MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

АҚЫЙДАда ДӘЛИЛЛЕР мәселеси: Мутаўатир ҳәм аҳад хабарлар арасындағы парықлар

Ҳәзирги ўақытта айырым адамлар «Ақыйдада келген хабарлардың ишинде мутаўатир емеслери, аҳад деп аталатуғынлары да бар. Аҳад хабарлар менен итиқад мәселелери бекитилмейди», деген бузық итиқадтағыларға қандай жуўап беремиз?» деген сораў көп мәрте тәкирарланып турыпты.

Изертлеўши уламалар, итиқад мәселелери қатаң ҳәм мутаўатир хабарлар менен бекитилгениндей, аҳад хабарлар менен де бекитиледи, дейди.

Бирақ, ҳүким жағынан екеўиниң арасында парық болады. Қураны кәриймде қатаң айтылған ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде мутаўатир түрде келген итиқад мәселелерин инкәр еткен адам кәпир болады.

Ал, аҳад ҳәдислер менен бекитилген итиқад мәселелерин инкәр еткен адам кәпир болып, Исламнан шығып кетпейди, бирақ фасық болады.

Заманлас уламаларымыздан Муҳаммад Әбиў Заҳра ҳәм Муҳаммад Насириддин Албанийлер аҳад хабарлар менен итиқад мәселелери бекитилиўин салаф уламалардың сөзлери тийкарында дәлиллеген.

Шайх Муҳаммад Әбиў Заҳра раҳматуллаҳи алайҳи: «Негизинде, ақыйдалардың бекитилиўи тек тәўилди қабыл етпейтуғын Қуран аятлары ҳәм мутаўатир сүннет пенен ғана болады. Аҳад хабарларға келсек, оларды қабыл етиў ўәжиблигин айтыў менен бирге, олар арқалы ақыйда қатаң түрде бекитилмеўин айтыўымыз керек. Мутаўатир болмаған сүннетте айырым ақыйдаға тийисли нәрселер айтылған, биз оларды қабыл етемиз, бийкарламаймыз. Бирақ, буны инкәр еткенлерди кәпир демеймиз», – деген мәнидеги гәплерди жазған.

Соның ишинде, Муҳаммад Насириддин Албаний: «Айырымлар «Ақыйда тек ғана қатаң дәлил, аят ҳәм мутаўатир ҳәдис пенен ғана бекитиледи», – деген пикирге барған. Бул – бидъат гәп. Шәриятта негизи жоқ гәп. Салафи солиҳлар бул гәпти айтпаған ҳәм олардан буны бир де адам рәўият қылмаған», – деп жазған.

Алдынғы өткен уламалардың барлығы: «Аҳад хабарлар ақыйдаға ҳүжжет сыпатында қабыл етиледи, олардың көпшилиги исенимли илимди билдиреди», – деген. Сол уламалардың қатарында Ибн Салаҳ ҳәм Ибн Кәсийр раҳматуллаҳи алайҳима да бар.

Көпшилик ўақытларда аҳад хабарлардан бир қаншасында бир мәселе зикир етиледи ҳәм олар жәмленип, «мәнаўий мутаўатир» деген дәрежени алады.

Диний илимлерден бийхабар болса да, бул ислерге араласып жүретуғынлар өзлериниң қәбир азабын инкәр етиўине сылтаў табыў ушын «Қәбир азабы аҳад ҳәдис пенен бекитилген, ал ол гүманды билдиреди, Қураны кәриймде гүман қараланған» деп, төмендеги аятты дәлил қылып келтиреди:

«Оларда бул ҳаққында ҳеш қандай илим жоқ. Олар тек гүманға ғана ереди. Әлбетте, гүман ҳақыйқат орнына өтпейди» («Нажм» сүреси, 28-аят).

Ҳәр бир илимниң өз термини болғаны сыяқлы, ақыйда илиминиң де өз терминлери бар. Онда мутаўатир хабар менен бекитилген нәрсени яқийн илим менен жүзеге келди, делинеди. Мутаўатир хабар менен бекитилмеген нәрсени «зонн» менен бекитилди, делинеди. Бул жердеги «зонн» биздеги гүман мәнисин аңлатпайды. Ал, яқийн илим дәрежесинде болмаған илим мәнисин аңлатады.

