Инсан саламатлығы негизинде аўқатланыў әдебине сондай-ақ бәрше әдеплерге толық әмел етиўи менен байланыслы. Халқымыз “Аўырыў астан”-деп бийкарға айтпаған.
Динимизде ҳәр бир истиң өзине тән әдеби болғанындай аўқатланыўдың да өзине тән әдеплери бар. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте мен әдеп-икрамлылықты жоқары шыңына жеткериў ушын жиберилдим» деген. Аўқатланыў әдеби де сол әдеп-икрамлылық қағыйдаларының бири есапланады.
Ҳәр қандай адам жасаў ушын жейди, жеў ушын жасамайды, аўқатты жасаў мүтәжликлеринен бири деп биледи. Ислам сөзиниң мәниси саламатлық екен, туўры аўқатланыў болса саламатлық гиреўи. Исламда аўқатланыўдың көплеген әдеплери бар, солардан келтирип өтемиз.
Бул әдеплерден бириншиси аўқаттан алдын ҳәм кейин еки қолды жуўыў. Бул әмел диний тәлиматлар арасына қосылған ҳәм ол «берекет» деп аталған. «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Аўқаттың берекети оннан алдын (еки қолды) ҳәм оннан кейин (еки қолды) жуўыў», — деп айтып өткен». Аўқатты қол менен яки қасық пенен желиниўине қарамастан адам биреў менен қол алысып көрисиўи, мурнын қағыўы, денесин сыйпаўы мүмкин, бул өз гезегинде ҳәр қыйлы микроблардың инсан қолына жабысып алыўына мүмкиншилик жаратады. Ал, микроблардан сақланыў саламатлық негизи есапланады. Хабарыңыз бар ҳәзирги дәўирде қызларымыздың көпшилиги тырнақларын өсирип жүриўди әдет еткен. Бул шәриятымызда қараланған. Неге дегенде тырнақ микроблар жыйналатуғын ошақ. Өсик тырнақлар менен аўқатланыўға болмайды, ҳәтте қасық, шанышқыдан пайдаланған жағдайда да. Буның үстине ер балалардың ақырғы киши бармағын өсирип жүриўине не дерсең?! Инсан баласы саналылығы менен басқа мақлуқлардан парықланады. Сондай екен, тырнақ өсик ҳалда болыўы ғалабалық мәденият үлгиси, әдепсизлик белгиси.
Барлық жақсы ислер «Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» сөзин айтыў менен басланғаны сыяқлы аўқатланыў да Аллаҳ тааланың аты менен басланады. Бирақ көпшилик пенен аўқатланғанда «бисмиллаҳ» даўыслап айтылады. Даўыслап айтылыўының себеби, ким буны айтыўды умытқан болса, есине салыў болып табылады. «Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: «Бир адам үйге киргенде ҳәм аўқат жеўде «бисмиллаҳ»ты айтса, оның изинен ерип келген шайтанларға: «Бул түнде сизлерге бул жерде түнейтуғын орын да, кешки аўқат та жоқ», дегени болады». Муслим рәўияты. «Бисмиллаҳ»ты умытып қойған адам егер ақырғы асамды жутып атырған болса да «бисмиллаҳи аўўалаҳу ўа ахираҳу», десе шайтан жеген тағамын қайтарып, қашып кетеди.
Жасы үлкенлер аўқатты жеп басламағанша, басқалардың күтип турыўы үлкен әдеп үлгилеринен болып табылады. Бул әдепти басқа әдеплер қатары, балаларға да жаслық ўақтынан үйретип барыў керек. Айырым xалықларда усы әдеп әлле қашан умытылып кеткен. Бизде оған әмел қылыў ҳәзирги ўақытта сақланып қалған, енди бул гөззал әдебимиз сақланып қалыўы ушын оны перзентлеримизге де үйретиўимиз керек. Неге дегенде бизиң шырайлы әдеплеримиз жас әўлад кәмиллиги ушын суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Ҳузайфа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен бирге аўқатланғанымыз, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам басламағанша, қолларымызды созбайтуғын едик».Mуслим рәўият қылған.
