MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Сөйлеў ҳәм сөйлесиў әдеби

Жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаўдың әҳмийетли тәреплериниң бири онда сөйлеў әдебин қәлиплестириўден ибарат. Сөйлеў әдеби жәмийеттиң мәдений раўажланыўының, миллеттиң руўхый жетискенлигиниң әҳмийетли белгиси саналады. Мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық реформалар мәмлекет сиясатының баслы бағдары деп жәрияланған бүгинги күнде сөйлеў мәденияты мәселелери ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли саналады. Республикамыздың «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы, «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамы, «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы» ҳәм басқа да ҳүжжетлерде руўхый – ағартыўшылық тәрбия, тил мәселелерине айрықша итибар берилген. Ҳәр қандай адам ең дәслеп өз ана тилиниң ҳақыйқый маманы болыўы керек. Президентимиз И.А.Каримов Өзбекистан Республикасы Олий мәжилисиниң 1997-жыл 29-августтағы IX сессиясында сөйлеген сөзинде «Өз пикирин еркин, ана тилинде шырайлы ҳәм анық баянлай алмайтуғын қәнигени, әсиресе басшы орында отырғанларын бүгин түсиниў де, ақлаў да қыйын!-деп атап өтеди.

Халқымыз сөз өнерин жүдә қәдирлеген, оны меңгериўге, үйрениўге талапланған, сөз шеберлери болған шешенлерин жүдә ардақлаған халық. Ата-бабаларымыз заманында сөз шеберлери даўды шешкен. Сөзди таўып сөйлейтуғын адамлар ҳүрмет, иззетте болған. Бир ғана Жийренше шешен ҳаққындағы әңгимелердиң өзи буған айқын мысал бола алады.

Беруний, Фаробий, Ибн Сина, Абдулла ал Хорезмий, Махмуд Қашғарий, Юсуп Ҳас Ҳажиб, Замахшарий, Ахмед Югнакий, Алишер Наўайы, Әжинияз, Бердақ сыяқлы алымлар дөретиўшилигинде сөйлеў мәдениятына тийисли бийбаҳа пикирлер бар. “Қутадгу билиг” шығармасы менен белгили Юсуп Хас Ҳажип инсанның жақсы өмир кешириўинде жақсы минез-қулық пенен сөздиң әҳмийетин биринши орынға қойып:

   Еки нәрсе қартайтпайды адамды,

   Бири сөзи, бири қулқы, салдамлы, — дейди.

Әбиў Наср Фаробий болса сөйлеўдиң қай дәрежеде жетик, толық болыўын ақыл менен байланыстырады.

Аўа, ақыл менен ойлап айтылған ҳәр қандай сөз өз қунын жойтпайды. Ақыры “Айтылған сөз атылған оқ” дейди дана халқымыз. Дүньяда өлмейтуғын, отқа күймейтуғын нәрсе — ҳасыл сөз. Алтын ҳасыл болғаны менен арбаның арысына қойылады. Гүмисти қаншама мақтағанамыз бенен геўиштиң безеги болып жүр. Өмир өте береди, изде жақсы адамлардың елеси менен, даналық пенен айтылған сөздиң сереси ғана қалады. Жақсыдан сөз, ал жаманнан жез қалады. Жезди тат басады. Ал, ҳасыл сөз деген өмир өткен сайын және де қулпырып, жулдыздай жана береди.

Ҳақыйқатында да, ҳасыл, гәўҳар сөз инсан ушын жүдә пайдалы. Сөз жәрдеминде мусылман адам жәмийетлик өмирде кәмалатқа ериседи. Сөз инсаниятты гөззаллыққа ашық етеди ҳәм азап-ақыбетлерден қутқарады. Сөз инсанды дүньялық ҳәм илаҳий жетискенлик шыңларына алып шығады. Аллаҳ таала тәрепинен инсаниятқа берилген уллы неъматлардан бири – бул сөйлеў қәбилийети болып есапланады. Аллаҳ таала тәрепинен инсаниятқа инам етилген бул неъматты ақылға уғрас пайдаланылса, инсан уллы дәрежелерге жетиседи. Егер дурыс пайдаланбаған жағдайда еки дүньясында да зыян көреди.

Аллаҳ таала Қоф сүресиниң 17-18 — аятларында былай деп мәрҳәмат қылады: «Солай екен, (адамның) оң ҳәм шеп (тәреплерин)де отырған еки (периште олардың әмеллерин) қабыл қылып турады (жазып турады). Бир сөз айтылса, әлбетте (сол периштелер) оның алдында таяр турыўшы ҳәм гүзетиўшидур». Бул аяты Кәриймадан көринип турғанындай, тилимизден шыққан ҳәр бир сөзди периштелер жазып барады екен. Демек, мөмин-мусылман ақыретте тили себепли азапланыўынан, бийҳуўда өтирик сөзлер себепли әмеллери пушқа шығып қалыўынан қорқыўы тийис. Жәннетке, дозаққа да елтиўши тилимиз.

