2024-жыл 16-апрель сәнесинде Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында Өзбекстан мусылманлары басқармасы Тәлим ҳәм илимий изертлеў бөлими қәнигеси А.Дўстматов, Өзбекстан мусылманлары басқармасы Мешитлер менен ислесиў бөлими қәнигеси М.Жаббаров, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды билим журты директоры Ж.Абдиразаков кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Ҳәзирги күнге келип, Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы үш жоқары ҳәм он орта арнаўлы ислам билим журтларында талабалардың тәжирийбели устазлардан тәлим ҳәм тәрбия алып атырғанлығы айтылды. Сондай-ақ, орта арнаўлы ислам билим журтларын тамамлаған талабалар Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы муфтий ҳәзиретлериниң буйрығы тийкарында жумысқа жайласыўына ийе болып атырғанлығы айтып өтилди.
Сондай-ақ, билим журтында тәлим алып атырған 4-курс талабалары менен олардың келешектеги Республикамыздың раўажланыўына өз тараўлары бойынша жумыс орынларына жайласыўы, бөлистирилиўи ҳаққында сәўбетлести ҳәм өзлеринен қызықтырылған сораўларға толық жуўапларын алып мазмунлы, тәсирли тәризде болды.
Келген мийманларымыз талабаларға келешектеги ийгиликли жумысларына табыслар тилеп ушырасыўды жуўмақлады.
Билим журты баспасөз хызмети