MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Ислам ата-анаға жақсылық етиўге буйырады

Аллаҳ таала Қураны кәриймде ата-анаға жақсылық етиўге буйырып былай дейди:

«Биз инсанды ата-анасына жақсылық етиўге буйырдық» (Аҳқоф сүреси, 15-аят).

Ата-анаға жақсылық етиў төмендеги түрлерге бөлинеди:

— Ата-ана хызметлерин қалыс нийет пенен ислеў;

— Ата-ананы жақсы көрип уллылаў;

— Шәриятта қайтарылмаған ислерде мудамы оларға итаат етиў;

— Ата-ананы қуўандыратуғын ислерди қылыў;

— Ата-анадан алдын аўқатланбаў;

— Ата-ананың алдына кириўде де, шығыўда да сәлем бериў;

— Ата-ананың алдында даўысты көтермеў;

— Ата-ана ушын мал-мүлкин сарплаў;

— Ата-ана жақсы көретуғын адамларға да жақсылық етиў;

— Сапарға ата-ананың дуўаларын алып шығыў;

— Ата-ананы атлары менен шақырмаў;

— Ата-ананы кемситетуғын ислерден сақланыў.

Дүньядан өткеннен соң да ата-ананы разы қылыў зәрүр болады. Буны үш нәрсе менен орынлаў мүмкин болады:

1. Перзент Жаратқанның буйырғанына әмел қылып, қайтарғанларынан қайтса – жаманлықлардан тыйылса, солиҳ (жақсы, туўры) болса… (марҳум ата-ана разы болады). Себеби, ата-ана перзентлери солиҳ болғанынан қуўанғанындай басқа нәрседен қуўанбайды.

2. Олардың ағайинлерин, досларын зыярат етиў менен.

3. Ата-ана ушын Жаратқаннан кеширим – мағфират тилеў менен олар ушын (олардың атына яки олар атынан) садақа бериў ҳәм жақсылық (иҳсан) қылыў менен.

Ҳәдиси шәрийпте де ата-ана ҳақы зикир қылынған:

Бир күни бир адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: “Я Расулуллаҳ! Анам жүдә қартайып қалды. Баладай болып қалды. Нәрестелерге уқсаған ислерди қылады. Орнынан тура алмайды. Оған өз қолым менен аўқат беремен. Суўды да өз қолым менен иширемен. Таҳәратына жәрдем беремен. Соң жайнамазына арқалап көтерип алып бараман. Қәлеген жерине көтерип алып бараман. Я Расулуллаҳ, анамның ҳақын өтей алдым ба, разы ете алдым ба, жоқ па?”, деп сорады.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Анаңның ҳақының жүзден бирин де өтей алмағансаң”, – деди.

Ол адам: “Неге? Мен анамның айтқанын еки қылмайман-ғой”, деди.

Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Анаң саған: “Улым өсип-өнсин, уллы адам болсын”, деп хызмет етип көтерип жүрген. Ал, сен оған: “Енди анамның өмири аз қалды. Жақында қайтыс болады”, деп хызмет етип атырсаң. Бул хызметлердиң нийетлери арасында аспан менен жердей парық бар. Соның ушын сен анаңа қанша хызмет етсең де ҳақын орынлай алмайсаң. Буны жақсылап билип ал, ҳеш бир перзент ата-анасының ҳақын өтей алмайды. Буны жақсылап билип ал, сен анаңа хызмет етиўиңди Аллаҳ таала буйырған ҳәм буның ушын сен уллы саўапларға ерисесең. Ата-ананың разылығын алған адам анық Аллаҳ тааланың разылығына ериседи”, дейди.

Уламаларымыз өмиринде де ата-ананы қәдирлеў туўрысында үлгили ўақыялар болған.

Бир жигит уламалардан биринен:

«Ата-анам ушын бериўим мүмкин болған ең абзал саўға не?» деп сорады. Улама жуўап берип: «Солиҳ (жақсы) болыўың оларға ең жақсы саўға болады» деди. Бул ҳаққында ойлап көр ҳәм ата-анаға жақсылық қылыўшы солиҳлардан болыў ушын қатты тырыс.

Басқа рәўиятта, бир Шайхтың алдына шәкиртлеринен бири келип:

— Устаз, дуўаларым қабыл болмай атыр неге бундай болып атыр екен? — деп сорады… Шайх:

— Ата-анаң бар ма? — деп сорады.

Шәкирт жигит:

— Аўа бар, Аллаҳқа шүкир ата-анам тири…

Шайх күлип:

— Мен сеннен ата-анаң тири ме деп сорамадым. Ата-анаң бар ма? Қылып атырған дуўаларыңда ата-анаң да бар ма? — деп сорадым.

Шәкирт басын ийип:

— Яқ, ата-анамды дуўаларымда зикир қылмас екенмен — деп, не ушын дуўалары әмелге аспай атырғанын аңлап, шайхтың алдынан шығып кетипти.

Әзизлер, ата-анамыз тири болса да, қайтыс болған болса да олардың ҳақларына жақсы дуўалар қылыў мәжбүриятымыз бар. Соны ҳеш ўақыт умытпайық!

Ҳәммемиз ата-аналарымыз разы болатуғын перзентлерден болыўымызды Аллаҳ несип етсин!

Жалалатдин Абдираззақов, Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси директоры.