MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

БИЛИМ ЖУРТЫМЫЗ ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНИҢ«ХАТМАНА – 2024» БАЙРАМ КЕШЕСИ ӨТКЕРИЛДИ

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында “ХАТМАНА – 2024” питкериў кешеси болып өтти.
Бул кешени билим журт директоры Ж.Абдиразаков ашып берди ҳәм кешемизге келген мийманларды қатнасыўшыларға таныстырды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, билим журты оқытыўшылары, хызметкерлери, талабалары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.
Илаж Қураны кәрийм тиләўаты ҳәм дуўалар менен басланды. Илаж даўамында Р.Нуразизов питкериўшилерди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси атынан қутлықлап, питкериўшилердиң алдағы жумысларында табыслар тиледи. Сѳз нәўбети Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовқа берилди. Ол өз гезегинде питкериўшилерге насиятларын берип кешемизге келген ата-аналарды усы байрам менен қутлықлады. Соң билим журты директоры Ж.Абдиразаков питкериўшилерге алдында турған жуўапкершиликли ислери ҳақкында тоқтап өтти ҳам алдағы ийгиликли ислеринде табыслар тиледи.
Илаж даўамында кешемизге келген мийманлар ҳәм билим журты директоры тәрепинен өз әдеп-икрамлық пазыйлетлери менен басқаларға ѳрнек болып ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық ис-илажларда белсенди қатнасып сыйлы орынлар алып келген талабаларға ҳүрмет жарлықлар менен саўғалар тапсырылды.
Сондай-ақ, үлгили талабалардың ата-аналарына билим журты жәмәәти атынан алғыснамалар берилди.
Илаж соңында билим журты талабалары тәрепинен Қуран тиләўат қылынып, саўабы Ўатанымыз, халқымыз, динимиз ушын усы елде хызмет еткен уламаларға, устазларға ҳәм басқа да марҳумларға бағышланды.
Усы тәризде «Хатмана – 2024» питкериў кешеси көтериңки руўхта жуўмақланды.

Билим журты баспасѳз хызмети