Ҳәзирги күнде салафийлер тәрепинен көтерилетуғын мәселелерден бири намазда имамға уйыған адам «Фатиҳа» сүресин қирәәт қылыўы мәселеси болып есапланады. Салафийлерге көре, жәҳрий (даўыслап) оқылатуғын намаз болса да, махфий (ишинен) оқылатуғын намаз болса да имамға иқтида қылған адам «Фатиҳа» сүресин өзи ишинен оқыўы парыз, дейди. Олар буған Имам Бухарий ҳәм басқа муҳаддислер рәўият қылған Пайғамбарымыз алайҳиссаламның:
«Фатиҳаны оқымаған адамның намазы намаз болмайды», деген ҳәдисин дәлил қылады.
Негизинде болса, ҳанафий мәзҳәбинде имам қирәәт қылып атырған ўақытта оған иқтида қылған (уйыған) адам ишинен қирәәт қылыўы макруҳи таҳриймий әмел есапланады. Әсиресе, имам жәҳрий қирәәт қылғанда иқтида қылған адам оны тыңлаўы ўәжиб. Себеби Аллаҳ таала Аъроф сүресинде:
«Қуран тилаўат қылынғанда оны тыңлаң ҳәм тыныш турың. Қәнекей, рейим қылынсаңыз!» — деген (204-аят).
Ибн Жәрир, Ибн Әбиў Ҳатым, Ибн Мардаўайҳ ҳәм Ибн Асакирлер Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан бул аят саҳабалар намазда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның артында турып, даўыслап қирәәт қылған гезинде нәзил болғанын рәўият қылған. Демек, буннан намазда имам қирәәт қылғанда оған иқтида қылған адам имамның қирәәтин тыңлаўы ҳәм тыныш турыўы лазым екени келип шығады.
Салафийлер тәрепинен жоқарыда келтирилген «Фатиҳа» сүресин оқыў лазым екенин аңлататуғын ҳәдис ҳәм оннан басқа рәўиятларға ҳанафий уламаларымыз «Бул ҳәм буннан басқа усы мазмундағы ҳәдиси шәрийплер жалғыз намаз оқып атырған адамға тийисли», дейди. Себеби көплеген ҳәдислерде имамның қирәәти оған иқтида қылған адам ушын да жетерли екени анық айтылған. Мәселен:
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деген:
«Имам иқтида қылыў ушын тайынланған. Солай екен, ол қирәәт қылғанда сизлер тыныш турың» (Имам Әбиў Даўыт ҳәм Имам Насаий рәўият қылған).
Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Нәбий алайҳиссалам:
«Имамның қирәәти оған уйыған адам ушын да қирәәт», — деген. (Имам Ибн Мажа рәўият қылған).
Ата ибн Ясардан рәўият қылынады:
Ол Зайд ибн Сәбиттан имам менен (намазда) қирәәт қылыў ҳаққында сорады. Сонда ол: «Ҳеш бир нәрседе имам менен бирге қирәәт қылыў жоқ», деп жуўап берди. (Имам Муслим рәўияты).
Шәқийқ ибн Саламадан рәўият қылынады:
Бир адам Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудың алдына келип: «Ҳәй Әбиў Абдураҳман, имамның артында қирәәт қыламан ба?», деп сорады. Сонда ол: «(Имам оқып атырған) Қуранға қулақ тут. Себеби намазда сени бәнт қылатуғын нәрсе бар. Имамның өзи саған жетерли», деди. (Имам Абдурраззақ ҳәм Имам Ибн Әбиў Шайбалар рәўият қылған).
Улыўма алғанда, буған уқсаған көплеген рәўиятларды келтириўге болады. Имам Әбиў Ҳанифа раҳматуллоҳи алайҳтың устазы болған танымал табеин Имам Шаъбий былай дейди: «Мен Бәдрде қатнасқан саҳабалардың жетписин көрдим. Олардың барлығы имамға иқтида қылған адамның қирәәт қылыўынан қайтаратуғын еди» («Фатҳу бабил иная» китабы).
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, жоқарыдағы аят ҳәм ҳәдислерден анық көринип турғанындай, имамның артында иқтида қылыўшылар қирәәт қылмаўы көпшилик саҳабалардың тутқан жолы екен. Соның ушын да ҳанафий мәзҳәбимиз фақиҳлери имам жаҳрий (даўыс шығарып) қирәәт қылғанда да, махфий (ишинен) қирәәт қылғанда да оған уйыған адам қирәәт қылыўы жайыз емес, деген.
Караматдин Нажиматдинов
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты мударриси