«Қоңсы» дегенде үйи-жайы, бағы ямаса дүканы жақын инсанлар нәзерде тутылады. Бир сөз бенен айтқанда ҳәўли қоңсы, бағ қоңсы ҳәм дүкан қоңсыға уқсас қоңсылар болыўы мүмкин. Шәриятта жақсылық қылыў, жаманлық қылмаў нәзерде тутылған қоңсылар кимлер деген сораў туўылады. Исламда жәмийетлик байланыслар ҳаққында сөз еткенде, қоңсышылық байланысларына үлкен әҳмийет бериледи. Усы байланысларды шырайлы тәризде алып барыў ҳаққындағы тәлийматлар усынылады. Бул тәлийматлар болса, Ислам дининиң жәмийетлик байланысларды ийман ҳәм гоззал байланыс тийкарында алып барыўға қаратқан итибарынан келип шығады.
Аллаҳ таала Ниса сүресинде:
وَاعْبُدُواْ اللّهَ وَلاَ تُشْرِكُواْ بِهِ شَيْئًا وَبِالْوَالِدَيْنِ إِحْسَانًا وَبِذِي الْقُرْبَى وَالْيَتَامَى وَالْمَسَاكِينِ وَالْجَارِ ذِي الْقُرْبَى وَالْجَارِ الْجُنُبِ وَالصَّاحِبِ بِالجَنبِ وَابْنِ السَّبِيلِ وَمَا مَلَكَتْ أَيْمَانُكُمْ إِنَّ اللّهَ لاَ يُحِبُّ مَن كَانَ مُخْتَالاً فَخُورًا
«Ал ата-аналарға жақсылық қылың! Сондай-ақ, ағайин-туўысқанларға, жетимлерге, мискинлерге, ағайин қоңсыларыңызға, ағайин емес қоңсыларыңызға, қасыңыздағы жолдасларыңызға, жолаўшыларға ҳәм қолыңыз астындағыларға жақсылық қылың!»
Бул аяты кәриймада Аллаҳ таала бир қанша топар адамларға, солардан жақын қоңсылар ҳәм жан қоңсыларға жақсылық қылыўға буйрық берип атыр. Муфассир алымлар усы аятта зикир етилген «жақын қоңсыны» туўысқан қоңсы, яғный жақынлығы бар қоңсы, «жан қоңсыны» туўысқаншылығы жоқ қоңсы деп түсиндиреди.
Қоңсыға жақсылық қылыў ҳаққындағы ислам дининдеги тәлийматлар дүньядағы ҳеш бир динде ушыраспайтуғын көрсетпелер есапланады. Инсан баласы күнделикли мәмиле қылып туратуғын инсанларының ишине әлбетте қоңсылар да киреди. Керек болса, мүсийбет жеткенде ҳәм қуўанышлы күнлеринде оның менен бирге туратуғын инсанлар қоңсылар есапланады. Егер бир бендеге жақсы қоңсы берилген болса, оған көп жақсылықлар инәм етилген болады. Керисинше жаман қоңсы берген болса, басыңызға ҳәр түрли тәшўишлердиң түсиўине себеп болады. Қоңсыға жақсылық қылыў ҳаққында Пайғамбар алайҳиссаламнан бир қанша ҳәдиси шәрийфлер келген болып, олардан Айша разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдиси шәрийфте:
عن عائشة رضي الله عنها قالت : قال النبي ﷺ : “ما زال يوصيني جبريل بالجار ، حتى ظننت أنه سيوَرثه رواه البخري ومسلم والترمذي
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жәбрейил маған қоңсы ҳаққында соншелли көп ўәсият қылды, мен ол мийрасқа да шерик бола ма деп ойлап қалдым», деди. ИмамБухарый, ИмамМуслим, ӘбиўДаўытҳәмИмамТермизийлеррәўиятқылған.
Нафеъ ибн Әбдулҳаристан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Кең үй, салиҳ қоңсы ҳәм жақсы көлик мусылман инсанның бахты есапланады» деди.
Жоқарыда өткен Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде қоңсының ким екенлиги ҳәм олар менен мәмилени жақсы қылыў жәмийетте мусылман ушын тийкарғы байланыслардан бири екенлиги атап көрсетилген. Енди қоңсылар менен мәмиле қылған ўақытта керек болатуғын әдеплерге тоқталып өтетуғын болсақ, олар:
— қоңсығажақсылыққылыўҳәмоныкөргендесәлемлесип, ҳал—аҳўалынсораў;
— жақсыислердеоғанжәрдемберип, оғанкелетуғынжаманлықлардықайтарыў;
— қоңсығазыянбермеў, оғантекжақсылыққылыў;
— қоңсымененкөрискендеашықжүзлиболыпсәўбетлесиў, оларғааўқатүлесиптурыў;
— қоңсыныңмүтәжлигитүсипсиздиңалдыңызғақарызсорапкелгенўақтында, имкәниятыңызболсаоғанқарызбериў. Булқоңсыңыздыңсизгедегенисениминиңартыўынасебепболады;
— қоңсыңызнаўқасболғанындаоныбарыпкөриў;
— қоңсықайтысболса, оныңжаназамәресиминдеқатнасыў;
— қоңсыңыздыңүйиндеқуўанышлыўақыяжүзберсе, биргеликтеқуўанышынашерикболыў;
— қоңсыңызқатеисқылыпқойса, оныкеширипжибериў;
— қоңсыңыздыңүйине, шаңарақағзаларына, қызларынаҳәмҳәйелинеқарамаў;
— қоңсыңыздыңсырларынҳешкимгеайтпаў;
— қоңсыңыздытелевизордыңямасарадионыңдаўысынбәлентлетипмазасыналмаў;
— қоңсыңызөтетуғынжолдытарқылыпқоймаўҳәмоныңүйиниңалдынашығындытасламаўямасашығындысуўларынтөкпеў;
Жоқарыда зикир етилгенлерден басқа да, бир қанша көплеген қоңсышылық әдеплери бар. Әлбетте, ҳәр бир мусылман инсан бул әдеплерге жеке өзи әмел етип қоймастан шаңарақ ағзаларын да бул әдеплерге әмел етиўге шақырыўы ҳәм бул әдеплерди үйретип барыўы тийис. Аллаҳ таала бәршелеримизди қоңсыларымызға жақсы мүнәсебетте болып, тыныш-татыў жасаў бахтын несип етсин!Жалалатдин Абдиразаков, Нѳкис «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты директоры