Пайғамбарымыз Mуҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам барлық жумысларды оңнан баслаўды жақсы көретуғын, соның ишинде, аўқатты да оң қол менен жейтуғын еди. Аўқат әкелингенде ҳәр ким өз алдынан жеўи керек, биреўдиң алдынан аўқатқа қол созыў әдепсизлик болады. “Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўасалламның қарамағындағы бала едим. Қолым табаққа барып келер еди. Сонда ол маған: «Ҳәй бала! «Бисмиллаҳ», деп айт, оң қолың менен же, өз алдыңнан же!» деди. Соннан соң усылай жейтуғын болдым».Буxарий, Mуслим, Әбиў Даўыт, Термизий рәўият қылған.
Ҳеш бир ҳәжетсиз жамбаслаған ҳалда аўқатланыў да аўқатланыў әдеплерине кирмейди. Себеби Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Мен сүйенген ҳалымда жемеймен»,деди.
Аўқат қол менен желингенде илажы барынша былшыратпай, шалпылдатпай мәдениятлы ҳалда жеў керек. Бунда тийкарынан ортадағы үш бармақты ислетиў сүннет. Kаъб ибн Mалик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үш бармақлары менен жейтуғын еди ҳәм қолларын сыпырыўдан алдын оларды жалайтуғын еди».
Аўқатқа мин тағыў, айыбын айтыў улыўма мүмкин емес. Ҳәр қандай ҳадал тағам бенде ушын Аллаҳ тааланың неъматы есапланады. Сондай екен буның ушын бенде Аллаҳ таалаға шүкирлик етиўи лазым. Тек қәнәәтсиз инсан ғана шүкирлик етиў орнына аўқатқа мин тағады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу былай дейди: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳеш қашан ҳеш бир тағамға мин тақпас еди. Егер иштейи тартса жейтуғын еди. Кеўли қәлемесе, жемес еди». Мусылманлық әдеби ҳәр қандай аўқатты жегенде оны мақтаўды, мин тақпаўды ҳәм аўқатты таярлаған адамға миннетдаршылық билдириўди талап етеди.
Аўқатты дастурханда тәртип пенен жеў жоқары әдеп есапланады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам мудамы солай ислеген. Саҳабаларды, сиз бенен биз үмметлерин де усылай етиўге шақырған.
Аўқат жегенде асықпаў керек. Аўқат әсте жақсылап шайналады, бунда жағымсыз сеслер шығыўына жол қоймаў керек. Сондай-ақ дастурхан басында даўысын шығарып кекириў, тисин тазалап отырыў, лық-лық атыў усаған ислер мәдениятсызлық белгиси болып, әдепсизлигимизди көрсетеди. Егер кекирик, лық-лық келип қалса, өзимизди тыйыўға, яки руқсат пенен дастурхан басынан турып кетиўге ҳәрекет етиўимиз керек. Соң қолларымызды жуўып, аўзымызды шайып, қайта дастурхан басына оралсақ болады. Асығып аўқатланыў әдепсизлик ҳәм ашкөзлик белгиси болыўы менен бирге, саламатлыққа да зыянлы.
Аўқатты керегинен артық жеў кеселликтиң басы. Халқымызда «Азанғы тағамды өзиң же, түсликти достың менен же, кешки аўқатты душпаныңа бер», деп бийкарға айтылмаған. Себеби, бул нәрсе ең дәслеп ысырап есапланады, қалаберсе, көп аўқат жеген адам диңкесиз, арқайын, ибадатларға бийпарық болып қалады, сондай-ақ көп аўқат жеў ақыбетинде адам семирип, ҳәр түрли кеселликлерге шалыныўы да мүмкин. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Адамзат қарыннан көре бирде бир ыдысты толтырмаған. Адам баласына геўдесин тик тутыўға бир еки луқма аўқат жетеди. Егер көбирек жегиси келсе, онда асқазанның үштен бири аўқатқа, үщтен бири ишимликке (суўға), үштен бири ҳаўаға толтырылыўы керек», деди».
«Қарныңда жегениңниң муғдарындағы аўқат сыятуғын орын қалдыр» -дейди Әбиў Әлий Ибн Сино. Дурысында да жеген аўқатымыздан нәр алып соншелли қуўатлылықты денени шынықтырыў менен сыртқа шығармасақ аўыр жүк артықша семизлик кеселлигине шалыныўға алып келеди. «Кеселликлердиң ярымынан көбиреги аўыздан киреди» дегенинде Гиппократ натуўры, мезгилсиз, шала-шарпы, асқазанға аўырлық ететуғын аўқатлық затлар менен аўқатланыўды нәзерде тутқан болса итимал. Соның ушын рационал аўқатланыўға дыққат бөлиўимиз керек. Бул итибар аўқатлық затларды дурыс таңлап, аўқатланыў әдеплерине әмел етиў көплеген кеселликлерге, нәпсиқаўлыққа жолығыўдан сақлайды.
Тағамның барына шүкирлик ҳәм қәнәәт етиў, муғдарында жеп ишиў, мусылманның жоқары әдеби есапланады. Инсан ырысқысын Аллаҳ тааладан сорап турмысын жақсы тәмийинлеў ушын имканиятындағы барлық ҳадал нәрселерди иске салып, ҳәрекет ете береди. Соның ушын өзине берилген ырысқы-несийбе Аллаҳтың қәлеўи менен болады, деп биледи. Аз болса, наразы болмайды, көп болса, ҳаўлығып кетпейди. Себеби, Аллаҳтың еркине қарсы шығыў мусылман адам ушын туўры келмейди.
Тағамды жеке-жеке жемей, биргеликте жеўде берекет бар екенлигин мусылман адам умытпаўы зәрүр. «Үстинде көп қол болған аўқат аўқатлардың ең жақсысы есапланады», деген Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Бир күни көпшилик саҳабалар аўқатқа тоймай атырғанына шикаят қылып, Расулуллаҳтың алдына келди. Расулуллаҳ олардан: «Ҳәр бириңиз үйлериңизде жалғыз аўқат жейтуғын болсаңыз керек, дурыс па?» — деп сорады. Олар «Аўа» деп жуўап берди. Сонда Расулуллаҳ: «Көпшилик болып «бисмиллаҳ» деп аўқатланың. Аллаҳ берекет береди», деди.
Жәмәәт болып аўқатланыўда берекет көп, адамның иштейи ашылады, қарны да тояды. Бирақ, аўқатланыўдың да өзине жараса әдеплери бар. Жасы киши адам аўқаттың гөшлерин туўрап, үлкенлер аўқат жеўди баслағаннан кейин ол да қол узатыўы керек. Ҳәр ким «бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» деп өз алдынан жейди. Биреўдиң алдындағы аўқатты ысырып алыў, гөшин қос-қостан, үлкен-үлкен етип асаў, биреўдиң жегенине тигилиў, табақтың ортасынан алыў, қолына жабысып қалған гүришлерди табаққа қайтарып салыў, кеседе қалған шайды шайнекке қайтарып қуйыў әдепсизлик саналады. Палаў жегенде шеп қолын оң қолының астына тутыў керек, сонда оң қолдан түскен гүришлер шеп қолға түседи, дастурхан май болмайды.
Жәмәәт пенен аўқатланғанда дастурхан басында басқа адамлар да бар екенлигине пикир жүритип, олар менен теңдей алыў керек. Ҳәмме аўқатты жеп болғаннан кейин де тимсикленип отырыў парасатсызлықтың белгиси саналады.
Жәмәәт болып аўқатланып атырғанда адамлар көбейип қалса, жалпайып отыра бермей, ысырылып, ықшам болып отырыў, келген адамды өз қатарына алыў ислам әдеплеринен бири.
Аўқат қатты ыссы болса, оның суўыўын күтип турыў да аўқатланыў әдебинен. Аўқат қатты ыссы ямаса жүдә суўық ҳалда желинбейди, оны үплемеў керек, ийискеп көрилмейди, шорылдатып ямаса шалпылдатып жеўге болмайды. Асма бинти Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Оған тағам келтирилсе, ҳәўири басылғанша үстин жаўып қойыўға буйыратуғын еди кейин: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның: «Бунда үлкен берекет бар», деп айтқанларын еситкенмен», дейтуғын еди».
