"MUHAMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, taháratxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı káriym hám tájwiyd” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları basqarmasınıń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy ornina- orta arnawlı islam bilim jurtında 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ДИНИМИЗДЕ ПЕРЗЕНТ ТӘРБИЯСЫ

Ата – ана болыў үлкен бахыт. Бул бахытқа миясар болғанлар да болмағанлар да бар. Баланың қандай болып кәмалға келиўи ата-ананың қандай өрнек болғанының жемиси есапланады. Ата-ана ибраты жәмийет келешегин белгилеп берери сөзсиз. Ата-ана алдында сондай қурамалы, даўамлы ўазыйпа турар екен, оның жуўапкершилигин сезиниўи лазым.

Муқаддес динимизде балалар тәрбиясы ата-аналардың ең жуўапкерли ҳәм узақ даўам ететуғын миннетлери есапланады. Басқа миннетлер айырым бир ислерди қылыў менен жуўмақланса, перзент тәрбиясы даўамлы болатуғын жуўапкерли ислерден. Негизинде, ата-ананың усы перзентти Аллаҳ таала оларға бергени ушын қылатуғын шүкирлери де усы перзентти тәрбиялаўдай үлкен исти мойынларына алып, жуўапкершиликли ҳалда атқарыўлары менен болады.

Тәрбия арабша сөзден алынған болып, «өсириў, дүзетиў, зыяда қылыў» мәнилерин аңлатады. Имам Байзаўий тәрбия ҳаққында былай деген: «Тәрбия бир нәрсени әстелик пенен кәмалға жеткериўге айтылады».

Аллаҳ таала ҳәр бир нәрсени себеплери менен жаратқан. Жас бала бир гүл, нәўше сыяқлы, егер ўақтында тәрбия берилмесе, солады я қыйсық болып өседи. Перзент те тап сондай. Өз ўақтында тәрбия берилмесе, жәмийетте өз орнын табалмай, қыйсық жолдан жүрери тәбиий. Соның ушын да, динимизде перзент тәрбиясына үлкен итибар берилген.

Перзент тәрбиялағанда ата-ана оларға ҳадал тағам ишип-жегизиўи керек, тақўалы болыўына итибарлы болыўы, мийирман, ғамхор болыўы лазым. Парахорлық, урлық, алдаў жолы ҳәм басқа да ҳарамнан табылған қаржыдан азықландырмаў шәрт.

Тәрбияның бир бөлеги – балаға жақсы әдеп үйретиў. Әдеп – бул мақтаўға ылайық сөз ҳәм әмеллерди қылыў, жақсы минез-қулықларды услаў, өзиңнен үлкенлерди ҳүрметлеп, кишилерди иззет қылыў, перзентке бир нәрсе алып беремен деп алдамаў ҳәм т.б. ислер киреди. Пайғамбар алайҳиссалам өзиниң мүбәрек ҳәдиси шәрийфлериниң биринде: Абдуллаҳ ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Бир күни Пайғамбар алайҳиссалам үйимизде отырғанында, анам мени шақырып: Бери кел, бир нәрсе беремен, — деди. Сонда Пайғамбар алайҳиссалам оған: «Не бермекшисең?» — деди. Мен хурма бермекши едим, — деди. Сонда Пайғамбар алайҳиссалам оған: Бирақ, оған ҳеш нәрсе бермегениңде, саған өтирик жазылар еди», деди. Бул ҳәдиси шәрийфте ананың бир аўыз сөзи де бала тәрбиясында үлкен тәсири бар екени айтылмақта.

Ата-ана балаларына жақсы сыпатларда өрнек болыўы менен бирге, оларға әдеплерди қунт пенен, зерикпестен үйретип барыўы зәрүр. Себеби, ата-ананың перзентлерге беретуғын нәрселериниң ишинде ең қымбатлысы ҳәм зәрүри әдеп есапланады. Саид ибн Ос разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳеш бир әке өзиниң перзентине жақсы әдеп үйретиўден артық ҳәдия қыла алмайды», деди.

Бала ата-анасы алдындағы аманат болып, оның қәлби таза гәўҳардай болады. Егер ол жақсылыққа үйретилсе, жақсы болып өседи. Усындай етип тәрбиялағаны ушын, оның саўабы ата-анасына ҳәм тәрбияшыларына жетеди.

Аллаҳ таала бәршелеримизди усындай машаққатлы ҳәм перзент тәрбиялаўдай уллы жолда таўсылмас күш-жигер инәм етсин.

Жалалатдин Абдиразаков, Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры