IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

САЛАФИ САЛЫҲЛАР ҲӘМ “САЛАФИЙЛЕР”

Салафи салыҳлар—Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам тәрепинен мақталған, дәслепки ҳижрий үш әсир әўладлары. Сол дәўирде жасаған саҳаба, табеъин ҳәа табаъа табеинлерден ибарат алым-уламалао, мужтаҳидлерди “салафи салыҳлар” атамасы өз ишине алады. Пайғамбарымыз алайҳиссалам былай дейди:

     “Инсанлардың ең жақсысы мениң әсиримдегилер. Соң оларға жақын болған (табеъин)лер. Соң, оларға жақын болған (табаъа табеъин)лер. Олардан кейин жалғаншылық тарқалып кетеди. Ҳәтте бир киси, одан гүўалық соралмасада (жалғанна) гүўалық береди, одан ант ишиў соралмасада (орынсыз) ант ишеди”.

    Усы ҳәдисге тийкарланып Ислам дининиң дәслепки үш әсирдеги әўладларды ең жақсы инсанлар деп атыр. Бүгинги күнде белгили төрт фиқҳий мазҳаб—Ҳанафий, Маликий, Шафеъий ҳәм Ҳанбалий мазҳабы муассислары ҳәм олардың асҳаблары тап жоқарыдағы ҳәдисте мақтап өтилген әўлад ўәкиллери есапланады. Олардан кейинги дәўир—ҳижрий төртинши әсирден кейинги бәрше дәўир ўәкиллеринен ибарат халаф алымларына, “салафи салыҳ”, “салафий”, деген атамасы ислетилмейди.

Салафийлер—ҳижрий жетинши әсирдиң ақырларында Аҳмад ибн Таймия ал-Ҳарраний (661-728 ҳж.) басшылығында, тийкарынан аҳли сунна имамы—имам Ашъарий (р.а.) тәрепинен талқын қылынған. Аҳмад ибн Таймия ҳәм оның жақынларынан ибарат санақлы шахслардың пикиринше, имам Ашъарий (р.а.) талиматында аҳли ҳәдислер ақайдына қарсы болған. Ибн Таймия имам Ашъарий өз таълиматында, Аллаҳтың исми ҳәм сыпатлары мәселесинде зәрүр болғаны ушын қоллаған таъўил усылын инкар етеди.

Ибн Таймия өз жөнелисин “Манҳажу салафис-солиҳ” (салафи салыҳлар жолы), деген ат пенен атайды. Ҳәм әне сол манҳаж тийкарында өмир сүриў керек екенин айтады. Нәтийжеде ол тийкар салған ағымдыю оған шақырыўшылар тәрепинен “САЛАФИЙЯ”, деп танытыла басланды. Ислам аҳкамлары заман талабына емес, бәлки салафи салыҳлар дәўири—ҳижрий сәнениң дәслепки үш әсирине мас тәризде ислениўине үлкен аҳмийет берилетуғын ҳәм сондай жол тутыўға шақырылатуғын еди. Олардың айтыўынша, “салафийлик” жолы тек китап (Қуръаны кәрийм) ҳәм сүннет тийкарында исленген, онда Ислам дини аҳкамлары қайта жанландырылады, умытылған ҳәм өзгертилген ҳүкимлер асил ҳалына қайтарылады. Ислам бидъат ҳәм ҳурапвтлардан тазаланады, күфр ҳәм ширкий ақыйдаларға шек қойылады. Мине усы идеялогия “салафийлик»тиң басқа диний ағымлардан айрылып турыўшы ең тийкарғы идеясы.

Ибн Таймия тәрепинен “Исламды қайта жанландырыў, салафлар жолына қайтыў” ураны астында, оған шекем пүткил мусылман үмметинде болмаған жаңа пикирлер, мужтаҳидлер ижмасына қарсы қараслар, төрт мазҳаб уламаларының фиқҳий ҳәм ақыйдаўий тийкарларына мас бўлмаған ҳүкмлер ашкара қылына баслады. Тарийхшылар Ибн Таймияның ақидаўий ҳәм фиқҳий мәселелерде мужтаҳидлар кеңеси—ижмаъға қарсы алпысқа жақын мәселе болған. (Ижмаъға қарсы пикир билдириў—бул ҳәрекет аҳли сунна уламалары тәрепинен айрым орынларда күфр, базы орынларда бидъат-залалат, деп бахаланады ҳәм исламда қатты қараланады.)

Мәселен, оның пикиринше, Аллаҳтың каламы қадим ҳәм әзелий емес балки, ҳадис Аллаҳ тәрепинен жаратылған еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә салламның мүбәрек қәбирин зыяратына барыў (ибн Таймияға шекем, сегиз әсирден бери пүткил Ислам әлеминде бул әмел жәрий болыўына қарамастан) бидъат ҳәм залалат. Сондай-ақ, Расулуллаҳ алайҳиссалам туўылған күнлерин белгилеп атыр—маўлид байрамы ҳәм бидъат ҳәм пайдасыз. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан қалған затларды теберик деп асрап-абайлаў ширик дейди. Расулуллаҳ алайҳиссалам ҳәм басқа азиз-әўлийелер қабирлерин зыярат қылыў ҳәм сол киби бир қанша әмеллер «бидъат», таўҳид ақыйдасына қарсы болған. Салафийдиң пикиринше жоқарыдағы пикирлер жаҳилят дәўириндеги жеркенишли буд-санемлерге теңлестирилген.

Ибн Таймияның бул киби қараслары өз дәўирде айрықша фитна ҳәм жаңалық болыўына қарамастан оған еретуғынлардың саны көп болғанын тән алмай илаж жоқ. Оның тәрепдарлары тийкарынан көпшилиги саўатсызлардан қуралған.

Камалбек Төребаев, Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.