MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Мазҳабсызлық адасыўға алып барыўшы жол

Ислам динине еркинлик берилгеннен кейин түрли ағымлар мәмлекетимизде өзиниң бузғыншы идеяларын тарқатыўға урынды. Олар бул жаўыз нийетлерин жаслардың аңына сиңдириўге урынып, бир қанша жасларымыздың аңын зәҳәрлеўге де  еристи. Диний ақыйдапараслар ески аўқамның жетпис жыллық зулымынан кейинги пайда болған идеялық бослықты өзлериниң жаман мақсетлери менен толтырмақшы болды.

Журтымыз аймағында да  мине нешше әсирлер даўамында ҳанафийлик мазҳабы кең тарқалғаны ҳәм ата-бабаларымызда мине усы мазҳабда болған.

Халқымыздың 85% бөлеги Ислам дининиң ҳанафий мазҳабына итиқад қылады. Гейде мусылманлар арасында «Қуран  ҳәм Ҳәдис турғанда шәрият имамларының бизлерге некереги бар? Не ушын исламымызды Аллаҳ таала ҳәм оның  Расули саллаллаҳу алайҳи ўа салламның  иләҳий тәғдирге көре қәтелерден пәк болған сөзинен алмастан, керисинше қәтелерден аўлақ болмаған, имам Әбиў Ҳанифа, имам Малик, имам Шафеий ҳәм имам Аҳмад сыяқлы мужтаҳид имамлардың фиқҳий мазҳабына еремиз?» деген сораў пайда болып қалады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер қазы ҳүким шығарып, ижтиҳад қылса ҳәм ол туўры таўса, еки саўап алады. Егер ол ҳүким шығарып, ижтиҳад қылса, бырақ ол қәте болса, бир саўап алады», – деп марҳамат қылған. (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты).

Бул ҳәдистеги қазыдан мақсет, ҳәр бир тараўда толық илимге ийе болған шахс, яғний мужтаҳид көзде тутылған. Мужтаҳидлик болса араб тили ҳәм классик араб әдебияты, фиқҳ ҳәм усулул-фиқҳ, тәфсир ҳәм ҳәдис сыяқлы илимлерди терең ийелеген, Ислам тарийхы ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳ ўа салламның өмир баянын толық билген алым инсан болыўы керек. Буннан тысқары мужтаҳид шәрий дереклер ҳәм олардан шәрий ҳүкимлерди шығарыў жоллары ҳәм қағыйдаларын жақсы ѳзлестирген, жасап турған мәмлекетиндеги сиясый, социяллық ҳәм экономикалық жағдайды аңлап билетуғын, ой-өрисли, адалатлы, ҳәр қандай жағдайда да Исламды қорғай алатуғын, жүрекли, кишипейил ҳәм мәмилели, тақўалы ҳәм ибадатлы, бир сөз бенен айтқанда, мәнаўий ҳәм руўхый жетик, басқаларға өрнек болатуғын пазийлетлерге ийе болыўы шәрт. Бундай пазийлетлерге ийе болған мужтаҳидке ергесиў, ол шығарған ҳүкимлерге итаат етиў ҳәр бир ергесиўши ушын мәжбүрий есапланады. Төрт фиқҳий  мазҳаблардың тийкаршылары да әне сондай пазийлетлердиң ийелери болған.

Керисинше мужтәҳидлик дәрежесине жетпеген шахстың ижтиҳад қылыўы жынаят есапланады. Сол ҳәм  соған уқсас тартысыўлар, фиқҳ илими ҳәм бул илимниң исламға қаншелли байланыслылығын билмесликтен келип шығып атырғанлығы бәршеге мәлим.

ХХ әсир соңында мусылман әлеминде Ислам нықабы астындағы ақыйдапараслық топарларынан тысқары және бир қәўиптиң жаңа қатламы пайда болды. Ол да болса мазҳабcызлыққа шақырыўшылар тайпасы. Ҳәрекет тәрепдарларының айтыўынша, Исламда оған итиқад қылыўшы шахс ушын сүннийликтеги төрт фиқҳий мазҳаблардың бирине ергесиў шәрт қылынбаған. Егер мусылман шахс, бир шәрий мәселеде олардан бириниң жолын өзине лазым тутса, ол ашықтан-ашық тақлид қылғаны ушын қәте қылыўшы ҳәм дининен ажыралған фирқа ҳәм топарлардағы шахслар сыяқлы адасады, дейди.

Бул тайпаға кириўши шахслар Исламға әмел қылыўдың тийкарында тек ғана Китап (Қуран) ҳәм сүннет турыўы лазым екенин айтады. Олардың пикиринше, бул еки дерек қәтелерден узақ. Бирақ, фиқҳий мазҳабларға ериў болса, Китап ҳәм сүннет тәлийматынан көре, көбирек шахслар ижтиҳад (пикир)ларына ергесўи менен сыпатланады. Бул болса, қәтеге жол қойыў ҳәм кемшиликлерден узақта болыўын толық кепиллей алмайды. Қалаберсе, Исламдағы фиқҳий мазҳаблар ҳижрий III әсирден соң пайда болғанлығы итибарынан, бидъат ислерден саналып, сүннет тәлийматына көре ҳәр бир динге киритилген жаңалық шубҳасыз адасыўға ҳүким қылынған.

