Коррупцияға қарсы гүресиў ҳəр бир сап ҳүжданли инсанның, демократиялық жəмийет ҳəм мəмлекеттиң мүқаддес миннети,- Шавкат Мирзиёев.
Бүгинги күнде коррупция машқаласына жəҳəнниң дерлик ҳəр бир мəмлекетинде дус келиў мүмкин. Коррупция соңғы жылларда халық аралық көлемде трансмиллий жынаят ретинде кең талқылаў қылынып атырған темалардан бири болып табылады.
Айтып өтиў орынлы, коррупция келтиретуғын зəлел барлық мəмлекетлер ушын тең саналып, усы иллет мəмлекеттиң түрли тараўларына, атап айтқанда сиясий, экономикалық, социал, мəдений искерлик тараўыларында əмелге асырылып атырған реформаларға ҳəм де мəмлекеттиң халық аралық майдандағы имиджи ҳəм инвеститсия киритиўге унамсыз тəсир көрсетеди.
Муқаддес ислам дини, Қураны кәрийм ҳəм Пайғамбарымыз ҳəдислеринде де коррупция, пара алды-бердиси, биреўдиң ҳаққына қыянет етиў сыяқлы иллетлер қатты қараланған.
Аллаҳ таала “Бақара” сүресиниң 188-аятында “Бир-бириңиздиң мал-дүньяларыңызды наҳақ жол менен жемең. Билип турып адамлардың мал-дүньясынан гүна жолы менен бир бөлегин жеў (өзлестириў) мақсетинде ҳәкимлерге (ҳүким шығарыўшыларға) оннан бермең”, деп мусылманларды бундай ҳарам ислерден сақланыўға шақырады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам “Аллаҳ пара бергенди-де, пара алғанды-да ләнетлеген”, деп мәрҳәмәт қылған.
Коррупция, бириншиден, жəмийетте əдалатсызлик, теңсизлик ҳəм халықтың наразылығына алып келеди, бул болса барлық тараўдағы реформалардың нəтийжесине унамсыз тəсир етпей қалмайды; екиншиден, пуқараларымызда ҳуқықый аң ҳəм-де ҳуқықый мəденият жеткиликли дəрежеде емеслиги, өз ҳақ-ҳуқықын қорғай алмаслығы жəмийетте әдиллик тәрезисиниң бузылыўын көбейтеди.
Солай екен әзийзлер, нызам шеңберинде-де, шәрият көрсетпелеринде-де қатаң қадағаланған бундай иллеттен жырақ болайық. Әлбетте, бәршемиз бул иллеттен жиркенип, мәмлекет ҳәм дин алдындағы жуўапкершиликти ойлаған ҳалда узақ болсақ, мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар унамлы тәрепке өзгериўи анық болып табылады.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы И.Шерниязов