Аллаҳ таалаға Оның уллылығына жараса ҳамду сәнелер болсын!
Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа алайҳиссаламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!
Мусылман адамды күпирде айыплаў, яғный оны қылған кәбийра (үлкен) гүналары себепли «кәпир» деп айтыў мәселеси бүгинги күнимизде тез-тез қозғалып туратуғын мәселеге айланған. Бундай үлкен гүналарға төмендегилерди мысал етип келтириўимиз мүмкин:
– ата-анаға ақ болыў;
– урылық етиў;
– зина қылыў;
– хамр (арақ) ишиў;
– адам өлтириў ҳәм тағы басқа.
Ҳәр түрли бузғыншы ағымлар Ислам ҳаққындағы надурыс түсиниклери себепли әйтеўир нәрсеге көпшиликти кәпир ямаса мушрикке шығарып жибере береди. Әлбетте, ҳәр бир машқаланың себеплери болғаны сыяқлы, адамларды аңсат ғана кәпир я мушрикке шығарып жиберетуғынлардың көбейиўиниң де өзине тән себеплери бар. Бул себеплерди тереңнен үйренген ақыйда илими қәнигелери: «Бундай қәте түсиник тийкарынан адамлардың диний билими жоқлығынан пайда болады», деген.
Әлбетте, муқаддес динимизде мусылман адамды кәпирге шығарып жибериў аңсат нәрсе емеслиги ҳәм бул исти қылғанлар қатты гүнакар болыўы атап айтылған. Соның ушын да, қатты абайлы болыўымыз керек. Өкинишли тәрепи ҳәзирги күнде адамларды кәпирге шығарыўға қуштар кимселер көп. Негизинде, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи де жоқарыдағыға уқсаған ислерге қарсы болған.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ләә иләәҳә иллаллоҳу», деген адамға тиймеў: Гүнасы себебинен оны кәпирге шығармаймыз. Әмели себепли оны Исламнан шығармаймыз», деди». (Әбиў Даўыт рәўият қылған).
Яғный, кәлиймайы шаҳадатты айтып, өзиниң мусылман екенин билдирип турған адамға тиймеў, оның жанына, мал-мүлкине қол қатылмаў керек. Имам Бухарий Ибн Умар ҳәм Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдиси шәрийфте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Қашан бир адам өзиниң бирадарына «Ҳәй, кәпир» десе, екеўиниң биреўи сондай болады», деген.
Яғный жаңағы адам кәпир болмаса, оны «кәпир», деген адамның өзи кәпир болады. Себеби мусылманды кәпир деўдиң ҳүкими усындай. Демек, биреўди кәпир деп айтыўдан алдын инсан бул гәпи өзине қайтыўы мүмкин екенин де ойлап көриўи шәрт. Аллаҳ таала ҳәммемизди бундай иллетлерден аман сақласын!
Муҳаммад ибн Аҳмад Ал-Беруний ўрта махсус ислоь билим юрти ўқитувчиси Низаматлинов Толеген