IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Уйқылаў әдеби

Инсанның физикалық ҳәм руўхый жақтан дем алыўын тәмийенлеўши факторлардан бири уйқы Аллаҳ тааланың бизге берген уллы неъматларынан.

Биз әдетте күндизи күнделикли турмыс тәшўишлери ҳәм мийнет нәтийжесинде талығамыз. Ертеңги күн ушын денемизге қайтадан қуўат, күш жыйнап азықланыў мәқсетинде түнлери көзимизди илемиз. Бул ҳаққында Аллаҳ таала “Наба” сүресиниң 9-11-аятларында былай дейди: “Уйқыларыңызды  (денелериңиз ҳәм нервлериңиз ушын) дем алыс қылдық. Түнди (өз қараңғылығы менен барлық нәрсени жасырып туратуғын) кийим қылдық. Ал, күндизди тиришилик (ўақты) қылдық» .

Ҳақыйқатында да, уйқы бизди кейинги күнге узатып салыўшы, руўхымызды жеңиллестириўши азық. Себеби, дүньядағы барлық жанзат дуўшар болатуғын талығыў, шаршаўдың уйқыдан бөлек еми жоқ. Тек денеге емес, ақылға да яки мийге уйқы менен дем бериледи. Уйқының қәдири уйқысыз өткен күннен соң белгили болады. Уйқысыз жүрген адам күн даўамында сәл нәрсеге ашыўланып, шертилип жүреди. Бирақ базыда болып туратуғын уйқысызлық дәртине жолыққан адамды қандайда бир дәри жәрдеминде уйқылатыў мүмкин. Бул Жаратқанның берген ҳақыйқый уйқының орнын баса алмайды.

Аллаҳ таала бенделерине өз неъматларын береди екен, бендеси бул неъматлардан ақылға муўапық пайдаланып, жаратқанға шүкир қылыўды қәлейди. Бул «Ибраҳим»  сүресиниң 7-аятында былай тәрийпленеди: “Және Рәббиңиз айтқан (бул сөзлер)ди еслең: «Ант етемен, егер (берген) неъматларыма шүкир қылсаңыз, әлбетте, (оларды және де) зыяда қыламан. Егер шүкирсизлик қылсаңыз, әлбетте азабым жүдә аўыр болады».

Адам түнди бийҳуўда ислер менен өткерип, таң атып, қуяш шыққанда да ғәплет басып жата бермей, Аллаҳ тааланың неъматынан орынлы пайдаланып, ерте жатып, ерте турса, жеңил тартып, қылатуғын ислери де берекетли болады.

“Ерте жатып ерте тур,

Бедениң болсын саламат”-деп XX әсир қарақалпақ әдебиятында белгили из қалдырған С.Мәжитов айтқанындай өз ўақтында уйқылаў, азанда ерте турыў, биймезгил уйқыламаў ден-саўлығымыздың гиреўи.

Ҳәр бир нәрсениң әдеби болғанындай, уйқының да өз әдеби бар. Уйқыламақшы болған адам алды менен Аллаҳ таала буйырған жақсы әмеллерге күш топлаўды нийет етеди. Жатпастан алдын дәрўаза-есиклер бекитилиўи керек. Суў ыдыслары менен азық-аўқатлардың үсти жаўып қойылады. Шырақлар ҳәм жанып турған от (газ)лар өшириледи.

Ҳәдисте: “Қолларында аўқаттың жуғы менен жатып, уйқылаған адамға қандайда бир кеселлик жетсе өзинен көрсин» , делинген. Сондай екен тислерин мәсўек яки тис щеткасы менен тазалап, таҳәрат алынады. Тис инсан ушын бийбаҳа гәўҳар есапланады. Соның ушын тислеримиздиң күтимине айрықша итибар бериўимиз керек. Аўқатланыў нәтийжесинде тислердиң арасына аўқат қалдықлары кирип, майлар жабысып қалады. Тисин жуўмай жататуғын адамлар тис кеселлигине тез-тезден дуўшакер болады. Бул инсан организминдеги басқа ағзалардың да кеселлениўине алып келеди. Тислерин жуўып туратуғын адам болса тис кеселлигиниң алдын алыў менен аўзынан жағымсыз ийисти жоқ етип, әтирапындағылардың ызасын келтирмейди.

