🗣 «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтына 2024-2025 оқыў жылы ушын ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 20-июньнан басланды.
📆Қабыллаў процесси 20-июньнан 20-июльға шекем OFFLAYN FORMADA (Екшемби ҳәм байрам күнлеринен тысқары) саат 09:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди.
🗂 Керекли ҳүжжетлер:
📝билим журты директоры атына арза;
🪪 паспорт яки ID карта нусқасы (түп нусқа көрсетиледи);
📚 мағлыўматы ҳаққында аттестат яки диплом (түп нусқасы)
👤 3,5 х 4,5 көлеминдеги 6 дана реңли фото сүўрет (ақырғы үш айда алынған ҳәм арқа фоны ақ реңде болыўы талап етиледи)
✅ шет тилин билиўи ҳаққындағы сертификат (мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген шет тилинен басқа шет тил бойынша тест тапсырыўшылар ушын) түп нусқасы.
‼️ Билимлендириў мәкемелерин алдыңғы жылларда питкерген абитуриентлер тестке кириў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси яғный 170.000 сум төлем төлеў керек болады. Усы жылда оқыўды тамамлаған абитуриентлерден болса төлем өндирилмейди.
📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, Билимлер гузары көшеси, 1а-жай.
☎️ Телефон номер: +998(55)101-55-12
👨💻Билим журты баспасөз хызмети