Мотуридия жѳнелисиниң тийкаршысы, бул Әбиў Мансур Мотуридий. Бул жѳнелистиң тийкарғы қағыйдаларын дүзип, тәртипке салған емес. Мотуридийге шекем «Әҳли сүннә ўәл-жәмәә» ақийдасы белгили бир дәрежеде жүзеге келген еди.
Имам Матуридийдиң Ислам әлеминде ҳәм де илм әҳли арасында мәртебеси жүдә жоқары болған. Ол кисиге мусылман уламалары тәрепинен бир қанша атақлар берилген. Солардан бири: «Аламул ҳудә» яғный «ҳидаят байрағы» деген үлкен ат берилген. Себеби Әбиў Мансур Мотуридий раҳматуллаҳи алайҳи мусылманлардың ҳидаятта даўамлы турыўында, түрли адастырыўшылардан сақлаўдағы үлкен хызметлери, ҳидаят байрағын бәлент кѳтерип, Ислам үмметин туўры жолға баслағанлары ушын сондай уллы атаққа ийе болған. Және сондай бир үлкен мәртебелеринен «Имамул ҳудә» — «ҳидаят имамы». Әбиў Мансур Мотуридий бул атақты алыўда ҳидаят жолын тутыўда бириншилерден болғанлығы, Әҳли сүннә ўәл-жәмәәға исенетуғын мусылманлардың жолы туўры екенлигин баян қылып бергени ҳәм де оларды артынан ерте алғаны ушын усындай уллы атаққа ийе болды.
«Мусоҳҳыҳи ақоиди әҳлус-сунна» — «Әҳли сүннә ақыйдаларын туўырлаўшы» — деген атаққа да ерискен. Имам Мотуридий жасаған дәўирде түрли фирқа ҳәм ағымлар ѳзлериниң бузғыншы идеялары менен Әҳли сүннә ўәл-жәмәә исенимин қаралап шыққан бир ўақытта, Әҳли сүннаның қорғаўы ушын тырысып, ақыйда мәселелерин туўры баян қылып бергени ушын усы атаққа ийе болды. Ҳижрий үшинши әсирдиң ақыры тѳртинши әсирдиң басларында түрли пикирлер, идеялар, исеним ҳәм қараслар кең тарқалған дәўир еди. Бул дәўирде ҳәмме ѳзиниң кѳз қарасларын сиңдириўге ҳәрекет еткен бир ўақытта, имам Мотуридий Әҳли сүннә имамы сыпатында әне сондай пикирлер ҳәм қарасларға қарсы гүрес алып барды. Бул дәўирде бундай қараслардың кѳбейиўине бир қанша себеплер бар. Булардан: Ислам жерлериниң кеңейиўи, түрли дин ўәкиллериниң Исламға кириўи, жақын ҳәм узақ еллердеги инсанлардиң мусылман болыўы, динбузарлар ҳәм де диннен ѳз мақсетлеринде пайдаланатуғын инсанлардың кѳбейгенлиги себеп болды. «Имамул мутакаллимин» — «Калом әҳлиниң имамы» деген атаққа болса, сол ўақытлары ақыйда илми «калом» деген ат пенен танылғанлығы ушун «Калом әҳлиниң имамы» деген атаққа ерискен. Калом илими ақыйда илиминиң ең белгили атларынан бири болып, ҳижрий II әсирде усы ат пенен аталған. Бул ат пенен аталыўына себеп Аллаҳ тааланың Каломы ҳаққында мәселе болғаны, ҳәм де бул мәселе исеним мәселелериниң ең белгилиси болғаны ушын сол дәўирде әне усы ат пенен аталған. «Раийси әҳли сүннә» — «Әҳли сүннаның райысы» яғный ең кѳрнекли ўәкиллеринен бири дегени. Мусылман үмметиниң тийкарғы бѳлеги Қурани Кәрийм ҳәм де Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳий ўәсалламның сүннетлери тийкарындағы исенимге тийкарланып Әҳли сүннә деб аталыўы ҳәммемизге белгили. Түрли ағымлар шығып, ѳзлерин ҳәр қыйлы ат пенен атады. Ал, имам Мотуридий Әҳли сүннаның ең кѳрнекли ўәкили болғаны ушун да усындай атаққа ийе болған.
Нѳкис «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы, Мухамматдинов Ағзамматдин.