Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 26-январьдағы «Индикринология хызметин жеделлестириў ҳәм көлемин кеңейтиў ис-илажлары ҳаққындағы ПҚ-102-санлы Карарында белгиленген тапсырмаларын орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде Академик Я.Х.Турақулов атындағы РИЭИАТМ орай хызметкери О.К.Атабаев тәрепинен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында устаз-оқытыўшылар ҳәм талабалар менен биргеликте семинар тренинг өткерилди. Семинардың тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары қантлы диабетли ҳәм йод жетиспеўшилик жағдайлары бирлемши профилактика қылыў ҳалықтың саламат турмыс тәриз мәдениятын асырыў темасында алып барылды.
Билим журты баспасөз хызмети