Аўқатты шетинен баслап жеў керек. Ал, ортасынан ямаса үстинен жеў әдепсизлик. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким аўқатланса, табақтың ортасынан жемесин. Төменинен жесин. Себеби, берекет оның ортасына түседи», деди.
Аўқат отырып желинеди, ал тик турып ямаса жүрген ҳалда жеў әдепсизлик саналады. Усы орында бәршеңиз бенен бир ҳалатты ойлап көрейик. Узағымызды жақын етип турған көликлер, такси, жөнелисли таксилер, автобус, бәндиргидеги ҳалатлар, көшедеги аўқатланыў орынларына нәзер таслаң. Кимдур жөнелисли таксиде шимишки шақса, кимдур баласын бақшадан алып киятырып ҳәр түрли конфеталар, басқа да аўқатлық затларды алып, қолына береди, ол набада баланың қолынан түсип кетсе, баласын жылатпайын деп шаңын үплеп, алып береди. Тағы биреўи көлик айнасынан көшеге жеген конфетасы яки шимишки қабығын ылақтырады. Бундай ҳалатлар көргенсизлик емес пе? «Қус уясында көргенин қылады» дейди дана халқымыз. Биринши нәўбетте балаға ўаз оқыўдан алдын өзлеримиз ис-ҳәрекетлеримиз, қулқымыз, әдебимиз бенен өрнек көрсетиўимиз шәрт. Жоқарыда айтқанымыздай тик турып, жүрип баратырып, яки көшеде аўқатланыў орынларына сай болмаған жерлерде аўқатланып болмайды.
Аўқатланыўға отырып атырғанда жақын жерде турған адамларды, хызметкерлерди де бирге аўқатланыўға мирәт етиў жоқары әдеп үлгиси есапланады.
Дастурхан үстинде сөйлесип отырыў мустаҳаб саналады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәм саҳабалар усылай еткен.
Қолдан түскен ҳәм дастурханға төгилген аўқатларды зая қылмастан жеў де аўқатланыў әдеплеринен бири. Қолда ҳәм ыдысларда қалған аўқат жуқларының зая болыўына да жол қойылмайды. Динимизде ысырап қылыў гүна есапланады, сонлықтан аўқатланып болынғаннан кейин, ыдысты сыпырыў яки нан менен майларын сыпырып алып жеў сүннет әмеллерден. Табақты сыпырып жеўде саўап көп болып, бул әмел инсаннан менменликти жоқ етип, оны кишипейиллер қатарына қосады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бул ҳаққында былай деген: «Аўқаттың берекети оның басында ма, ортасында ма яки ақырында ма билмейсен, сонлықтан табақты жалап қойсаң Аллаҳ берекетин береди».
Табақты сыпырып жеген адам өзиниң хош тәбиятлы екенин көрсетип, қазан-табақ жуўатуғынлардың мийнетин аңсатластырады. Табақтың түбинде бир-еки қасық аўқат қалдырыў айырым миллетлерге тән әдет болып, олар мисли бул ислери менен өзлерин тоқ көрсетпекши болады, перзентлерине де солай үйретеди. Айырым адамлар қолы менен майлы аўқат жегеннен кейин қолларын жаламастан, туўрыдан-туўры майлық-сүлгиге сыпырады ҳәм майлық-сүлгини жаман аўҳалға келтиреди. Бул бойынша Пайғамбарымыз былай деген: «Қай бириңиз тағам жейтуғын болсаңыз, аўқатты жеп болып, бармақларыңызды жалап, кейин майлық-сүлгиге сыпырың». Бухарий ҳәм Муслим рәўиятлары.
Аўқатланғаннан соң еки қол жуўылады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам усылай ислеген. Аўқаттан қалған жуқларын жуўып, кеткизиў жоқары әдеп үлгиси есапланады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жоқарыдағы ҳәдис арқалы адамларды парасатлы болыўға, өзинен кейин майлық-сүлгиге қол сыпыратуғын адамның тәбиятын бузбаўға, майлық-сүлгилерди жуўыўшылардың мийнетин ҳүрметлеп, олардың исин аңсатластырыўға шақырады.
Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте, шайтан сизлердиң ҳәр бириңиздиң ҳәр бир исиңизде таяр болады, аўқатына да таяр болады. Қашан биреўиңизден аўқат түссе, ондағы напәкликти жоқ етип, кейин жесин. Оны шайтанға қалдырмасын. Жеп болып бармақларын жаласын, өйткени аўқаттың қай жеринде берекет болатуғынын билмейди», деди». Муслим, Әбиў Даўыт, Термизий ҳәм Насаий рәўият қылған.
Аўқат жеп болынғаннан кейин әсте: «Әлҳамдүлиллаҳ», делинеди. Бул– адамның тойғанын билдирип, Аллаҳтың неъматларына шүкир қылыўды билдиреди. Ҳәммеге еситтирип, даўыслап: «Әлҳамдүлиллаҳ», десе еле аўқатын жеп болмаған, тоймаған адамлар да: «Аўқатланыў ўақты тамам болыпты, дастурхан жыйнастырылыўы керек екен», деген ойда дастурханнан қол тартыўы мүмкин.
Аўқатланып болғаннан соң, ҳәмме бирге дуўа қылып, орнынан турыў жоқары әдеп есапланады. Сонда ҳәмме ақырына шекем аўқатланып, ҳеш ким қысынбай, ҳәмме теңдей турған болады.
Тағамнан кейин Пайғамбарымыз былай дейтуғын еди: «Алҳамду лиллаҳиллазий атьамана, ўасақона ўажаъалана минал муслимийн» («Бизлерди аўқатландырған, суў берген ҳәм мусылманлар қатарына қосқан Аллаҳға шүкирлер болсын»)
Жеп-ишкеннен кейин шүкирлик етип, ҳамд айтыўда Аллаҳ тааланың жалғыз Өзи ырысқы бериўши екени атап өтиледи. Соның менен бирге, бул исте Аллаҳ таалаға шүкирликти мудамы жаңалап турыў мәниси де бар. Ал, шүкирлик еткен бендеге Аллаҳ тааланың Өзи сыйлықларын артық етип бериўди ўәде еткен.
Аўқатланғаннан кейин тис тазалағыш пенен тис тазаланып, шыққан аўқат қалдықлары шайып тасланады. Суўайд ибн Нуъман разыяллаҳу анҳу деди: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен Хайбарға шықтық. «Саҳба»ға жеткенимизде, ол тағам алып келди. Тақаннан басқа ҳеш нәрсе әкелмеди. (Соны) жедик. Соң ол намазға турып атырып, аўзын жақсылап шайды. Бизлер де шайдық». (Бухарий рәўияты) Аўқатланыўда шәрият бойынша ҳәр бир мусылманнан аўқаттан соң аўызды жақсылап шайыў талап етиледи. Бул исти Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қылғаны ҳаққында рәўиятлар көп. Мусылманлар аўыздың пәк болыўына мудамы айрықша итибар берген. Аўыз бенен Қураны кәрийм, ибадат дуўалары оқылады. Соның ушын ол мудамы пәк болыўы, аўыздан ҳәр қыйлы жағымсыз ийислер шықпаўы керек.
Аллаҳ таала Қураны кәриймде «Ҳәй пайғамбар! Пәк нәрселерден жеңлер ҳәм ийги ислер қылыңлар. Әлбетте Мен не қылып атырғанларыңыздан хабардарман», деген. Бул аяты кәриймада Аллаҳ таала Өзиниң пайғамбары Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламмға, ол арқала пүткил мөмин-мусылманларға аўқатланғанда олардың пәклеринен жеў кереклигин ҳәм жеп-ишиўимиз бенен денемизде пайда қылған күшке ийги ислер қылыўымыз керек екенлигин Аллаҳ таала бизлерге үйретип атыр. Биз бенделердиң ҳәр бир исин Аллаҳ таала билиўши. Сондай екен ҳадал-ҳарамның парқына бармастан ушыраған нәрсе менен аўқатланбайық, Аллаҳ тааланың қайтарғанларынан ислеп қыйсық жолдан жүрмейик.
