәрезсизлик — уллы неъмат» атамасында илаж өткерилди. Кеше мийманлары тәрепинен Ғәрезсизлик шарапаты менен диний тараўларға жаратылған имканиятлар ҳәм буның арқасында көплеген унамлы жетискенликлерге ерискенликлеримизди қатнасыӯшыларға айтып өтилди

Илаждан соң талабалар өз топарлары менен белгиленген аудиторияларына кирип, Ҳәр бир топар бүгинги 1-жуплықтағы сабағын Өзбекстан мусылманлар басқармасы тәрепинен усыныс етилген бағдарлама тийкарында таярланған «Ғәрезсизлик сабағы» менен баслады.
Сабақта билим журтының барлық басқышындағы талабаларға алдыннан таярланған слайдлар ҳәм видеороликлер қойып берилип, оннан алынған жуўмақлар оқытыӯшысы менен биргеликте додаланды.
Сондай-ақ, сабақ барысында оқытыўшылар тәрепинен ақырғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, диний-ағартыўшылық тараўдаларға қаратылған имканиятлар тийкарында ерисилген нәтийжелер ҳәм өткен жылғы билим журты тәрепинен ерисилген жетискенликлеримиз айтылып унамлы өзгерислер айрықша атап өтилди.

Билим журты баспасөз хызмети