Ҳәзирги күнде дүньяда бес ярым мыңнан артық тил бар. Араб тили ең көп тарқалғаны болып, жер жүзинде еки миллиардқа жақын мусылман күнделикли ибадатлары ҳәм түрли диний қәдирият ҳәм үрп-әдетлерди атқарыў ушын усы тилге мүрәжат етеди.
Бүгинги күнге келип, шама менен 25 ке жақын мәмлекетте араб тили рәсмий тил сыпатында тән алынған. Мағлыўматларға көре, дүнья халқының ярым миллиардқа жақыны араб тилинде сөйлеседи. Өз нәўбетинде, бул тил дүньяда көп сөйлесилетуғын бесинши тил есапланады.
Инглислер сөйлесип атырғанында арабша сөз қолланыўын билесиз бе? Араб тилинен инглис тилине қандай сөзлер өтиўи мүмкин?
Ықтыярсыз қыялыңызға Қуран, ҳәдис, сүннет, мәзҳаб яки соған уқсас диний атамалар келеди. Шама менен инглис тилиндеги мыңға жақын сөз араб тилинен келип шыққаны айтылады. Олар: азық-аўқат ҳәм ишимликлер, медицина ҳәм илимий атамалар, ҳайўанат ҳәм өсимликлер, сондай-ақ, биз пайдаланатуғын күнделикли предметлерди өз ишине алады.
Инглис тилине кирип келген арабша сөзлердиң үлкен бөлеги көп жыллық халықаралық саўда, жаңалықлар ҳәм миграция нәтийжеси саналады. Тарийхшы ҳәм лингвистлердиң шамалаўларына көре, бир неше әсирлер алдын испанлар арабша сөзлерди өзлестирген ҳәм қоллана баслаған. Бул өзгерис эрамызға шекемги 700-жылларда басланған болыўы мүмкин. Базы инглисше сөзлер арабша сөзлердиң келип шығыўы тиккелей болса, басқалары араб тилинен латын, түрк яки француз киби ески Европа тиллери арқалы өткен. Буған алгебра ҳәм адмирал сөзлери мысал болады. Төменде айырым мысалларды келтирип өтемиз:
Sugar سُكر (Суккар) шекер,
Salad سلاطة (Салот) салат,
Earth أرض (Ардз) жер,
Cotton قطن (Қутунун) пахта,
Algebra الجبر (Ал-жабр) алгебра,
Story أسطورة (Сатрлар) ҳикәя,
Jasmine ياسمين (Ясмин) жасмин,
Safari صفر (Сафар) сапар,
Sheck شيك (Чек) чек,
Zero صفر (Цифр) ноль,
Alcohol الكحول (Ал-Куҳл) алкогол,
Soda صودا (Сода) сода,
Coffee قهوة (Қақўа) кофе
Инглис тилине кофе сөзи итальян тилиндеги түркше қаҳва (kahve) сөзинен келип шыққан caffè сөзинен кирип келген. Ал, түрклер бул сөзди арабларлардың қаҳўа (قهوة) сөзинен алған.
Пахта (Cotton) قطن (Қутнун)
Европалылар араб саўдагерлери менен саўда-сатық жүргизгенлиги себепли америкалылар да, европалылар да араб тилиндеги қутн قطن (qutn) сөзин қабыл еткен.
Лимон (Lemon) ليمون
Заманагөй араб әдебий тилинде лимон сөзи лаймуун (laymuun) ليمون деп айтылады.
Шахмат (Checkmate) شاه مات
Check сөзиниң дәслепки мәниси шахмат ойыны менен байланыслы болған; шах (Checkmate) қарсыласының патшасын қәўип астына қойып, оны жүрис имканиятынан айырған ойыншы утысқа ерискен есапланады. Яғный, шаҳ ҳәм мат, “шаҳ ҳеш нәрсе қыла алмайтуғын ҳалатта қалды”). Ўақыт өткен сайын шаҳ ҳәм мат бүгинги күнде қолланылатуғын “шахмат” – “checkmate” көринисине келди.
Матрац/ (Mattress) مطرحه
Көпшиклер тасланатуғын төсектиң арабша аты матраҳ (matrah) مطرحه болған.
Диван (Sofa) سوفا
“суффа” (“тас яки ағаштан исленген сыпа”)
Гибралтар Gibraltar جبل طارق «Жабал ат-Тариқ» (Тариқ таўы)
Атақлы «Гибралтар буғазы» келип шығыўы батыс еллеринен болған араб әскербасшысы Тариқ ибн Зияд ҳүрметине сондай деп аталады. Негизинде (рус. Джебель Тарик), «Гора Тарика», (араб. جبل طارق) «Жабал ат-Тариқ» (Тариқ таўы) лингвистикадағы диссимиляция себепли «Гибралтар» болып қалған.
Дәл сондай «адмирал» сөзи де негизинде امير والبحر
«әмир ал-баҳр» (теңиз әмири) бирикпесиниң диссимиляцияға ушырап өзгерген көриниси.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, инглис тилине басқа тиллерден кирип келген гөззал сөзлер көп. Көрип шыққанымыз араб тилинен туўрыдан-туўры алынған сөзлердиң айырымлары еди.
Дереклер тийкарында
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
атындағы ислам билим журты оқытыўшысы Баҳадыр Абдираманов таярлады.