Бундай  тайпаларға жуўапты саҳабалардың өмиринен алсақ орынлы болады. Саҳабалардың бәршеси де Аллаҳтың Китабы ҳәм Расулуллаҳтың сүннетине ғана ерген. Олар қандайда бир мәселеде Қуран ҳәм сүннеттен дәлил таўа алмай қалғанда ғана ижтиҳадқа қол урған. Бул болса, тийкарғы итибар қаратылатуғын ҳәм ергесилетуғын жағдай. Соның ушын да мазҳаб тутып, мужтаҳид имамға ергесиў Аллаҳты ҳәм Оның Расулин қойып адасыўда, деп баҳаланбайды.

Өзлерин ислам дининиң пидәйилары деп жар салып атырған бул тайпа тәрептарлары Қуран ҳәм сүннет турғанда фиқҳий мазҳабларға ериў әйне мусылманлар ортасында келиспеўшилик пайда болыўына себеп болыўы ҳәм бул олардың бирлигине қәўип туўдырып атырғанлығы айтылып атыр.

Негизинде, мазҳабсызлықты жайыўдың өзи келиспеўшилик дереги болып, Ислам дини, тийкарынан мусылманлар бирлигине үлкен қәўип туўдыратуғын себеп екенлигине гүман жоқ. Олар өзлерин мазҳабсыз деп айтады-да, негизинде өзлери де намаз ҳәм басқа ибадатларда сол төрт белгили мазҳаб имамларынан бирине ергеседи. Мазҳаб уламалары ҳәм олардың тақыўасы ҳәм илимлери ҳаққында жоқарыда сөз жүритилди. Бул орында оларды және тәкирар келтириўдиң қәжети жоқ. Мазҳабқа ериў, негизинде адасыўдан узақ болыў демек.

Мазҳабтан жүз бурыў салафи солиҳ жолынан жүз бурыў болып, адасыўға алып барады. Соның ушында  заманымыздың белгили алымларынан доктор Муҳаммад Саид Рамазан Бутий: “Мазҳабсызлық ислам шәриятына қәўип салатуғын қәтерли бидъат”. деген.

Мужтаҳид Абдуллаҳ ибн Ўаҳб: «Мен 360  уламаны көрдим. Егер имам Малик ҳәм имам Лайс болмағанында олардың илимлеринде адасып кетер едим”. Имам Маликтиң шәкирти болған маликий мазҳабы мужтаҳиди Ибн Ўаҳб айтпақшы, ҳәдислерди түсиниўде ҳәм қайсы ҳәдиске ергесиўде имам Малик түсиник бермегенде адасар екен. Және ол айтады: “Бәрше ҳәдис билимлери егер фиқҳ имамы болмаса адасар еди. Имам Таҳаўий, Ибн Сурайж, Қудурий, Сарахсий, Жуўайний, Ғаззалий, Набаўий ҳәм көплеген мужтаҳид уламалар төрт мазҳабтан бирине ергескен. Итибар берсек, олардың илимлери теңиз болып, бүгинги күнде бәрше мусылманлар олардың илимлеринен пайдаланып келмекте.

Ҳақийқатында да, динде ергесилетуғын имамлардың бәршеси беккем ҳидаятта. Олардың мазҳабларынан қай бири бир журтта тарқалған болса ҳәм оның уламалары көп болса,  ижтиҳад дәрежесине жетпеген адам ушын сол мазҳабқа ергесиўи ўәжиб болады. Оған өз журтында мазҳабы тарқалмаған ҳәм уламалары көп болмаған имамның мазҳабына ергесиўи дурыс емес. Себеби, бундай жағдайда бул мазҳабтың бәрше ҳүкимлерин үйрениў имканы болмайды. Буны жақсы түсинип алың. Инша аллаҳ, ҳақийқат буннан басқада емес»[1], дейди.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, бул заманда бир мазҳабқа ергесиў  ўәжиб.   Төменги халқ болама, фақиҳ болама, басқа мазҳабқа өтиўи қараланады. Имам Аҳмад  өзинен алдынғы мазҳаблар ҳаққында былай деп айтады: «Ким динде ергеси жоқ десе, ол Аллаҳ ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳ ўа саллам алдында пасық болыпты, әҳли сүннадағы мазҳаб ийелери биз пайдаланып атырған илимди бизге жеткизген. Биз олардан ҳәдислерди алып, сүннетти үйрендик. Олар исенимли, ергесиўге арзыйтуғын  имамлар. Олар сизлерден алдын болған, сондай екен, олардың жолында болып, үйрениңлер ҳәм үйретиңлер»[2] деген.

Шайх Рамазан Бутий айтады: «Мазҳабсызлық диннен шығып кетиўге алып барыўшы көпир»[3]. Бундай ҳәрекетлер болса ҳәдислерде ҳәм уламалардың шығармаларында қатты қараланған. «Қуръан ҳәм ҳәдиске ғана әмел қыламыз», – деп өзлерин мужтаҳид билип, мазҳабларды инкар қылып атырғанлар негизинде, бул ҳәрекетлери менен диний  ҳәм ақыйдалық бирликке тосық болып атырғанын дәлиллейди. Қалаберсе, бундай шақырықлар әсирлер даўамында бар болып киятырған мазҳаблар тийкаршылары ҳәм олардың тәлийматларына қарата жала болып, мусылман адамды адастырыўға қаратылғанына жуўмақ қылыў орынлы болады.

«Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы

ислам билим журты оқытыўшысы: К.Смамутов


[1] Аллама Зафар Аҳмад Усманийдиң “Эълоус-сунан”, 20 — жүз, 195 — бет.

[2] Ҳидоят ортига яширинган залолат.  – Ташкент: «Тошкент ислом университети» нашриёт матбаа бирлеспеси, 2010. 22-б

[3] Ҳидоят ортига яширинган залолат.  – Ташкент: «Тошкент ислом университети» нашриёт матбаа бирлеспеси, 2010. 23-б