Аўқатланыў әдеплериниң және бири аўқаттың ҳадал-ҳарамлығы. Аўқаттың ҳадал-ҳарамлығы шәриятта руқсат етилгенине, аўқатлық қылып таярланыўына ҳәм сол аўқат ушын сарпланған қаржыға қарап үшке бөлинеди.
Адамлар жейтуғын тағамлар өсимликлерден ҳәм ҳайўанлардан алынады.
Желингенде зыяны тиймейтуғын өсимликлердиң ҳәммеси ҳадал болады. Яғный ҳәр қандай өсимликти жесе болады, бунда бир шәрт бар, ол да болса оны қабыл қылғаннан соң адамға зыян бермеўи керек. Зыян бериўши дегенде ширип кеткен өсимликлер, гөнерген мийўелер, ашытылған мийўе суўлары, ҳәр түрли спиртли ишимликлер ҳәм соларға уқсаслар түсиниледи.
Биз жоқарыда ҳайўанлар дегенде, оған аспанда жерде жүриўшилерди де, ушыўшыларды да, суўда жүзиўшилерди де улыўма қылып айттық.
Суўда жасаўшы ҳайўанлардан тек балықлар ғана ҳадал есапланады. Оннан басқа ҳәр түрли қурт, жыланлар ямаса жыртқыш ҳайўанларды аўқатлық ретинде ислетиўге болмайды.
Қус ҳәм ҳайўанлардан қасқыр, арыслан, жолбарыс, бүркит, қырғый, ғарға ҳәм солар сыяқлы жыртқышлары ҳарам есапланады. Үй ҳайўанларынан ийт, ешек ҳәм ғашыр, шошқалар ҳарам есапланады.
Жер бетинде жүретуғын шаян, жылан, тышқан, қумырсқа, нангөрек, өрмекши, ҳәрре сыяқлы жәнликлерди жеў ҳарам болып табылады.
Ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанның қосылыўынан туўылған ҳайўанлар да ҳарам есапланады. Mысалы, ат ҳәм ешектиң қосылыўынан туўылған ғашыр — ҳарам.
Шарўа ҳайўанларынан түйе, ат, сыйыр, қой, ешкилер ҳадал. Сондай-ақ, жыртқыш емес кийиклер, таў ешкилери ҳәм солардың ҳәр қандай түрлери, қоян сыяқлы жабайы ҳайўанлар да ҳадал есапланады.
Жыртқыш болмаған кептер, қумыры, шымшық, бөдене, үйрек, ғаз, таўық, түйеқус, бүлбил сыяқлы қуслар ҳадал есапланады.
Қурғақлықта да, суўда да жасайтуғын крокодил, жылан ҳәм қурбақаға уқсас ҳайўанлар ҳарам.
Бир сөз бенен Қуран ҳәм Сүннетте ҳарамлығы баян қылынған ҳайўанлардың ҳәммеси ҳарам, ҳадаллығы баян қылынған ҳайўанлардың ҳәммеси ҳадал есапланады.
Аўқаттың ҳадал-ҳарамлығы сол ҳайўанның бизлерге ҳадал жол менен сойылыўына да байланыслы болады. Ҳәр қандай ҳадал болған шарўа ҳайўанлары ямаса қуслар өлип қалған болса ҳәм Аллаҳ тааланың аты айтып шалынбаса ҳарам болып кетеди. Аллаҳ тааланың аты делингенде «Бисмиллаҳи Аллоҳу акбар» сөзин айтып шалыў нәзерде тутылып атыр.
Аллаҳ тааланың атынан басқа бир атты айтып сойылған ҳайўанлардың гөши де ҳадаллықтан шығады. Мысалы, егер пәленше атаның жолына, төленшениң руўхына деп сойылса, шәрият бойынша оның гөши ҳадал болмайды.
Самаўий диндегилерден басқалардың сойған ҳайўанларының гөшлери де ҳарам болады. Сондай-ақ, ток пенен өлтирилген, урып өлтирилген бир жерге түсип кетип өлип қалған ҳәр қандай ҳайўанның гөши ҳадал емес.
