Бүгинги күнде экологиялық машқалалар көплеген мәмлекетлерде глобал темаға айланып үлгерген. Бул, пүткил дүнья жәмийетшилик жәмәәтин ана тәбиятын асыраўға шақырмақта. Мәмлекетимиз басшысы усы бағдардагы басламаны белсендилик пенен шөлкемлестириў артынан елимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбар акциясы әмелге асырылмақта.
Усы жойбар тийкарында бүгин 31-март күни медресемизде шембилик өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, мәҳәлле нураныйлары, билим журты педагог-оқытыўшылары ҳәмде талабалар қатнасты.
«Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде билим журты әтирапы тазаланып, абаданластыў ҳәм коклемзарластырыў жумыслары алып барылды.
Билим журты әтирапындағы жерлер аўдарылып экологиямыздың еледе жақсыланыўы ушын ҳәр қыйлы мийўели ҳәм декаратив терек нәллери отырғызылды.
Әтирапымыздағы бой жетип турған тереклер ҳәкленип ҳәр қыйлы көринистеги формалар берилип шырай шығарды.
Билим журты баспасөз хызмети