MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Миссионерлик пенен шуғылланыўшы секталардың көп миллетли жәмийетимизде диний кеңпейиллик, өз ара аўызбиршилик ҳәм тынышлыққа жеткеретуғын зыянлары ҳаққында

Миссионерликтиң тийкарғы мақсети – қайсыдур динди үгит-нәсиятлаў яки қайсыдур динди күшсизлендириў емес, ал сиз ҳәм биз жасап турған журттың тынышлығына иритки салыў ҳәм раўажланыўын ўайран етиў болып есапланады. Тарийхтан мәлим, миссионерлер тап сол жол менен бир неше мәмлекетлердиң социаллық ҳәм сиясый, экономикалық ҳәм мәдений турмысын изден шығарады. Аўызбиршиликли бир халық ҳәм миллетти бузылыўға алып келип, оларды топар ҳәм секталарға бөлип жиберди. Әқибетте халықтың әсирлер аса қәлиплесип келген миллий ҳәм диний қәдириятлары аяқасты болыўына ҳәм ақырында жоғалып кетиўине алып келеди. Мысалы ушын Индонезияда ҳәрекет еткен миссионрелер жигирма бес жыл даўамында мыңлаған адамларды өз тәреплерине аўдырып алды ҳәм әқибетинде олар жасап атырған Шығыс Тиморды мәмлекеттен ажыратып алды. Тап сондай ғәрезли усыл Судан мәмлекетиниң батыс яғный Дарфур ўәлаятын ажыратып алыўда да қолланылған.
Бундай ҳәрекетлер менен олар ислам динине исениўши мәҳәллий халық ортасында өзлери ҳаққында унамлы пикирлер туўдырыўға ериседи. Бул жолда арнайы Ислам ҳүкимлерин бузып көрсетиў, Қурани кәрийм аятларын бир-бирине қарама-қарсы қойыў, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдислерин надурыс шолыў сыяқлы усыллардан пайдаланады. Ашынарлысы көп адамлардың итибарсызлығы, бийпарқлығы олардың жаман нийетлерин әмелге асырыўда қолайлы болмақта.
Миссионерлер жаман нийетлерин әмелге асырыўда ғалаба хабар ҳәм байланыс қуралларынан, атап айтқанда социаллық тармақлардан да кең пайдаланбақта. Миссионерлик идеяларын үгит-нәсиятлаўшы социаллық тармақларда каналлар ашылып, халықымыздың мың жыллардан бери исенип келген муқаддес динимизди бузып көрсетиў арқалы, өзлериниң жасырын қылмысларын әмелге асырып атыр. Қалаберди, олар брошуралар, журналлар ҳәм текстлерди ана тилимизге аўдарма қылып, халық ортасында бийпул тарқатады. Спутниклер арқалы узатылатуғын онлаған телевидение көрсетиўлери, радио каналлары, интернет сайтлары арқалы кең үгит-нәсиятлаў ислери алып барылыўы нәтийжесинде дүнья жүзинде миссионерлик ҳәрекетлери кең жайылмақта.
Айрым адамлар дәрамат табыў мақсетинде өз киндик қаны тамған елден узақласып, алыс ҳәм бийтаныс еллерге бармақта. Олардың көпшилиги мине усы миссионерлердиң дузағына түсип атыр. Басқа итиқад, басқа менталитет ўәкиллери арсында жасаған жасларымыз өз миллий мәнәўиятларынан үзилип, өзгелердиң руўхый-мәнәўий тәсирине түсип қалмақта. Еле ийман-итиқады қәлиплесип үлгермеген жасларды бундай бузық идеялардан сақлаў – бүгинги күнимиздиң ең әҳмийетли мәселелеринен бири есапланады.

Айдос Якупов
Нөкис «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы