MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы диний билим журтлары басшыларының оқыў семинары болып өтти.


Бүгин 28-август күни «Кўкалдош» орта арнаўлы ислам билим журтында Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы Жоқары ҳәм орта арнаўлы диний билим журтлары басшылары қатнасыўында семинар болып өтти.
Семинарда барлық диний билим журтлары басшылары қатары Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ж.Абдиразаков қатнасты.
Бул семинар Қураны кәрийм тиләўаты ҳәм қайырлы дуўалар менен басланды соң 2024-2025 оқыў жылында диний билим журтларында тәлимниң сыпатын жәнеде асырыў, педагог-оқытыўшыларды илимий-изертлеў жумысларына кеңнен қамтыў бойынша Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары М.Мухаммадсидиков, Жоқары ҳәм орта арнаўлы диний билим журтларының басшы-кадрлар ҳәм педагог-оқытыўшыларын аттестациядан өткериўин жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўин, орта арнаўлы ислам билим журтлары оқыў режесине жаңа киргизилген пәнлер ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы Тәлим ҳәм илимий-изертлеў бөлими баслығы С.Шерхонов сөзге шықты.
Сондай-ақ, 2024-2025 оқыў жылының екинши семестр жуўмақлары, талаба ҳәм педагог-оқытыўшыларға қолай шәрт-шараятлар жаратыў бойынша алып барылып атырған жумыслар  есапланып, тийисли усыныслар берилди. Жоқары ҳәм орта арнаўлы диний билим журтларында 2024-2025 оқыў жылы ушын төлем-контракт муғдарын белгилеў, талабалар стипендиясы, педагог-оқытыўшы ҳәм де хызметкерлердиң айлық ис хақыларын асырыў мәселелери көрип шығылды.
Семинар дәстүри соңында, билим журтлары басшылары тәрепинен 2023-2024 оқыў жылы жуўмақлары, бар болған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ҳәмде 2024-2025 оқыў жылына таярлық барыслары хаққында есабатлар берилди.
Семинар 2023-2024 оқыў жылында ерискен жетискенликлер, әмелге асырылған жумыслар ҳәмде жол қойылған кемшиликлер айтып өтилди ҳәмде жаңа 2024-2025 оқыў жылында әмелге  асырылатуғын жумыслар менен режелер додаланды.

Билим журты баспасөз хызмети