Мөмин адам тилине ерк бермей, тилин тыйып жүргенди мақул көреди. Пайғамбарымыз салаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Мөминниң тили қәлбинде. Егер қандай да бир нәрсени айтыўды қәлесе, қәлбинде ойлайды, соң тилине шығарады. Еки жүзлиниң тили қәлбинен тысқарыда, қыялына келген нәрсени тилине шығарады, қәлби менен ойламайды»  (Хароитий рәўияты).

Аллаҳ таала Қураны Кәриймниң Ҳужурот сүреси 13-аятында «Ҳәй адамлар, Биз сизлерди бир еркек ҳәм бир ҳаялдан жараттық, бир-бирлериңизди таныўларыңыз ушын тийрелер ҳәм қәўимлер етип қойдық». Ҳақыйқатында да, дүнья халықлары ҳәр қыйлы тиллерде сөйлесип, бир-бири менен қарым-қатнас қылады ҳәм тил жәрдеминде өз ара жәмийетлик қатнасықларды орнатады. Инсан өз сезимлерин, ой-пикирлерин, тәсирлерин сөз арқалы аңлатады. Сөйлеў қуралы болған тил арқалы инсанлар бир-бири менен қарым-қатнас жасайды.

Сөйлеў мәденияты тарийхында XI әсирде жасап өткен уллы алым Кайкаўыс «Қабуснама» шығармасында дурыс сөйлеў ҳаққында былай жазады: «Адам шебер сөзли ҳәм шешен болыўы лазым. Әй балам, сен шешен болғыл, бирақ жалған сөйлеме. Суўық сөз сөйлеме, суўық сөз бир туқым, оннан душпанлық өнип шығады. Көп бил де, аз сөйле, аз билсең көп сөйлеме, себеби ақылсыз киси көп сөйлейди».

Ҳәр қандай сөздиң өз орны, әҳмийети, салмағы болғанлықтан сөйлеў әдебине үлкен итибар бериўимиз керек. Себеби, инсан бир сөз бенен мөмин болып, бир сөз бенен ийманнан шығады. Буны ҳәммемиз билемиз. Некеден өтиўде келин-күйеў бир аўыз сөз бенен ерли-зайыплыға айланады. Сондай-ақ, бир ғана «талақ» сөзи менен бир неше жыл бирге жасаған ерли-зайыплы ажырасып, пүткиллей жатласып кетиўи де мүмкин. Демек, сөзге итибарлы болыў, оның қунын туўры аңлаў, айтып атырған ҳәр бир сөзге терең итибар бериў мусылманның миннети есапланады.

Уламаларымыз бул тараўға тийисли зәрүр көрсетпелерди Қураны Кәрийм аятлары ҳәм Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳәдислери тийкарында усынған. Олар алдын сөздиң жақсы ҳәм жаман болатуғынын айтып, соң жақсысын алыўды, жаманын тәрк етиўди үйреткен.

Уламаларымыз «Тил апатлары» деп сөзден келип шығатуғын жаманлықларды айтқан. Себеби, жаман сөзди қолланыў бизди түрли апатшылықларға баслары сөзсиз. 

Абдуллаҳ Сақофий айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан: “Мен ушын неден көбирек қәўипленесиз?», — деп сорасам, тилин көрсетип: «Мине мынадан», — деди».

Бул ҳаққында Бердақ бабамыздың дөретпелеринен айтсақ:

Тисгенем сеннен ыразыман,

Аўзымның қаласысаң,

Тилгенем сеннен наразыман,

Бир басымның бәлесисең.

Ата-анаңды қәдирле,

Өлгениңше жақсы сөйле,

Жақсы сөзге қулақты түр,

Жаман сөзден қашқыл балам,

Ерме ҳасла шуғыл сөзге,

Ғыйбат сөзден қашқыл балам.

Жақсы адам сөз мәнисин аңлайды

Жаман адам пасық сөзди тыңлайды.

Махмуд аз-Замахшарийдиң шығармаларына нәзер аўдарсақ: «Нәзик ибаралар» да сөйлеў мәдениятына арналған  төмендеги пикирлери бар: өз досларыңды ең жақсы хоширей сөзлер менен яд ет, мейли олар сеннен узақта, басқа қалаларда жасаса да. Өз достыңның сөзин дыққат пенен тыңла, оны тыңлаўға ықласың болмаса да оның ҳүрметин орнына қой. Егер тилиңди артық сөзден тыя алмасаң, өз дизгиниңди шайтанға тапсырған боласаң.

