MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Билим журтында 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине арналған ушырасыў кешеси өткерилди.

9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни мүнәсибети менен билим журтында ветеран нураний  устаз ағаларымыз бенен ушырасыў кешеси болып өтти.
Бул ушырасыўға билим журтымыз устаз оқытыўшылары, талабалары ҳәм  билимлендириў тараўының раўажланыўына көп жыллар даўамында мийнет етип жумыс ислеген ветеран ағамыз Б.Султанов қатнасты.
     Жыйналысты билим журты директоры Ж.Абдиразаков кирис сөзи менен ашып берди ҳәм қатнасыўшыларға 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мәмлекетимизде улыўмахалықлық байрам сыпатында белгиленетуғынлығын айтып өтти. Бүгинги белгиленип атырған байрамымыз сондай күн, бул байрам усы елде жасап атырған ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир үйге тиккелей байланыслы болған, олардың өмирине қандайдур терең из қалдырған тарийхый сәне есапланатуғынлығын айтып сөз нәўбетин кешемиз мийманына берди.
Бүгинги ушырасыў мийманы Б.Султанов өз баянатында Халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм мүриўбет бәрше байрамларымыз сыяқлы «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мысалында да айқын көринеди. Өткенлер яды сондай руўхый-күш қүдирет, ол инсанның инсанлығын аңлатыўшы, оны өтмиш ҳәм келешек пенен байлап турыўшы уллы қәдирият, иләҳий неъмат есапланады. Еслеў – халық мәпи ушын гүрескен, ел-журт ҳүрметине мияссар болған адамларға болған жоқары ҳүрмет белгиси екенлигин қатнасыўшыларға айтып өтти.
Ушрасыў соңында қатнасыўшылар өзлерине қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар алды

Билим журты баспасөз хызмети