Ең әҳмийетлиси, «зонн» менен «зонн»ның парқы бар. Аҳад хабар ақыйдада ҳүжжет болмайды, деген илимсизлердиң «зонн»ы менен имам Бухарий, имам Муслим сыяқлы Ислам үмметиниң көпшилиги тән алған имамлар рәўият қылған саҳиҳ ҳәдислерде рәўият қылынған «зонн»ның парқы болады, әлбетте. Бул ҳаққында ҳәдис илиминиң үлкен билимданы, улумул ҳәдистен мусылман үммети ижма менен тән алған китаплар жазған танықлы алым Ибн Салаҳ өзиниң «Муқаддима» атлы китабында төмендегилерди жазады:

«Әлбетте, дәслеп ықтыяр қылған мәзҳабымыз туўры екени маған аян болды. Себеби, қәтеден пәк болған кимсениң «зонн»ы қәте болмайды. Үммет болса өз ижмасында қәтеден пәк».

Және усы ҳаққында устаз Абдурраҳман Ҳасан Ҳабаннакал Майданий өзиниң «Ал-Ақийда ал-Исламия ўа усусуҳа» атлы китабында төмендегилерди жазады:

«Айырым аҳад ҳәдислер ақоидтың бир бөлегин өз ишине алған. Ислам үммети оларды өзиниң алдынғы әсирлеринде ҳеш қандай инкәрсыз қабыл етип алған. Сол себептен сол ҳәдислер мутаўатир мәртебесине көтерилген. Мусылманлар олардың мәнисин ҳеш бир инкәрсыз қабыл еткени ушын олар «мәнаўий мутаўатир» делинеди. Ал, ол сөзи мутаўатир болған хабар аңлатқан нәрсениң дәл өзин аңлатады».

Ақоид илиминиң ата-бабалары «Аҳад ҳәдислерди ақыйдада ҳүжжет қылып болмайды», дегенлерди қатты қаралағанын да айтып өтиўимиз лазым. Буған мысал ретинде «Талхийси шарҳи ақоиди Таҳаўия» китабынан үзинди келтиремиз:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан саҳиҳ жол менен бекитилген шәрий нәрселер ҳәм баянлар ҳәммеси ҳақ».

Автордың бул гәпи жаҳмия, муъаттила, муътазила, рофиза мәзҳабларына қарсы пикир, себеби олар ҳәдисти инкәр еткен ҳәм де бул бузық ислерине төмендеги дәлиллерди келтирген:

«Ҳәдис ҳәм хабарлар мутаўатир (көп адамлар тәрепинен рәўият қылынған) ҳәм аҳад (аз адамлар тәрепинен рәўият қылынған) ҳәдислерге бөлинеди».

«Мутаўатирдиң рәўият сүйениши күшли ҳәм қатаң болса да, дәлили қатаң емес. Себеби, сөзлик дәлиллер қатты исенимди аңлатпайды» (Соның ушын, олар сыпатларға дәлил болыўшы Қураны кәрийм аятларын да инкәр етип, бузық тәўиллер қылған).

Муҳаддислер ҳәм айырым қәўлилерге қарағанда имам Аҳмад ибн Ҳанбал раҳматуллаҳи алайҳи: «Саҳиҳ аҳад ҳәдис пенен яқийн илим, соның ишинде, инкәр еткен адам кәпир болатуғын ақыйда бекитиледи», – деген.

Ҳәзир әне сол гәпти услап алып, мусылманларды сәл нәрсеге кәпирге шығаратуғынлар көбейип кеткен. Айырым ҳәдиси шәрийфлерде белгили бир гәплерди айтқан яки ислерди қылғанларға күпир яки ширк нысбаты берилген. Сол ҳәдислер саҳиҳ болыўы мүмкин. Бирақ, ҳәммеси аҳад ҳәдислер. Уламалар: «Ҳәттеки, мутаўатир ҳәдис пенен де инсанды диннен шықты, деп ҳүким қылыў мүмкин емес», – деп келискен. Ал, бул аҳад ҳәдислердеги күпир ҳәм ширк адамды ийманнан пүткиллей айыратуғын күпир ҳәм ширк емес, кишкене күпир ҳәм кишкене ширк есапланады. Яғный, күпир ҳәм ширкке тийисли бир ис қылған есапланады. Оларды қылған айыпкер инсан тәўбе қылыўы лазым болады.

Зарафатдин Сагидуллаев

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы.