📢 Өзбекстан мусылманлары басқармасы билим ҳәм илимий-изертлеў бөлими 2024-2025 оқыў жылы ушын жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтларына абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл қылыў сәнелери белгиленди:
⏺ Ташкент ислам институты, Мир Араб жоқары медресеси ҳәм де орта арнаўлы ислам билим журтларына усы жыл 20-июнь күнинен 20-июльға шекем;
⏺ Ҳәдис илими мектебине 20-июнь күнинен 10-июльға шекем;
⏺ Ташкент ислам институтының Модуль тәлим системасына 10-июль күнинен 30-июльға шекем.
🗣Орта арнаўлы ислам билим журтларына оқыўға кириў нийетинде болған абитуриентлер қабыллаў комиссиясына тѳмендеги ҳүжжетлерди тапсырады:
📝билим журты директоры атына арза;
🪪 паспорт яки ID карта нусқасы (түп нусқа көрсетиледи);
📚 мағлыўматы ҳаққында аттестат яки диплом (түп нусқасы)
👤 3,5 х 4,5 көлеминдеги 6 дана реңли фото сүўрет (ақырғы үш айда алынған ҳәм арқа фоны ақ реңде болыўы талап етиледи)
✅ шет тилин билиўи ҳаққындағы сертификат (мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген шет тилинен басқа шет тил бойынша тест тапсырыўшылар ушын) түп нусқасы.
🟢Мағлыўмат орнында: Жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтларының тест сынақларына қатнасыў ушын абитуриентлерден базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төлем өндириледи. Усы жылда оқыўды тамамлаған ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлерден болса төлем өндирилмейди.
📢 2024-2025 оқыў жылы қабыллаў процеслери ҳаққында соңғы жаңалықларды https://t.me/qabulmuslimuz телеграм каналында бақлап барыўыңыз мүмкин.