Таҳәраттың пазыйлети ҳаққында халифа Усман разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:» Ким таҳәрат алып уйқыға жатса егер таҳәратты өз қағыйдасына муўапық ҳалда алған болса оның барлық гүналары денесинен ҳәм ҳәтте тырнақлары астынан да шығып кетеди» . Бухарий ҳәм Муслим рәўиятлары.

Демек, таҳәрат пенен жатқан адам гүналардан пәкленип, ибадат үстинде жатқан есапланады. Набада бендешилик болып, қайтыс болып қалса, ийман менен ибадат үстинде кеткен болады. Уйқыға жатқан адам наўқас яки қартайған болса, қылатуғын ўәсиятлары ҳәм алыс-бериси жазылған қағаз басының астында болыўы керек. Себеби уйқы пайытында жан тапсырса перзентлери қағазды таўып алып, ўәсиятларды әмелге асырады, қарызлары болса төлеп, қыямат қарызынан азат етеди, алатуғынлары болса алып, өз орнында жумсайды.

Адам уйқыға жатыўдан алдын билип-билмей жол қойған гүналарына пушайман болып: «Аман-есен оянсам, ҳеш кимге жаманлық ҳәм зулым қылмайман», — деп нийет қылады. Жататуғын орнында отырып, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қылғанындай, қолын дуўаға ашып, алдын «Иҳлас» сүресин оқып, қолына дем салады. Соң «Фалақ»  сүресин оқып, қолына дем салады. Кейин «Нас» сүресин оқып қолына дем салады. Кейин еки қолын басынан баслап сыйпалап жүзине, көкирегине ҳәм белине қолы жеткенше сүртеди, соң арқасы, еки билеги ҳәм қолларына ысқылайды. Бул әмел үш рет қылынады, ҳәр сапар жоқарыда тилге алынған сүрелер оқылыўы шәрт. Соң: “Бисмикаллаҳумма аҳйа ўа амуту”, яғный «Я Аллаҳым, Сениң атың менен жасайман ҳәм Сениң атың менен өлемен» , деп оң тәрепи менен қублаға қараған ҳалда жатады, кейин қәлеген тәрепине аўдарылыўы мүмкин. Бирақ, азанда уйқыдан турған адам шеп тәрепи менен жатқан болса, аўдарылып, оң тәрепи менен турады ҳәм мына дуўаны оқыйды: «Әлҳамдү лиллаҳиллази ахяна баъда ма аматана ўа илайҳин нушуўр». Мәниси: “Бизлерди өлтиргенинен кейин тирилткен Аллаҳ таалаға ҳамд болсын. Қайтыў тек Оның алдынадур» . Халық арасындағы “өли менен уйқы тең” деген сөздиң төркини усы болса керек.

Илажы болса бир ханада жалғыз уйқыламаў, жатқанда қублаға яки муқаддес китаплар турған тәрепке аяқ созбаў керек.

Дүстөменине ямаса шалқасына жатыў әдепсизлик саналады. Ҳалимийдиң «Минҳаж»  китабында ҳаяллардың шалқасына жатып уйқылаўы макруҳ делинген. Ибн Синаның жазыўына қарағанда, шалқасына жатып уйқылаў адамда сакта, ләң, сандырақлаў кеселликлериниң келип шығыўына себеп болады екен. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам дүстөменине жатқан адамды көргенинде оны уйқысынан оятып: “Бул жалқаўлардың жатысы. Жүзин жерге қаратып жатырған адамға Аллаҳ тааланың ғәзеби болады» , деген. Оң қаптал менен жатып, оң қол алақанын жүзиниң астына қойып уйқылаў жақсы болады. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам усылай уйқылаған. Медицина қәнигелери де бундай етип уйқылаўда дене ағзаларының ислеўи, зат алмасыўының жақсыланатуғынын дәлиллеген. Ибн Жаўзий «Тиб» китабында: “Жаз күнлери қуяш нуры астында уйқылаў ески кеселликлерди қоздырады. Ай нуры астында уйқылаў инсан реңин сарғайтып, бас аўырыўына себеп болады”, — деп жазған.

