MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ОРАЗА ТУТАТУҒЫН АДАМ НЕЛЕРДИ БИЛИЎИ КЕРЕК?

Рамазан айы да қол былғап шақырып тур! Ал сиз быйыл биринши рет ораза тутпақшысыз. Санаңызды әлўан түрли сораўлар бийлеп, қолайсыз болып жүрген шығарсыз. Соның менен бул тығырықтан қалай шығыўға болады? Ораза тутаман деп нийет еткенлерге мынадай кеңести усынбақшымыз.

Нийет.
 Рамазан оразасы базылардың айтатуғынындай, үш күн басында, үш күн ортасында ҳәм үш күн ақырында емес. Ораза – отыз күн (гейде айдың ерте туўылыўына байланыслы 29 күн болыўы мүмкин). Сонлықтан да, ең алды менен, отыз күн оразаны Аллаҳ разылығы ушын, үзбей тутыўға шын кеўилден нийетиңизди беккемлеп, нықлап алың.
«Әмеллер нийетке байланыслы», – дейди Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам.

Керекли мағлыўмат.
Екиншиден, оразаның негизги шәртлери менен бирге, оразаны бузатуғын ҳәм бузбайтуғын жағдайларды билип алғаныңыз дурыс. Ҳәзирги күнде Аллаҳ таалаға шүкир, ана тилимизде жарық көрген мағлыўматлар баршылық. Оннан қала берди, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының сайтларына тиккелей сораў жоллап, билмей турған нәрсеңиздиң жуўабын алыў мүмкиншилиги бар. Керекли мағлыўматларға ийе адамның оразасы уўайымсыз ҳәм жеңил өтеди. Уўайымсыз деўимиздиң себеби, әпиўайы қылған бир ҳәрекет оразаны бузды ма, жоқ па деп, анық билмегенликтен орынсыз уўайымға берилип жүретуғынлар да бар. Ал жеңил деўимиздиң мәниси: әдетте оразаны бузбайтуғын, оразаға зияны жоқ нәрселерден ҳәдден тыс сақланып, қолайсыз жағдайларға тап болыўы мүмкин. Мысалы, аўыздағы силекей менен түкирик оразаны бузады деп жүрген адам, күни бойы түкириў менен болады. Нәтийжеде диңкеси қурып қалады.

Сәҳәрликке турыў.
 Илажы болса, сәҳәрликти өткизип жибермең. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сәҳәрликте берекет бар», – деген. Сәҳәрликте иштейиңиз тартпай турса, дым болмағанда суў ишкен жақсы. Усылайынша, өзиңиздиң денеңизди керекли суйықлық пенен тәмийнлеген боласыз. Оның үстине, сәҳәрлик – адамға руўхый демеў болады.

Аўыз ашыў.
 Аўыз ашыў тәртибине көпшилигимиз итибар бермейтуғынымыз рас. Күн бойы аш жүрген адамның аўыз ашыў тәртибине итибар бериўи де қыйын шығар. Деген менен билип жүргенимиз артықмашылық етпейди. Медицина маманларының айтыўынша, майлы ҳәм майға қуўырылған аўқатларды ҳәм қурамында қанты көп мазалы затларды азайтыў керек. Сондай-ақ сәҳәрликте артық аўқат жеўден, ҳәдден тыс суйықлық ишиўден сақланыў лазым. Ондай етпеген жағдайда, ағзадағы минераллы дузлар тез шығып, денениң тез ҳәлсиреўине алып келеди екен.

Аўыз ашыў ўақты келгенде бирден аўқатқа отырып баслап жибермеген мақул. Алды менен қол қаўсырып тилегиңизди тилеп, суў менен ямаса қурма менен аўыз ашып, оннан соң намазшамға турың. Оқып боламан дегениңизше, асқазаныңызға қуўат барып, ары қарай аўқат қабыллаўға тайын болады. Аўыз ашқаннан соң, уйқыға жатарға дейинги аралықта көбирек суў ишкен жақсы.

Гүна ислерден аўлақ жүриў.
 Аўыз жаўған адам түрли гүна ислерден өзин тыйыўы тийис. Ғыйбат, өсек-жалған, бақырыс ҳ. т.б. мәниссиз әдетлерден узақ болыўы шәрт. Оразаны бузатуғын жағдайлардан, ораза ҳалында мәкруҳ саналған ис-ҳәрекетлерден аўлақ тутыў лазым.

Рамазан айын үнемли пайдаланған жақсы.
 Намаз сабақларын баслай алмай жүргенлер болса, ең биринши ядлап оқып баслағанлары мақул. Оннан қала берсе, бос ўақытларымызда Қуран оқып үйрениўге, жаңа сүре-аятлар ядлаўға, диний бир әдебият (мысалы, Пайғамбарымыздың өмир баяны ҳаққында) оқып шығыўға тырысқанымыз абзал.

Аллаҳ таала бәршемиздиң тутқан оразаларымызды билип-билместен қылған қәте-кемшилиги менен қабыл етип, ол дүньяда «Райян» есигинен кириўди несип етсин. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ҳақыйқатында да бейиштиң «Райян» деген есиги бар. Қиямет күни оннан ораза тутыўшылар ғана киреди, деп баян еткен. Аллаҳ  таала бәршемизди ораза айы болған мүбәрек Рамазан айына жеткерип, бул айда Журтымызға, шаңарақларымызға қут-берекетлерин жаўдырсын.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Баҳадыр Абдираманов