Себеби тил кескир қылыш, сөз қайтарып болмайтуғын оқ делинеди “Әдеплилик бостаны” китабында. Ҳақыйқатында да, тилден шыққан жаман сөзлер өз ийесине де, өзгелерге де апат келтиретуғыны анық. Динимиз адамларды барлық апатлардан, соның ишинде, тил апатларынан сақланыў илажларын көреди. Олардан мысалы: биймәни, пайдасыз сөзлерди айтыў, турпайы, гүна ислерди айтыў, көп сөйлеў ҳәм адамларға жағыныў ушын жағымпазлық қылыў, бузық, сөгис, әдепсиз ҳәм соған уқсаған сөзлерди айтыў, өзгелерди масқаралаў, сырды әшкара етиў, жалған сөйлеў, ғыйбат ҳәм тағы басқа усындай сөзлер тил апатлары болып есапланады.

Жабир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Қашан адам бир гәпти айтып болып, әтирапқа алаңласа сол гәп аманат болар”. Ҳәдисте қайсы бир адам бир гәп айтса кейин әтирапқа қарап қойса – буны басқа биреў еситип қалмады ма? — деген мәнини билдиреди. Еки адам сәўбетлесип атырғанда, тыңлаўшы сөйлеп атырған адамның бетине қарап, оның гәплерин дыққат ҳәм итибар менен тыңлаўы, зәрүрлик туўылмаса, оның сөзин бөлмеўи де сөйлесиў әдеплеринен есапланады. Ким усы жағдайдағы гәпти басқа биреўге айтса аманатқа қыянет етип шуғыллық еткен болады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам “Биреўдиң сырларын әшкар етиўши шуғыл адамлар жәннетке кирмейди” — деген. Шуғыллық етиў жүдә жаман ис, бунда бир адамды басқасына жаман көрсетиў менен шегараланбайды, бәлки, бир адамға екинши адам ҳаққында жаман хабар келгенде, сол екинши адам да биринши адамды жаманлайды. Нәтийжеде еки адам арасында душпаншылық, ғәзеп, жаман көриўшилик өнип шығады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан: “Араны бузыўдан сақланыңлар, әлбетте ол қырыўшы. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан: Бөлеклеў не екенин сизлерге айтып берейин бе?, Адамлардың арасына “деди”, “деди”, — деп шуғыллық қылыў. Бунда еки тәрепке бир гәпти еки түрли етип гәп айтып, өтирикти ҳәм еки жүзлемешиликти жүзеге келтиреди. Расуллаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан: “Ким бул дүньяда еки жүзли болса қыямат күни оның жалыннан болған еки тили болады”.

Асма бинти Язийдтен рәўият қыланады: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:

Сизлердиң ең жаманларыңызды айтып берейин бе?

— Адамлар: Аўа деди.

Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:

 — Шуғыллық ететуғынлар, досларының арасын бузатуғынлар, бийгүна адамларға аўырлық келтиретуғынлар”, —деди.

Шуғыл сөз айтып, шуғыллық етиў шәриятымызда қадаған етилген екен, ҳәр бир мусылман адам буннан аўлақ болыўы керек.

Аллаҳ таала Ҳужурот сүреси 12-аятында айтады: “Бир-бирлериңизди ғыйбат қылмаңлар. Сизлерден бириңиз өзиниң өлген ағайининиң гөшин жеўди жақсы көреме?” Қураны Кәриймде ғыйбат етиў өзиниң өлген ағайининиң гөшин жеўге теңлестириледи. Ҳеш бир инсан адамның гөшин жеўге батына алмайды. Енди бул жерде өлген ағайининиң гөшин жеўден жаманырақ ис болмаса керек. Демек, ғыйбат етиў өлген адамның гөшин жеў менен бара-бар екен.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ғыйбат ҳаққында мынадай деген: “Ағайиниң ҳаққында ол жақтырмайтуғын нәрсесин айтыў. Сонда бир адам ағайинде мен айтқан нәрсе болса не дегенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деп жуўап берди: Егер онда сен айтқан нәрсе болса оны ғыйбат еткен боласаң. Егер сен айтқан нәрсе болмаса оған дөҳмет қылған боласаң”.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Бир мусылманның абырайына тил тийгизиў үлкен гүналардан да үлкенирек. “Ким бир адамды ғыйбат етиў арқасында бир нәрсе жесе Аллаҳ таала оған жәҳәннемде сондай аўқатландырады, ким ғыйбат етиў арқасында бир нәрсе кийсе Аллаҳ таала оған жәҳәннемнен тап сондай нәрсени кийдиреди, ким бир адамды өзиниң жеке абырайы ямаса хожакөрсин ушын ғыйбат етсе Аллаҳ таала қыямат күни солар ушын шерменде қылады”.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳәй тили менен ийман келтирип, кеўилинде ийман келтирмегенлер, мусылманларды ғыйбат қылмаң ҳәм олардың кемшиликлерин излемең. Ким олардың кемшилигин излесе, Аллаҳ таала сол адамның кемшилигин излейди. Аллаҳ таала кимниң кемшилигин излесе, оны