Халқымыз ата кәри дийханшылық. Сол себепли базыда далада, атызларда қалып кетиўимизге туўра келеди. Бундай ўақытлары кең далада ямаса атызда уйқылағанда өзин ҳәр түрли зыянлы жәнлик ҳәм ҳайўанлардан қорғаўға ҳәрекет етиў де уйқылаў әдебине киреди. Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Ким үсти жабылмаған ашық орында уйқылап өлсе, өзинен көрсин”, — деген.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Қайлула қылың, себеби шайтан қайлула қылмайды”, — деген.

Масъуд ибн Маҳмуд ибн Юсуф ас-Самарқандийдиң “Салоти Масъудий” фиқҳий шығармасында уйқының төмендегидей түрин көрсетип өткен:

Делбеликке себеп болатуғын уйқы. Намазлыгер ўақтындағы уйқы  Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир ҳәдисинде: “Ким намазлыгерден кейин уйқыласа ҳәм ақылдан азып, жилли болса, басқаны айыпламасын», деген. (Әбиў Яъла рәўияты)

Азап-ақыбетке себеп болыўшы уйқы. Бул қуптан намазын оқымастан уйқылаў.

Әдеттеги уйқы. Түнги уйқы. Яғный қуптан намазынан соңғы уйқы.

Өкинишке себеп болатуғын уйқы. Таңда ҳәм илимий мәжилис болып атырғандағы уйқы.

Ғәплет уйқысы. Таң атып атырғандағы уйқылап жатыў. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қызы Фатимаға разыяллаҳу анҳу: “Таңда уйқылап жатпа, себеби бул ўақытта үш нәрсе: жақсылық, әдеп, берекет бөлистириледи”-деди. Басқа бир ҳәдисте: “Таңда уйқылаў ырысқыны кемейтеди», деп айтылған.

Пақырлыққа себеп болатуғын уйқы. Таң намазынан кейин күн шыққанша уйқылап жатыў. Бул кәмбағаллыққа, дийўанашылыққа, қарыздарлыққа себеп болады.

Зыян уйқы. Адамның ибадаттан соң дуўада, санада, салаўатда, қирәәтде көзи илинип кетиўи.

Рәҳәт уйқы. Бөпелердиң, кесел адамлардың уйқысы. Олар қанша көп уйқыласа пайда ҳәм рәҳәт алады.

Ибадат уйқы. Алымлардың ҳәм ораза болған адамның уйқысы. Кимде-ким қуптан намазынан соң таҳәратлы ҳалда уйқыласа, периштелер қорғаўында болады.

Кәрамат уйқы. Түнде турып намаз оқып атырып, шаршап сәждеде уйқылап қалыў.

Көп уйқыласақ көп дем аламыз деп ойлаў натуўры. Көп уйқылаў ден саўлыққа зыян, адамның жүзин сарғайтып, ҳәлсиз, немқурайды етип қояды. Данышпанлар көп сөйлеў менен көп жеўдиң қатарына көп уйқылаўды да жаман санаған. Күнине бес сааттан сегиз саатқа шекем уйқылаў жеткиликли. Қуяштың шығып ямаса батып атырғанында, қарынның жүдә тойып яки аш болып турғанында уйқылаў да ден саўлыққа зыян. Асқазан ислеп турған ўақытта инсан жақсы уйқылай алмайды ҳәм ҳәлсиз болып оянады.

Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳу былай деген: «Уйқы үш түрли болады: тәбийий, пазыйлетли ҳәм пайдасыз уйқы. Тәбийий уйқы түн ўақтындағысы, пазыйлетлиси қуяш найза бойы көтерилгениндеги уйқы, бул халық тилинде “қус уйқысы” деп те жүритиледи, ал пайдасызы күн батып атырғандағы уйқы есапланады. Песиннен соң азырақ мызғып алыў-қайлула (15-20 минут) талыққан денемиз, ақылымыз ушын  пайда, оларға дем берген боламыз.

Ҳәр биримиз ден-саўлығымыз саламат болсын десеңиз биймезгил уйқыдан сақланыў керек.

Аллаҳ таала түнлеримизди тыныш, уйқыларымызды пайдалы қылсын.

«Кәмил инсан» китабы тийкарында

Идрисов Абдулҳамид таярлады

Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси