MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ҲӘЙ ИНСАН! ӨЗИҢ АНЫҚ БИЛМЕГЕН НӘРСЕҢЕ ЕРМЕ!

Ислам илим, мәрипат ҳәм инсанның мәплерин қорғаўшы дин екенин бәрше жақсы аңлаўы лазым. Себеби, Кураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийф Исламның тийкарғы дереклери болыўы менен бирге, мусылманлар турмысын шөлкемлестириў ушын әҳмийетли қолланба болып та есапланады. Мине, усы жағынан, мусылманлардың мәплеринен келип шығып, инсан камалы ҳәм жәмийет пәраўанлығы, социаллық турақлылық ҳәм раўажланыўды гөзлеп Қуран ҳәм сүннетке тийкарланған ҳалда ҳүким шығарыў айрықша билим ҳәм тәжрийбени талап етеди.
Исенимли дереклеримизде, шәриятқа муўапық деп тән алынатуғын дәрежедеги ҳүкимди шығарыў ҳәм де пәтуа бериў ҳуқықына ийе болыў, инсанға бириншиден араб тили, Қуран ҳәм ҳәдис илимлери, усулул фиқҳ ҳәм ислам тарийхы сыяқлы бир қанша илимлерди жүдә терең ҳәм жетик ийелеў ўазыйпа етип койылады.
Аллаҳ таала Әли Имрон сүресиниң 7-аятында: «Ол сизлерге Китапты (Қуранды) нәзил етти. Онда Китаптың «анасы» есапланған айдын аятлар да бар ҳәм муташабиҳ (мәнисин Өзинен басқа билмейтуғын) аятлар да бар. Кеўиллеринде (ҳидаяттан) аўыў бар кимселер (адамларды) алаўызлыққа салыў мақсетинде ҳәм өзиниң талқылаўына қарап мәни бериў мақсетинде оның (Қуранның) муташабиҳ болғанына (аятларына) ереди. Оның (негизги) мәнисин Аллаҳтан басқасы билмейди. Илимде беккем болғанлар: «Оған ийман келтирдик, ҳәммеси Рәббимиз алдынан», — дейди. (Буннан) тек ақыл ийелери ғана еслетпе алады», — дейди.
Имам Термизий раҳматуллаҳи алайҳ рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Куран (аятлары) ҳаққында өз пикири менен сөйлесе (тәфсир қылса), туўры айтқан болса да, қәте қылыпты», — деген. Яғный, ким тән алынған устаздан илим алмай, өзинше Қуранды тәфсир қылыўға кирисип, туўры тәфсир қылған жағдайда да, бәри бир қәтеге жол қойған ҳәм аўыр гүна қылған болады. Ал, буннан устаз көрмей, илимсиз рәўиште Қураны кәриймди тәфсир қылыў ҳәм соның менен бирге илимсиз рәўиште пәтўа бериў жүдә қәўипли екени белгили болады. Ал, «Исро» сүресиниң 36-аятында Аллаҳ таала: «(Ҳәй инсан!) Өзиң (анық) билмеген нәрсеңе ерме! Әлбетте, қулақ, көз ҳәм кеўил — әне солардың ҳәммесинен (ҳәр бир инсан) соралады (жуўапкер)», — деген. Бул аят ҳаққында Қатада раҳимаҳуллаҳ: «Көрмеген нәрсеңди «көрдим», еситпеген нәрсеңди “еситтим”, билмеген нәрсеңди “билемен” деме! Себеби, Аллах таала булардың ҳәммеси ҳаққын да сеннен кыямет күни сорайды», — деген.
Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады: “Илим үш түрли болады: сөйлеўши китап, беккем усланатуғын сүннет әмел ҳәм билмеймен деп айтыў”, деген.
Демек, бул ҳәдистен көрсек болады алым адамнан билмейтуғын нәрсеси соралса, билмеймен деп айтыўы, ямаса Аллаҳ таала билиўширек деп айтыўы лазым. Сораған нәрсесине билмеймен деп жуўап бериўи, оныӊ дәрежесиниӊ түсиўине себеп болмайды. Себеби, саўлатлы алымныӊ айрым мәселелерге билмеймен деп жуўап бериўи, оныӊ дәрежесиниӊ көтерилиўине себеп болады.
Ҳәзирги күнде ислам динин нықап қылып алған айрым ағымлар тереӊ билимге ийе болмаса да, өзиниӊ ақылынан келип шығып пәтўә бериўге урынбақта. Бул болса өз гезегинде сол ағымларға ерген инсанлардыӊ туўры жолдан адасыўына ҳәм ақыр-ақыбет жаман жолларға кирип кетиўине себеп болмақта.
Соныӊ ушын ҳәр бир мусылман инсан өзи түсип турған ҳалаттан келип шығып, сол тараўдыӊ жетик қәнийгесинен сораса ҳәм өзине керекли жуўапларды тараў қәнийгесинен алса, мақсетке муўапық ис болар еди. Егер сол тараў қәнийгеси сораўға жуўапты билмесе ҳеш екиленбестен билмеймен деп жуўап берсе, дана халқымыз айтқандай “Билмегенин сорап үйренген алым, арланып сорамаған өзине залым” деген гәпке муўапық келген болар еди.   
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Ҳайтмурат Ережепов