Азық-аўқаттың ҳадал болыўы менен бирге, сол аўқатты алыў ушын табылған пул да ҳадал болыўы шәрт. Қарақшылық, урлық, параxорлық, зорлық, сүтхорлық, алдаўшылық сыяқлы шәрият ҳарам қылған жоллар менен табылған пулға сатып алынған азық-аўқатлардың барлығы ҳарам болып есапланады. Урлық, параxорлық, сүтxорлық, алдаўшылық, басқыншылық сыяқлы ҳарам жоллар менен өзине мал-мүлк тапқан адамлар гүнакәр болады. Ал, усы гүналардың зыяны олардың қәлбин кесел қылады. Ҳарамшылық даўам ете берсе, руўxый кеселлик бара-бара мәнаўий апатшылыққа айланады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ыдыслар (кесе-табақлар)ды орап, жаўып қойыңлар ҳәм суў ыдыслардың үстин жабыңлар! Себеби бир жылда бир кеше бар, усы кешеде тырыспай кеселлиги түседи. Үсти жабылмаған қайсы бир ыдыс ямаса суў ыдысы болмасын, әлбетте, усы тырыспай кеселине түседи». Демек, асханадағы ҳәр қандай аўқат ҳәм суў ыдысларының қапқағын жаўып қойыў керек.
Шай, кофе, суў ҳәм соларға уқсас нәрселерди ишиўдиң әдеплери де аўқатланыў әдеби менен бирдей. Бул ҳаққында Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ишимлик ишкенде үш мәрте тынып нәпес алатуғын еди ҳәм былай дер еди: «Мине, усы қандырарлық, зыянсызырақ ҳәм сиңимлирек».
Демек, оларды ишкенде бөлип-бөлип ишиў керек. Бирден барлығын жутып ишиў, шорылдатып даўысын шығарып ишиў, қалған шайды чайникке қайта қуйып жибериў, кесеге шайды липилдетип, толтырып қуйыў, ыссылай үплеп ишиў, суўды салмадан, ҳәўизден, шелектен, чайниктен, суў трубаларынан аўзын басып ишиў, саў кесеси бола тура сынған ҳәм шытнаған кеселерден ишиў қараланған.
Шәриятымызда ҳәр қандай суў отырған ҳалда ишиледи, тек Замзам суўы ғана тик турып, қублаға қаралған ҳалда ишиледи. Сондай-ақ, үлкен ыдысты, баклашкаларды көтерип ишиў, ишип атырғанда ыдыстың ишине алған демин шығарыў, шеп қол менен ишиў, алтын-гүмис ыдысларда ишиў де шәриятымызда қайтарылған. Ишимликлерден ҳәр қандай мәс қылыўшы ишимлик ҳарам қылынған.
Жап-салмалардағы суўларға түпириў, шығындыларды таслаў гүна әмеллерден есапланады.
Сондай-ақ зәрүр болған муғдардағы аўқатты ысырап етиў дәрежесине алып бармастан, жеў мубаҳ есапланады. Ысырапкершилик пенен қабыл қылынған аўқат дене ушын зыянлы ҳәм қәўипли болғанындай аўқаттың керегинен артықшасы ҳарам болып табылады. Соның ушында ҳәр бир тағам ҳәм шайды керекли, өз муғдарында аз ҳәм саз етип таярлап мезгили менен аўқатлансақ, аўқатлық затлардың, аўқаттың ысырап, аўысып, зая болыўының алдын алған болыў менен бирге өзимиздиң саламатлығымызды асыраған боламыз.
Инсан өз өмирин тәртипли ҳәм саламатлықта өткериўин қәлесе өз ўақтында ҳәм муғдарында жаңадан таярланған сыпатлы ҳәм пайдалы аўқатлар менен азықланып, аўқатланыў әдебине әмел етиўди умытпаўы керек. Бул саламат турмыс тәризине тийкар салады.
«Кәмил инсан» китабы тийкарында
Идрисов Абдулҳамид таярлады
Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси